Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Миллийесап системасының тийкарғы агрегатлары


Download 2.93 Mb.
bet28/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Миллийесап системасының тийкарғы агрегатлары


Материаллық өндирис, таза өним (МӨТӨ) орайлық жобадағы шығын-өним кестесинен келип шыққан. МӨТӨ ҳәм УИӨ ортасындағы парық соннан ибарат, МӨТӨ қурамына амартизация ҳәм материаллық емес хызмет секторындағы қунның белгили бир бөлеги кирмейди. МӨТӨ ниң қурамына материаллық өндиристеги өнимниң бөлистирилиўи менен байланыслы барлық хызметлер киреди, мәселен, транспортировка, сақлаў ҳәм маркетинг. Бундай хызметлер материаллық өндирис процессиниң ―даўамы болып есапланған. Буннан тысқары МӨТӨ ниң қурамына өндирис процесси қосымша ресурслардың қурамына кирмесе де МӨТӨ нен шығарып тасланбаған. Соның менен бир ўақытта бурынлары орайластырылған жобаластырыўдың қолланғанлығы ҳәр қыйлы мәмлекетлерде материаллық емес хызметлердиң кайсыларының кириўи әмелиятта ҳәр қыйлы көрип шығылған14.
Кәрханадағы қосымша қун, өндиристиң көлеми менен аралық тутыныў парқына тең. УИӨ ди барлық өндирис бирликлериниң қосылған қун суммасы сыяқлы алыў мүмкин. УИӨ ди және бир базар баҳаларында (факторларда) өлшеў мүмкин. Кейинги усыл дәраматларды өлшеў менен байланыслы. Ол улыўма қосылған қуннан салықлардан, өндирис субсидиясы алып тасланғанға тең болған ийелигиндеги нәтийжени береди.
УИӨ (факторлардың қуны бойынша) = барлық факторлар дәраматлардың суммасы (дәрамат салығын төлегенге шекемги)=W+OS (1)
УИӨ (базар баҳалары бойынша) = УИӨ (факторлардың баҳалары бойынша) ITS
W=OS+ITS (2)
Бул жерде: W – жумысшыларға ис ҳақы ҳәм басқа да төлемлерди жәмлеўши көрсеткиш;
OS – өндирис бирликлери ҳәрекеттеги операциялардан алынған таза пайда;
ITS – субсидиялар алып тасланған тиккелей салықлар;
Мәмлекет экономикасының жағдайын ҳәм раўажланыўының экономикасын ҳәм де оның ең әҳмийетли секторлары ҳәм тараўларын характерлеўши көрсеткишлердиң дәрежесинен пайдаланған түрде баҳалаў ҳәм анализ ислеў мүмкин. Бул биринши гезекте, МЕС ның макро экономикалық көрсеткишлери – УИӨ, УМД, МД, ТУМД, сондай-ақ, улыўмаластырыўшы характерге ийе болған, тийкарғы экономикалық көрсеткишлер деп аталыўшы басқа да әҳмийетли индикаторлардир75.
Бундай көрсеткишлердиң қатарына төмендегилер киреди.
Биришиден, мәмлекеттеги УИӨ ниң ҳәрекеттеги баҳалар бойынша миллий валютадағы көлемлери ҳәм муғдарының индекслери.
Екиншиден, тийкарғы шығынлар бойынша УИӨ ниң қурамы., Үшиншиден, УИӨ ниң белгиленген жыл баҳасындағы муғдарларының индекслери., Төртиншиден, реал УИӨ ниң муғдары ҳәм динамикасы., Бесиншиден, экономиканың тийкарғы тармақлары ҳәм секторларының агрегатқа тийисли жетекши көрсеткишлери, атап айтқанда санаат өндириси ямаса қайта исленген санаат өнимлерин сатыўшылардың көлемлериниң индекслери. Алтыншыдан, жумыссызлық дәрежесиниң стандарт көрсеткишлери. Жетиншиден, процентли қысқа мүддетли, орта мүддетли ҳәм узақ мүддетли банк кредитлери. Сегизиншиден, айланыстағы пул массасын характерлеўши пул агрегатлары (М1, М2, М3) ҳам олардың динамикасы. Тоғызыншыдан, қурылыс көлемлери. Оныншыдан, ишки саўда. Он бириншиден, ис ҳақы ҳәм дәраматлар. Он екиншиден, миллий валюта курсы. Он үшиншиден, сыртқы саўда ҳәм төлем балансы.
Бундай көрсеткишлер реал секторды анализ ислеўдиң предмети болып есапланады.
Жоқарыда санап өтилген көрсеткишлер мәмлекет экономикасының жағдайын туўры ҳәм анық баҳалаў, оның раўажланыўын тийкарланған түрде прогноз ислеў имканын береди. Буннан былайда тереңирек ҳәм избе-из анализ ислеў экономиканың тийкарғы секторларындағы жағдайды үйрениўди талап етеди. Тийкарғы ўазыйпа финанслық ҳәм пул – кредит тараўын анализ ислеўден тбарат, бирақ тийкарғы экономикалық көрсеткишлер бирден-бир системаның қолланыўы мағлыўматлардың салыстырылыўын, ўақыт бойынша ҳәм ҳәр қыйлы мәмлекетлер бойынша салыстырмалы баҳалаў имканиятын тәмийинлеген түрде буны бирдей формада иске асырыў мүмкиншлигин береди.
Мәмлекеттиң экономикалық жағдайын толығырақ анализ ислеў қосымша көрсеткишлерден пайдаланыўды ҳәм анализлик есап-санақларды иске асырыўды талап етеди. Миллий экономиканың жағдайын ҳәм раўажланыўын МЕС макроэкономикалық көрсеткишлер жәрдеминде анализ ислеў, биринши гезекте, олардың усыныс етилген дәўирдеги динамикасын үйрениў ҳәм баҳалаўды нәзерде тутады. Бундай жағдай экономикалық өсим, сондай-ақ УИӨ бойынша да, оның тийкарғы бөлимлери бойынша да, стагнация ямаса экономикалық пәсейиў ҳаққында пикир билдириўге тийкар болады.
Миллий экономиканың раўажланыў процессинде ҳәр қыйлы макроэкономикалық көрсеткишлер ортасында белгили пропорциялар ямаса теңлик тәмийинлениўи тийис. Пропорция атамасы тек ғана теңликти емес, ал, бир пүтинлик бойынша оның бөлеклериниң қатнасын, ямаса усы бөлеклер ортасындағы қатнасыты билдиреди. Буған УМИД (улыўма миллий ийелигиндеги дәрамат) тың Ақырғы тутыныў ҳәм миллий топланыўға бөлиниўин мысал етип келтириў мүмкин.
Соның менен бирге экономикада тең салмақлылықтың болыўы ушын айырым көрсеткишлердиң тең болыўы талап етиледи. Ҳәр қыйлы макроэкономикалық көрсеткишлер ямаса көрсеткишлер группалары ортасындағы экономикалық нызамшылық есапланған өз-ара теңликке макроэкономикалық процесс деп айтылады.
Шығынлар ҳәм дәраматлар көринисиндеги УИӨ көрсеткишлериниң өз-ара теңлиги тийкарғы макроэкономикалық процесс болып есапланады.
Y= C+ I + G + Xn
Екинши бир макроэкономикалық процесс инвестициялар ҳәм фондлардың ортасындағы теңлик есапланады.
Инвестициялардың муғдары мәмлекеттеги фондлардың муғдарына байланыслы болады.
Бул еки көрсеткиш ортасындағы теңликке ерисиў макро экономикалық турақлылыққа ерисиўдиң әҳмийетли шәртинен есапланады.
Егерде, миллий экономика сыртқы дүнья менен ҳеш кандай байланысқа ийе емес (Xn = 0) ҳәм мәмлекеттиң экономикаға араласыўы нольге тең (G = О) деп есапласақ, УИӨ арқалы сәўлеленген өндиристиң көлеми ЖИД (жеке ийелигиндеги дәрамат) не тең болады. Яғный:
УИӨ =ЖИД = С + С соның менен бир ўақытта: ЯИМ = С + И
Бул жерде макроэкономикалық процесс төмендеги көриниске ийе болады:
С + И = С + С ямаса И = С
Бул процесстен көринип турыпты, үй xожалықларының топлаўға болған тилеклери исбилерменликтиң инвестициялаўға болған қәлеўине каншелли туўры келсе, онда дәраматлардың муғдары (C+С) ҳәм улыўма шығынлар (И+C) муғдарының теңлигине ямаса өндиристиң теңсалмақлығына ерисиў имканиты соншелли жоқарылайды.
Айтайық, мәмлекеттиң экономикасы ашық, ягный экспорт-импорт байланыслары жолға қойылған болсын, сондай-ақ салық салыў ҳәм трансферт төлемлери көринисиндеги мәмлекеттиң араласыўы да бар. Бундай жағдайда жамғарыў түсиниги курамаласып, төмендеги көриниске ийе болады:
С = Сп + Сг + Сx
Бул жерде:
Сп – жеке жамғармалар;
Сд – мәмлекетлик жамғармалар;
Сx – басқа мәмлекетлердиң жамғармалары.
Бунда жеке жамғармаларда дәраматлар (У), трансферт төлемлери (ТР), мәмлекетлик заемлар бойыншаи процент төлемлерден (Н) салықлар (Т) ҳәм тутыныў (С) шығынларын алып таслағанға тең болады.
Сп = (У + ТР + Н - Т) - С
Мәмлекетлик жамғармалар төмендеги муғдарға тең болады:
Сг = (Т - Т Р - Н) - Г
Егер мәмлекеттиң жамғариалары нольге тең болса, мәмлекетлик бюджеттиң теңсалмақлылығын, жамғарманың унамсыз (отрицательный) муғдары болса бюджет жетиспеўшилигин (ВТ) билдиреди:
ВТ = - Сг
Бул жерде:
ВТ - бюджет жетиспеўшилигиниң муғдары.
Басқа мәмлекетлердиң жамғармаларын табыў ушын сыртқы дүньяның бизиң импортымыздың есабынан алған дәраматларынан олардың бизиң экспортымызға жумсаған шығынлары алып тасланады.
Сx = М – X ямаса Сx = -Xn
Егер мәмлекет экспортқа салыстырғанда көбирек импорт ислеген болса, өз-өзинен белгили, дәраматлардың бир бөлеги шетте қалады ҳәм кейин ала шет еллик шериклер оннан мәмлекетимизде көшпес мүлик ҳәм финанслық активлерди сатып алыўда пайдаланады.
Ҳәр қандай жағдайда да барлық түрдеги жамғармалардың улыўма жыйындысы инвестицияларға тең болады:
Сп + Сг + Сx = (Y + ТР + Н - Т ) - С + ( Т - Т Р - Н )) - Г + (-Xn)
ямаса
Сп + Сд + Сx = Y - С - Г - Xn
С = C + И + Г - X н - C - Г - X н С = И
Демек, экономикадағы инвестиция шығынлары тек ғана ишки жамғармалардың есабына емес, ал сыртқы дүнья жамғармаларвның есабы да иске асырылыўы мүмкин. Мәмлекетте, инвесторларға кепилленген жоқары пайда алыўы ушын жағдайлардың жаратылыўы инвесторлар ағымының жоқарылаўына алып келиўши әҳмийетли шәртлердиң биринен есапланады.
Кейнсчилердиң пикири бойынша, С=И процессине базар меxанизмлери жәрдеминде тосаттан ериседи. Себеби инвесторлар ҳәм жамғарыўшылардың жобалары бир-бирине сай келе бермейди. Сол себепли мәмлекет туўры экономикалық сиясат жүргизиўи ҳәм макроэкономикалық тураклылықты тәмийинлеўи шәрт.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling