Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Төлембалансынмакроэкономикалық тәртипке салыўдың қураллары ҳәм усыллары


Download 2.93 Mb.
bet35/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Төлембалансынмакроэкономикалық тәртипке салыўдың қураллары ҳәм усыллары


Төлем балансының тең салмақлылығын тәмийинлеў ушын, күнделикли есаплаўлар ҳәм капиталдың қалдықлары бирин-бири каплаўы зәрүр болады. Орайлық Банк валюта интервенсиясын иске асырыў илажларын көрмесе ҳәм рәсмий валюта резервиниң муғдарын өзгертпесе, төлем балансының есап санақлары, валюта курсының еркин тербелиси арқалы өз-ара тәртипке салынады.
Бундай жағдайда капиталдың кирип келиўи себепли миллий валютаның қымбатлаўы, капиталдың шығып кетиўи себепли оның арзанлаўы жүз береди. Валюта курсының еркин тербелиси төлем балансының күнделикли ҳәм капитал есапларын автомат түрде сәйкеслестириўши меxанизми болп есапланады.
Еркин тербелиўши валюта курсы тәрепдарларының атап өтиўинше, төлем балансының артықшалығы ямаса жетиспеўшилиги бундай жағдайларды тез арада сапластырады.
Валюта курсларының еркин ҳрекети төлем балансының артықшалығы ямаса жетиспеўшилигин жоқ етеди.
Еркин тербелиўши валюта курслары төлем балансын теңлестириўде үлкен имканиятларға ийе болса да, кемшиликлере де ийе. Себеби, бундай валюта, бириншиден, саўданың анық емеслиги ҳәм қысқарыўына, екиншиден, саўданың жаманласыўына, үшиншиден, турақсызлыққа ҳ.т.басқаларға алып келеди.
Егер Орайлық Банк рәсмий валюта резервлериниң жәрдеминде шет ел валютасын сатыў ямаса сатып алыў курсының еркин тербелиўине тосқынлық етсе, валюта курсының еркин тербелиўи жәрдеминде төлем балансын тәртипке салыў зәрүрлиги пайда жоққа шығарылады.
Бунда төлем балансының жетиспеўшилигин Орайлық Банк рәсмий резервлерди қысқартыў арқалы финансластырыўы мүмкин. Бундай жағдайда ишки базарда шет ел валютасы усынысы жокарылайды. Атап өтилген операция экспортқа тийисли болып, кредитте плюс белгиси менен (Орайлық Банкте шет ел валюта резервиниң азайыўына карамастан) есапқа алынады. Бундай илаждың нәтийжесинде ишки базарда миллий валютаның усынысы азаяды, оның алмасыў курсы салыстырмалы түрде жокарылайды ҳәм бул инвестициялардың муғдарына ҳәм де экономикалық өсимге унамсыз тәсир көрсетеди.
Төлем балансының актив қалдығы, Орайлық банктиң рәсмий валюта резервлериниң муғдарының көбейиўине алып келеди. Бунда Орайлық Банк валюта резервлерин толтырыў ушын шет ел валютасын сатып алады ҳәм нәтийжеде ишки базарда миллий валютаның усынысы бираз жоқарылап, оның алмасыў курсы төменлейди.
Бундай жағдай экономикаға (инвестициялардың муғдары ҳәм экономикалық өсимге) хошаметлеўши тәсир көрсетеди.
Орайлық Банк тәрепинен өткерилетуғын бундай операциялар рәсмий резерв операциялары деп аталады. Бундай операциялардың нәтийжесинде төлем балансының қалдығы нолге тең болыўы керек.
Төлем балансының актив қалдығы ямаса жетиспеўшилиги мәмлекеттиң экономикалық өзгешеликлери бойынша ҳәр түрли баҳаланады.
Валютасы xалық-аралық есап-санақларда ҳәм де баска мәмлекетлердиң резерв валютасы ретинде пайдаланатуғын мәмлекетлер ушын төлем балансының жетиспеўшилиги тәбийғый жағдай болып есапланады. Бундай мәмлекетлер төлем балансын узақ мүддет макроэкономикалық тәртипке сала алмаўы мүмкин.
Миллий валютасы дүнья-жүзилик экономикада резерв резерв валюта болып есапланбайтуғын мәмлекетлердиң Орайлық Банклеринде рәсмий валюта резерви шекленгенлиги себепли төлем балансының узақ мүддетли жетиспеўшилиги бул резервлердиң тамам болыўына алып келеди.
Бундай жағдайда төлем балансы макроэкономикалық тәртипке салынады. Мәмлекет саўда сиясатын ҳәм валюта алмасыў курсын өзгертиў илажларын қолланып шет еллердеги өзлериниң шығынларын азайтады ямаса экспор арқалы өзлериниң дәраматларын көбейтеди.
Бундай тәртипке салыў нәтийжесинде баҳалардың улыўма дәрежеси жокарылайды. Нәтийжеде халықтың күн-көрис дәрежеси төменлеўи, миллий валютаның қәдирсизлениўи, экономикаың айырым тармақларында бәнтликтиң төменлеўи жүз бериўи мүмкин.
Валюта резервлериниң тамамланыўы, бурынғы алынған шет ел кредитлерин қайтарыў графиклериниң бузылғанлығы себепли бундай кредитлерди және сатып алыў имканияты болмайды. Сол себепли мәмлекеттеги төлем балансының жетиспеўшилигиниң узақ ўақыт даўам етиўи төлем балансының кризиси деп аталады.
Төлем балансының кризисин шешиўдиң бирден-бир жолы макроэкономикалық тәртипке салыў болып есапланады.
Өтиў дәўири экономикасында шет ел валютасына спекулятив талаптың жоқарылаўы Орайлық Банкти қыйын жағдайға салып қояды. Себеби рәсмий валюта резервлери бир ўақыттың өзинде төлем балансының жетиспеўшилигин, ҳәм де ишки спекулятив талапты қанаатландырыў ушын жетерли болмайды.
Валюта алмасыў курсын тәртипке салыў бул қыйыншылықтан шығыўдың бирден бир жолы болып есапланады.
Тез арада төлем балансының қалдығы, жамғарыў ҳәм инвестициялардың муғдарын белгилеўши факторлардың (мәселен бюджет салық сиясаты, процент ставкалары) тәсиринде өзгериўи мүмкин.
Егер мәмлекетте хошаметлеўши фискал сиясат алып барылса, бундай жағдай миллий жамғармалардың төменлеўине алып келеди. Бул өз гезегинде күнделикли операциялардың есабы бойынша жетиспеўшиликке, капитал ҳәрекетиниң есабы бойынша унамлы қалдыққа алып келеди.17
Шеклеўши фискал сиясат миллий жамғармалардың муғдарын жокарылатады, бул өз гезегинде капитал ҳәрекетиниң есабы бойынша жетиспеўшиликке, күнделикли операциялардың есабы бойынша унамлы калдыққа алып келеди.
Дүнья-жүзлик процент ставкаларының жокарылаўы, капитал ҳәрекетиниң есабы бойынша жетиспеўшиликке, күнделикли операциялардың есабы бойынша унамлы қалдыққа ерисиўге себепши болады. Дүнья-жүзилик процент ставкаларының төменлеўи болса кери нәтийжелерге алып келеди.
Төлем балансының есапларын дүзиўдиң тийкарғы мақсетлериниң бири сыртқы теңсалмақлылыққа ерисиў зәрүрлигиниң пайда болғанлығы ҳаққындағы мағлыўматқа ийе болыў болып есапланады. Бирақ еки тәреплеме жазыў системасы төлем балансында дебет ҳәм кредитиң теңлигин нәзерде тутады. Соның ушын онда унамлы сальдо ямаса дефицитти көрсетиў ушын барлық сыртқы операцияларды суммаламтырыў ҳәм бул группа ишиндеги операцияларды статьяардан ажыратыў керек (сызықтың астынан ямаса үстинен).

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling