Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Макроэкономикалық анализдиң турмыслық әҳмийети,басқарыў карарларын қабыллаўда экономикалық анализ нәтийжелериниң орны


Download 2.93 Mb.
bet20/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

3.3 Макроэкономикалық анализдиң турмыслық әҳмийети,басқарыў карарларын қабыллаўда экономикалық анализ нәтийжелериниң орны
Макроэкономикалық анализ мәмлекеттиң экономикалық сиясатының тийкарына айланбақта.Экономикалық сиясат–мәмлекет ҳәм жәмийет институтларының макроэкономикалық турақлылық ҳәм экономикалық өсимге ерисиў мақстинде экономикалық процесслерге дүзетиўлер киргизиўге бағдарланған ҳәрекетлер системасы. Соныда атап өтиў орынлы,макроэкономика сыяқлы,макроанализ де позитив ҳәм нормативлик бөлимлерге ийе. Позитив бөлим«Не болып атыр?»дегенсораўға жуўап береди ҳәм прогноз ислеў ушын тийкар болып хызмет етеди(бунда анықфактлер, салыстырмалар ҳәм цифрлардан пайдаланылады). Норматив бөлим болсаҚандай болыўы керек?»дегенсораўға жуўап береди ҳәм экономикалық сиясат қураллары арқалы жағдайды туўрылаўға жәрдем береди57.
Усы еки бөлимниң уйғынласыўы сиясый системаның қандай екенлигине қарамастан ҳәр қандай мәмлекеттиң экономикалық жағдайын, макроэкономикалық анализ ислеўде жүзеге шығады.
Мәмлекетлердиң экономикалық сиясатындағы парықлар биринши гезектепозитивҳәмнормативбөлимлердиң үлеси мененбелгиленеди. Мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўда норматив ҳәрекетлер анық көзге тасланады, либералларда болсабилимди жоқарылатыўға (позитив) бағдарлаў үстемлик етеди, олар қобирек базардың күшине исенип, базардың еркинлигин нәзерде тутады, мәмлекет тәрепинен тәсир етиўдиң тиккелей, дүзетиў киргизиўши қуралларынан пайдаланыўды мақул көреди:Бириншиден, экономикалық жағдайдымониторинг ислеў;
Екиншиден, экономикадағы себеп - ақыбет механизмлерин анализ ислеў;
Үшиншиден, финанслық ағымларды енгизиў тийкарында экономикалықсекторлар ортасындағы өз-ара байланысты үйрениў;
Төртиншиден, экономикалық сиясатты енгизиў ҳәм таза экономикалық стратегиявариантларын ислеп шығыў(макроэкономикалық дүзетиўлерди киргизиўши бағдарламаларды таярлаў);
Экономиканымодернизациялаў ҳәмдиверсификациялаў жағдайындабирқатаринституционаллық қурамалық өзгерислерди, атап айтқанда,макроэкономикалық мүмкиншиликлерден ақылға муўапық пайдаланыў, пул-кредитсиясаты,бюджет-салық сиясаты ҳәм де төлембалансын,реалэкономикалықсектор ҳәм макроэкономикалық процесслерди прогноз ислеў ҳәм басәаларға болған талабын тереңирек уйрениў,экономикалық тежемлиликти күшейтиў мәселелерин массалық шешиў тийис. Мақсетке ерисиў ушын дәслеп, ҳәр бир сектор ҳәм бөлимниң ҳәрекетин ҳәр тәреплеме, терең анализ ислеўге тийкарланып,ишки имканиятлардан көбирек өнимли пайдаланыўға, аз ғәрежет жумсап, жоқары нәтийжелерге ерисиўге, алдыңғы тәжирийбелерди енгизиўге, алдыңғылардың басламаларын ғалабаластырыўға айрықша дыққат қаратыў,сапа көрсеткишлерин бәрҳама жақсылап барыў керек3.
Бундаймакроэкономикалық процесслердиң ҳәрекет етиў жағдайларын есапқа алып, экономикалық нызамлардың барлық талапларының толық орынланыўы үстинен кадағалаўды, сондай-ақ, пайдаланылмай атырған имканиятлардыизлеп таўып, олардан пайдаланыўды талап етеди.
Бундамакроэкономикалық анализдиң әҳмийети көринеди.
Республикамизда бәсекеге шыдамлы экономиканы қәлиплестириў процессинде кәрханалардың буннан былайда раўажланыўы тиккелей оларды басқарыў системасына байланыслы.Экономикада кәрханалардың ҳәрекетин нәтийжели баскарыў ушын олардың ҳәрекетин үзликсиз үйренип, анализ ислеп турыў күни тәртибиндеги тийкарғы мәселелердиңбиринен есапланады.Соның ушын да барлық басқарыў буўынларында,макроэкономикалық анализ үлкен әҳмийетке ийе. Себеби макроэкономикалық анализде аxборотлар ҳәмде мағлыўматлар үйренилип,қайтаисленип жамийет ҳәм де айрықша алынған кәрханалардың ҳәрекетин жолға салып турады.
Илим-теxника жаңалықлары тийкарында өндиристи тазатеxникаҳәмде теxнология менен тәмийинлеў, модернизацияланған өндирислик мүмкиншиликлерден жедел пайдаланыў,басқарыў системасын,xожалықмеxанизмин заманагөй усыллар ҳәм де тазаинновациялық идеялар менен жетилистириў арқалы экономиканы раўажландырыў ҳәм де усы тийкарда халкымыздың абаданлығын буннан былайда жақсылаў ҳәзирги ўақытта алдымызда турған актуаль ўазыйпа болып есапланады. Бундай ўазыйпаларды табыслы орынлыў ушын санаат кәрханаларының ҳәрекетин ҳәр тәреплеме ҳәм де турақлы түрдемакроэкономикалық анализ ислеў зәрүр.
Макроэкономикалық анализсанааткәрханаларын басарыў системасында аралық басқышты ийелейди. Усы жерде басқарыў процессиндеги тийкарғы үш басқышты айрықша көрсетип өтиў мақсетке муўапық болады:

  1. Аxборотларды(мағлыўматларды)топлаў ҳам таярлаў.

  2. Объектти макроэкономикалық анализлеў ҳәм оның

нәтийжелери тийкарында усыныслар бериў.

  1. Басқарыў қарарларын қабыллаў.

Қабыл етилген қарарлардың нәтийжелиги ҳәм сапасы, анализдиң өз ўақтына ҳәм де тезлик пенен өткерилиўине байланслы. Бул жерде тийкарғы ўазыйпа усы үш басқышты бир-бири менен тығыз түрде уйғынластырыўдан ибарат. Кәрхананың хожалық ҳәрекетин басқарыў ҳәм оның устинен кадағалаў орнатыў ушын басшылар керекли мағлыўматлар менен тәмийинлениўи тийис. Буның ушын кәрхананың хожалық ҳәрекети үзиксиз түрде бақланып барылады. Бақлаў жолы менен алынған мағлыўматлар муғдарлық көрсеткишлерде белгиленип, қәлеген ўақытта пайдаланыў ушын олар өзине тән арнаўлы тәртипте, есап системасының усыллары ҳәм формалары бойынша дизимге алынады.Бундай жағдай хожалық есабы системасының тийкарғы мазмунын қурайды.
Ҳәзирги ўақытта кәрхананың экономикасын басқарыў бираз курамалы мәселе. Себеби басқарылыўшы объекттиң формасы ҳәм мазмуны ҳәм де басқарыў мақети бойынша ҳәр қыйлы болады. Бирақ барлық жағдайларда да тежемлилик принципине бағыныў тийкарғы мақсетлердиң биринен есапланады.
Xожалық есап системасында, тежемлилик тийкарында мийнет қуралларынан нәтийжели пайдаланыў, кәрханадағы шийки-зат ҳәм материаллардан илимий тийкарда пайдаланыў ҳәм де мийнет ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыўды талап етеди. Бул процессте макроэкономикалық анализдиң объектив ҳам нәтийжели болыўы көпшилик жағдайда анализ жумысларын туўры шөлкемлестириўге ҳәм де илимий тийкарда жобаластырыўға байланыслы.
Миллийэкономикамыздың структурасын өзгертиў процесслери кәрханалардың сыртқы экономикалық байланысларының нәтийжелигин жокарылатыўға ҳәм ең әҳмийетлиси олардың өнимлериниң сапасына унамлы тәсир көрсетилиўине кең жол ашпақта.
Себеби, кәрханалардың ғәрезсиз түрде сыртқы базарға шығыўы ҳәм олардың шет ел кәрханалары менен шерикликте ҳәрекет етиўи өз гезегиндебул тараўда дамакроэкономикалық анализдиң өзине тән арнаўлы усылларын ислеп шығыў ҳәм оларды жетилистириўди талап етеди.
Республикамизда иске асырылып асырылып атырған экономикалық реформалардың нәтийжесинде базар қатнасықлары заман талабы тийкарында раўажландырылып барған сайын жетистирилмекте.Бул процессте кәрханалар:

  • Өзлери өндиристи модернизациялаў.

  • Теxникалық жақтан диверсификациялаў.

  • Инновациялық теxнологияларды кең енгизиў.

  • Өндирисликресурслардан үнемли пайдаланыў.

  • Басшы хызметкерлер ҳәм қәнийгелердиң маманлығын жоқарылатыў.

  • Ишки ҳәм сыртқы базарда өз орнына ийе болыў сыяқлы баслы ўазыйпаларды иске асырыўы тийис.

Усы атап өтилген актуаль ўазайпалардың орынланыўында макроэкономикалық анализ де басқа пәнлер сыяқлы өзиниң әҳмийетине ийе.Бул болса өз гезегиндемакроэкономикалық анализдиң усылларын заман талабы тийкарында жетилистириўди талап етеди.

Таяныш сөзлер


Макроэкономикалық процесслер ҳәм оларды характерлеўши көрсеткишлер экономикалық анализдиңобъекти екенлиги.Анализдиң әҳмийети ҳәм басқарыўдағы орны.Экономикалық анализдиң өзине тән өзгешеликлери.Экономикалық анализди иске асырыў методологиясы. Анализдиң методологиясын қәлиплестириўдеги системалы қатнас. Макро көрсеткишлер анализдиң жоқары дәрежедеги қурамалы объекти, олардың муғдарлық жақтан қәлиплесиўи.Экономикалық анализдиң усыллары ҳәм оларды әмелиятта пайдаланыўдың тийкарғы принциплери, анализ объектиниң өзгешеликлери бойынша оларды таңлаў методологиясы.Макроэкономикалық анализдиң турмыслық әҳмийети,басқарыў карарларын кабыллаўда экономикалық анализ нәтийжелериниң орны ҳәм әҳмийети.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling