Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Төлем балансының қурамалық бөлимери ортасындағы байланыслар


Download 2.93 Mb.
bet34/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Төлем балансының қурамалық бөлимери ортасындағы байланыслар


Күнделикли операциялар есабы менен капитал ҳәрекетиниң есабының өз-ара байланысларын улыўмаластырсақ, оның макроэкономикалық көриниси төмендегише болады:
У = С +И+Г +Xн;
У -C-Г=C +И +Г +Xн- (C +Г);
Сн =И+Xн
(1-С)+Xн=0(өзгермеливалютакурсы режиминде, орайлықбанк араласпаған жағдайда).
Бул жерде:
Сн-миллийжамғарыў;
(1-С) – муғдары, ишки инвестициялардың, ишки жамғармалардан артық екенлигин көрсетеди ҳәмкапиталҳәрекети есабының қалдығынбилдиреди.
Тийкарғы макроэкономикалық процесс бойынша, күнделиклиоперацияларҳәмкапиталҳәрекетиниң есаплары бир-бирине теңлеседи:
X-М=Xн =- (И-С)=С- И
сыртқыбаланс ишкибаланс
Бул соны билдиреди,төлембалансының күнделиклиоперацияларбойынша депицити,капиталдың тазадан кирип келиўи арқалы финансластырылады.
ГX н <0 ->X-М < 0 ->X< М ;
И-С >0 -И>С -> шеттен капиталдың кирип келиўи.
Егерде инвестициялар (И)миллий жамғармалардан көп болса (И> С),артықшаинвестициялар шеттен алынатуғын карыз есабына финансластырылыўы тийис.Бундай қарызлар мәмлекеттетоварҳәмxызметлердиэкспорт ислеўге қарағанда көбирекимпорт ислениўин тәмийинлейди (М >X).Яғный, таза экспорт унамсыз қалдыққа(Xн<0) ийе болады.Мәмлекет халық-аралық процессте қарыздар болып катнасады.
Күнделиклиоперациялар унамлы қалдыққа ийе болғанда, артықша ғәрежетлерден шетке инвестиция ислеўде ямаса шеттен көшпес мүлик сатып алыўда пайдаланылады.
Мәмлекетлер рәсмий резервлер ҳәм қарызлар арқалы, қаплаў мүмкиншилигине ийе болмаған, төлем балансының үлкен периодлық жетиспеўшилиги болған жағдайда, өзлериниңвалюталарыныңдевалвациясын иске асырыўы мүмкин.Булимпорттыңфизикалық көлеминин көбейиўине ҳәм нәтийжеде мәмлекетте шет елвалюта түсиминиң жокарылаўына алып келеди ҳәм де төлембалансының жетиспеўшилиги сапластырылады16.
Төлембалансын дүзиўдиң принципи бойынша, ол бәрҳамабалансласқан болыўы керек. Унамлы ямаса унамсыз калдық түсиниги тек ғана төлем балансыныңайрықша бөлимлерине тийисли. Соның менен бирге, төлем балансы қалдығыныңмиллийэкономикаға тәсири турмыста бирдей классификацияланбайды. Экономикалық сиясаттың мақсетлеринен келип шыққан түрде, төлем балансының унамлы қалдығы да, унамсыз қалдығыда жақсы ямаса жаман деп баҳаланыўы мүмкин.
Төлем балансының жағдайыа баҳа бериўде, саўда балансының қалдығы, күнделикли операциялар балансының қалдығы, капиталдв ҳәрекети ҳәм финанс балансының калдығы ҳәм де рәсмий есап-санақлар балансынын калдығы айрықша анализ исленеди.
Саўда балансының қалдығының өзгериўин баҳалаўда бундай өзгерислерге қайсы факторлардың тәсир еткенлигине дыққат каратылады. Мәселен, унамсыз қалдық экспорттың қысқарыўы арқалы жүз берген болса, бундай жағдай миллий экономиканың бәсекеге шыдамлылығының төменлегенинен дерек бериўи ҳәм негатив жағдай деп түсинилиўи мүмкин. Бирақ бундай жағдай мәмлекетке туўрыдан-туўры инвестициялар ағымының көбейиўи есабына, импорттың өсиўи жүз берген болса, миллий экономиканың ҳәлсизлениўиниң белгиси деп есапланбайды.
Күнделикли операциялар есабының балансы, көпшилик жағдайда, төлем балансының мағлыўмат бериўши қалдығы деп есапланады. Себеби бундай жағдай, ишки экономикалық сиясатты шеклеўши сыртқы экономикалық фактордың есапқа алыныўы менен бирге мәмлекеттиң финансластырыўға болған мүтәжлигин анықлайды. Күнделикли операциялар есабы балансының унамлы қалдығы мәмлекеттиң баска мамлекетлерге салыстырғанда нетто кредитор екенлигинен дерек береди. Керисинше, унамсыз калдық (яғный, күнделикли операциялар есабының балансының жетиспеўшилиги) мамлекеттиң товарлар ҳәм xызметлердиң нетто-импорты ушын төлемлерди иске асырыўға ҳәм трансферт төлемлерин финансластырыўға мәжбүр болған таза қарыздарға айланғанлығын билдиреди.
Төлем балансының анализи, жамғармалардың бир бөлегин ишки жамғарыўға бағдарлаў орнына, мәмлекеттиң сыртына инвестициялайды.
Капиталдың ҳәрекети ҳәм финанс балансының қалдығы күнделикли операциялар балансының айнадағы көриниси болып есапланады. Себеби ол реал ресурслардың ағымын билдиреди. Сондай-ақШ, күнделикли операциялар балансының жағдайы «Таза қәтелер ҳәм шетте калдырыўлар» статьясына туўры келеди.
Рәсмий есап-санақлар балансының қалдығы төлем балансының улыўма (Жуўмақлаўшы) қалдығының кеңирек тарқалған атамасы болып, норезидентлердиң мәмлекетте салыстырмалы ликвидли талапларының көбейиўи (азайыўы) нен ямаса шет ел ликвидли активлериндеги мәмлекеттиң рәсмий резервлериниң көбейиўи (азайыўы) нан дерек береди. Бул қалдық «Резерв активлери» статьясындағы баска барлық статьяларды қамтып алады.
Атап өтилген валюта курсларында (1979 -жылға шекем) рәсмий есап-санақларға үлкен дыққат қаратылар еди. Себеби оның жетиспеўшилиги мәмлекеттиң басқа мәмлекетлердиң алдындағы минннетлмелериниң жокарылағанлығын (ямаса резервлердиң азайғанлығын) билдирген түрде валюта курсының турақлығына қәўип туўдырар еди. Сүзип жүриўши валюта курсының енгизилиўи улыўма төлем балансы түсинигин жоққа шығарды, рәсмий резервлердиң динамикасы болса тек ғана рәсмий есаплаўлардың қалдығының ақыбети емес, ал төлем балансының басқа бөлимлеринде есапқа алынған өзгерислердиң себепшиси болып калды.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling