Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet36/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Қызықлы мағлыўматлар.
Сызықты сызыў жерин аныяқлаў төлем балансының әҳмийетли мүтәжлигиниң жоқары дәрежеде қайсы операциялардың шеңберин белгилеў ҳаққындағы субъектив көз-қарасты сәўлелендиреди. Ғәрезсиз деп есапланған операциялардың бирине тийкарынан, автоном статьяларды компенсациялаў ушын иске асырылатуғын операциялардан ажыратыў керек. Басқа ҳәрекетлерде тийкарғы дыққат операция характериниң өзгериўшеңлигине қаратылады: стабиль емес деп есапланған операциялар төлем балансының улыўма жағдайын көрсетиў ушын ―сызықтың астында белгиленеди.
Сыртқы сектордың прогнозлары пүткил дүнья менен өз-ара байланыслы болады. Соның ушын да онда тийкарғы саўда шериклери ҳәм сондай-ақ, бәсекелес мәмлекетлердиң экономикасының раўажланыў тенденциясы есапқа алыныўы керек.
Ишки экономикалық активлик ҳәм экономикалык сиясат. Төлем балансының прогнозлары, мәмлекеттиң экономикасының раўажланыўын прогнозластырыўшы тенденцияларға сай болыўы тийис. Оған, өз гезегинде тиккелей өткерилетуғын салық, бюджет ҳәм пул-кредит сиясаты тәсир етеди.
Прогнозластырыўдың методологиясы. Прогнозларды өткериўде, өзгерислерди анықлаўшы ҳәм тийкарғы өзгерислерди прогнозластырыўшы көрсеткишлер арасында беккем байланыс орнатыў мақсетке муўапық болады.
Дезагрегация дәрежеси. Прогнозластырыўшы операция категориясында, мағлыўматлардың дезагрегация дәрежеси анықланған болыўы керек.
Бухгалтерия есабында балансқа ерисиў. Төлем балансының айрықша компонентлериниң айрықша прогнозлары барлық шөлкемлестириўшилик төлемлер ҳәм түсимлер суммасы неге тең болыўы керек, яғный күнделикли операциялар есабының сальдосы, капиталдың ҳәрекети ҳәм резерв муғдарының өзгериў суммасына тең болыўы керек, деген шәртти қанаатландырмаўы мүмкин.
Күнделикли операция есабы дефицитиниң белгиленген муғдары. Егер күнделикли операция есабының дефицити прогнозластырылып атырған болса, дефицитти финансластырыўды тмийинлеў ҳәм қарыз бериў менен байланыслы машқаланы шетлеп өтиўге имкан беретуғын муғдардағы капитал ағымына мәмлекеттиң кепиллик бериўи ямаса бере алмаўы үлкен әҳмийетке ийе.

    1. Download 2.93 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling