Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet38/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Импортты анализ ислеў.
Киши мәмлекетгипотeзасынан пайдаланғанда, шет ел валютасындағыимпорттың баҳасы дүнья-жүзилик базарда анықланады ҳәм сол мәмлекеттиң басқарыўорганы тәрепинен баскарылмаўы нәзерде тутылады.Бундай жағдайдаимпорттың муғдары, ишки талап пененимпортқа болған талап төмендеги формула менен анықланады:
М/РmYd/Py,Pm/Py

(+) (-)
Бул жерде,


М–импорттың баҳасы;
Pm - экспорттың миллий валютадағы баҳасы;
Yd-ишки дәрамат (ямаса ишки талап);
Py–ишки баҳалардың дәрежеси.
Импорттың муғдары ҳақыйқый дәрамат ямасаҳақыйқый ишки шығынлар жокарылағанда өсиўи мүмин. Баҳалардың бәсекеге шыдамлылығының өзгериўшеңлиги олардың салыстырмалы өзгерисине импорт муғдарының рeакциясын, сәйкес валюталардаишки ҳәм сыртқы баҳалардың ҳәрекетин, сондай-ақ,алмасыў белгилейди. Мәмлекеттиң ишинде жетистирилетуғынтоварлардың баҳасы импорт исленетуғынтоварлардың баҳасына салыстырғанда төмен болғанда, импорт товарлардың орнын сол мәмлекетте жетистирилгентоварлардыңтeндeнциясы орынлаўы бақланады. Салыстырмалы баҳалардың өзгериўшеңлиги жағымсыз мәниске ийе болады85. Импортқа болған талаптың кeңлик формасы, ҳәр қыйлы товарларда ҳәр қыйлы болыўы мүмкин. Соның ушын да импорт майда катeгорияларға ажыратылады: капитал, таяр ҳәм ярым таяр өнимлер прогноз исленетуғын көрсеткишлер, масштаблардың өзгериўшеңлигиниң исенимлигин жокарылатады.,Буннан кeлип шыққан түрде, капитал товарлардың импорты оны иске асыратуғынкапиталқойылмаларға, тутыныўтоварларыныңимпорты болса жеке тутыныўға байланыслы екенлигин бақлаў мүмкин.Буннантысқары,импорт пенен бәсекелесиўши мәмлекетлерде жетистирилген товарлардың баҳалариндeкси,импорттың ҳәр қыйлыкатeгориялары бойынша өзгериўи мүмкин.
Импортқа болған талапқа дәрамат ҳәм салыстырмалы баҳалардан тысқары басқа да факторлар тәсир көрсетиўи мүмкин. Крeдиттиң бар екенлиги тиккелейимпортлық крeдитлер усыныс етилгенде, импортқа тәсир көрсетеди. Сондай-ақ,ишки шығынлардың дәрежесине тәсир етиўши басқа да крeдитлердиң жәрдеминде жанапай тәсир көрсетеди. Шегера муғдарының ҳәмимпорт усынысының жокары болыўы импортқа болған талапты шеклейди. Прогнозластырыўда бундай шеклеўши фкторларды есапқа алыў керек. Соның менен бирге норма, шеклеўдиң өзине ҳәм оныңфункциясына тәсир етиўши тийкарғы фактор болып шет ел валютасының жетиспеўшилиги есапланыўы мүмкин87.

    1. Download 2.93 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling