Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet27/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

ТИӨ = УИӨ -АСМД = УМД-А
Макроэкономикалық анализде,МЕС на кирмеген жеке дәрамат (ЖД) көрсеткиши де қолланылады.
ЖД = ТМД - СҚА (Социаллық қамсызландырыў ажыратпалары) + Т (тиккелей салықлар)+(П2.1корпорацияның пайдасына салықлар)+П2.3(Корпорациялардың бөлистирилмеген пайдасы+бизнестиң процент дәраматлары) + трансферт төлемлери (ТТ) + процент көринисинде алынған жеке дәрамат).
Процент көринисиндеги халықтың дәраматларына, мәмлекетлик қарызлар бойынша алынған дәраматлар да киреди.
Жеке дәраматтан халықтың төлейтуғын дәрамат салығы, мүлик салығы ҳәм басқа да төлемлерди алып таслаў арқалы жеке ийелигиндеги дәрамат(ЖИД)көрсеткиши анықланады.
ЖИД үй xожалықлары тәрепинен тутыныў(C) ҳәм топлаў (С) ушын пайдаланылады.
ЖИД = С+ С
Макроэкономикалық анализде үй хожалықларының ЖИД ҳәм Улыўма миллий ийелигиндеги дәрамат (УМИД)көрсеткишлери бир-биринен ажыралады.
УМИД=УМД+ Шеттен алынған тазатрансфертлер.
Шеттен алынған тазатрансфертлер=Мәмлекеттиң сыртынан алынғантрансфертлер–Мәмлекеттен шетке берилгентрансфертлер).
Улыўмамиллий ийелигиндеги дәрамат ақырғы тутыныўҳәммиллий фондлар ушын пайдаланылады.
УМИД= Ақырғы тутыныў+Миллий фондлар.
Ақырғы тутыныў үй xожалықларының тутыныў шығынларынан басқа ҳүкиметтиң шығынларында өз ишине алады.
Миллийдәрамат–бул,миллийөндиристен алынғандәрамат ямаса жәмийетлик өндиристеги барлық дәрамат түрлериниң жыйындысы.
Улыўмамиллийдәрамат төмендегише есапланады;
УМД= УИӨ + шеттен алынған факторлы дәраматлар –шет елликлердиң усы мәмлекеттен алған факторлы дәраматлары.
Жеке дәрамат ҳәм миллийдәраматлардың бир-биринен парқы соннан ибарат, өндиристе мийнет ислеў арқалы алынған дәраматлардыңбир бөлеги (социаллық қамсызландырыў төлемлери, корпорацияның пайдасына салық ҳәм корпорацияның бөлистирилмеген пайдасы) тиккелей үй хожалығына келип түспейди.Үйxожалығына туўры келетуғын дәраматлардың бир бөлеги, мәселен, (трансферттөлемлери)–мийнеттиң нәтийжелерин билдирмейди.Трансферт төлемлерине- қамсызландырыў шөлкемлери тәрепинен төленетуғын, ғный қартайғанда ҳәм бахытсыз ҳәдийселерге сондай-ақ социаллық бағдарламаларға тийкарланған түрде жумыссызларға төленетуғын напақалар, майыпларға төленетуғын ҳәр қыйлы төлемлер, жумыссызларға ҳәм пенсионерлерге төленетуғын напақалар, тутыныўшылар ҳәм мәмлекет тәрепинен төленетуғын процент төлемлери ҳәм басқа да төлемлер киреди.
Жеке ийелигиндеги дәрамат деп, индивидуал салықларды төлегеннен кейинги дәраматларға айтылады.Индивидуалсалықлар–дәрамат салығы, жеке мал-мүликлерге ҳәм мийрас қалған мүликлерге салынатуғын салықлардан ибарат.
Миллий өндиристиң муғдарын белгилеўде баҳалардың әҳмийети. Өндиристиң көлемин белгилеў ушыннатурал ҳәм қун көрсеткишлеринен пайдаланылады. Бирақ миллийэкономикада өндиристиң көлемин натуралкөрсеткиште өлшеў мүмкин емес, себеби бул жердебир-бирименен салыстырып болмайтуғын миллионлаған атамадағы товарҳәмxызметлер бар.
Соның ушын дамиллийөндиристиң көлеминҳәм дүзилисин анықлаўда қун көрсеткишлеринен пайдаланылады.Бунда еки көрсеткиштен пайдаланылады:

  • Өндиристиң натуралкөлеми;

  • Баҳалардың дәрежеси.

Әмелияттамиллий есап системасында баҳалардың еки көриниси қолланылады:
-ҳәрекеттеги ямаса ҳақыйқый баҳалар;

  • өзгермейтуғын ямаса салыстырмалыбазис баҳалар.

Усы жылдағы ҳәрекеттеги баҳалар жыл даўамында өним жетистириў ҳәм оның тутыныўы ортасындағы байланысты анықлаўда қолланлады ҳәм де тәкирар өндиристиң финанслық тәреплерин сәўлелендиреди. Бирақ күнделикли өндиристи, ўақыт бойынша анализ ислеў ушын пайдаланыў мақсетке муўапық болмайды. Себеби олардың ҳәр қандай жоқарылаўы ямаса пәсейиўи улыўма ишки өним ҳәм миллийдәраматтың көлемине тиккелей тәсир етип, экономиканың ҳақыйқый жағдайынбузып көрсетеди.Миллийэкономиканың раўажланыўына туўры баҳа бериў ушын өзгермес баҳалардан пайдаланылады.
Өзгермес ямаса салыстырмалы баҳалар тийкар етип алынған қандайда бир жылдағы өнимниң баҳасы, анализ исленип атырған дәўир ушын өндиристиң көлемин қун бойынша баҳалаўда пайдаланылады. Бундай баҳалар өнимниңнатурал көлеминиң өзгериўин бақлаўға имкан береди ҳәм өндиристиң белгили бир ўақыт даўамындағы ҳақыйқый өзгерисин сәўлелендиреди.
Мәмлекет экономикасының раўажланыўының ҳәрекеттеги ҳәм салыстырмалы баҳалардағы көриниси бир-биринен түптен парық қылады.
Базислик жылды ҳәрбирмәмлекет, раўажланыў өзгешеликлеринен келип шыққан түрде өзи белгилейди.Базис баҳалардан пайдаланып ҳәм өткен жыллардағы ҳәм алдыңғы жыллардың қун көрсеткишлери қайтадан есаплап шығылады.
Ҳәрекеттеги баҳаларда өлшенген өндиристиң көлеминиңноминал,салыстырмалы баҳалардағы өлшемиреалдеп аталады.
Баҳалардың жоқарылаўы менен улыўма ишки өнимниң көлеминиң өзгериўин көрсетиўши муғдар ҳәм де барлық таяр өним ҳәмxызметлер улыўма қуниндекси ямаса дефлятордепаталады. Улыўма ишки өнимниң қурамынамиллионлаған түрдеги байлықлар киреди ҳәм олардың ҳәр бириниң баҳасының өзгериўин бақлаў мүмкин емес. Соның ушын дадефляторбазар (тутыныў) себетшесиниң жәрдеминде анықланады.Базар себетшеси улыўма ишки өнимниң қурамына кириўши, оның тийкарғы бөлегинен есапланған әҳмийетлитовар ҳәмxызметлерди өз ишине алады.Статистика органлары тәрепинен базар себетшесине киргизилгентовар ҳәмxызметлерге болған баҳалардың өзгериўи турақлы түрде бақланып турады ҳәм усының жәрдеминде баҳалардың улыўмалық индекси ямасадефлятор есапланады.
Базар себетшесиниң баҳасы усы жылдағы баҳалардаДефлятор=x100
базар себетшесиниң баҳасыбазис жылының баҳаларында
Егерде өткен дәўирде улыўма ишки өнимниңнатурал көлеми өзгерместенқалған болса,оның номинал баҳасы соншелли жоқарылайды. Баҳалардың дәрежеси пәсейген болса,онда баҳалардыңиндексиямасадефлятор100 проценттен төменге түсип кетеди.УИӨ баҳалары индексиниң ҳәрекеттеги жылы базис жылына салыстырғанда жоқарылап барыўыинфляцияны ҳәм де керисинше оның азайыўы дефляцияны билдиреди.Миллийөндиристиң көлеминиң өзгериўине баҳалардың тәсирин сапластырыў мақсетиндедефлятордың жәрдеминдереал улыўма ишки өним есаплап шығылады.
НоминалУИӨ
Реал УИӨ = x100%
Дефлятор
Экономикалық әмелияттадефлятор менен бирқатардаинфляция дәрежесиниң және бир көрсеткиши– тутыныў баҳаларының индекси (ТБИ) ямаса күн-көрис баҳасыныңиндекси кең қолланылады.Бул көрсеткиш тедефлятор сыяқлы базар себетшесиниң жәрдеминде анықланады. Бирақ, бул жерде базар себетшесине тек ғана халықтың тутуныўбюджетиниң тийкарын қураўшы тутуныў өнимлери ҳәмxызметлер киреди, себеби,дефляторды есаплағандабазар себетшесиниңсезилерли бөлегин жаратыўға арналған товарлар қурайды. Тутыныў баҳаларыныңиндекси салыстырмалы жылдабазис жылына қарағанда атап өтилген тутуныў өнимлери ҳәм хызметлер топламының баҳасының қандай өзгерип атырғанлығын сәўлелендиреди.Басқаша етип айтқанда,бундайиндекстиң жәрдеминде ҳәрбир инсанның, шаңарақтың ҳәм барлық халықтың күн-көрис баҳасы ямаса турмыс дәрежесиниң қандайөзгерип атырғанлығын анықлаў мүмкин.

    1. Download 2.93 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling