Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet33/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Бул жерде:
X-экспорт;
М-импорт;
Xн- тазаэкспорт;
С+И+Г-УМӨ ниң бир бөлеги (абсорбсия).
Күнделиклиоперациялардыңбалансында депицит жүз бергендемәмлекеттиңэкспорттан алған дәраматлары,импортқа жумсалған шығынларынан аз болады ҳәм оны сырттанқарыз алыў арқалы ямаса өзлериниң активлериниңа бир бөлегин шет ел инвесторларына сатыў арқалы каплаўы мүмкин. Бундай операциялар таза шет ел активлериниң азайыўына алып келеди.
Таза шет елактивлери(ТША)-булмиллийрезидентлертәрепинен ийеленген шет ел активлери ҳәм шет елликлердиң ийелигиндеги мәмлекетликактивлер ортасындағы парықты билдиреди.
Күнделиклиоперациялардыңбалансында депицит болмағанда, мәмлекет шет ел валталарынан көбирек пайдаланады.Мысалымызда, керисинше, мәмлекеттиң күнделикли операциялар бойыншабалансы унамлы қалдыққа тийе болады.Бундамәмлекетте шет елдеги көшпес мүликти сатып алыў ямаса басқа мәмлекетлерге карызға бериўи мүмкин болған артықша шет елвалютасы жүзеге келеди. Инвестициялаў ҳәмкредитлеў менен байланыслыоперациялартөлембалансыныңкейингибөлиминде,яғный,капиталдыңҳәрекети есабында иске асырылады.
Мәмлекетте белгилибир ўақытта материаллық ҳәм финанслықактивлерди сатып алыў ҳәм сатыў менен байланыслы операциялар, капиталдың ҳәрекетиниң есабы деп аталады. Капитал ҳәрекетиниң есабының балансында кәрханалар, жер, турақ-жайлар,қымбат баҳалы қағазлар, акциялар, қазна миннетлемелери ҳәм басқа да активлерди алып-сатыў менен байланыслы капиталлардың ағымы сәўлелендириледи. Бул активлер сатылса ямаса экспорт исленсе, шет ел валютасы мәмлекетке кирип келеди, яғныйвалютатүсими көбейеди(+150).Бирақкапиталды алып келиў менен бир ўақытта оны алып шығыў менен байланыслы операциялар да иске асырылады.Бундамәмлекеттиң исбилерменлери, шеттен акцияларды сатып алады, шет елликлергекредит береди ҳәм усылайынша олар шет елвалюталарын жумсайды. Бундай операциялар дебет көринисинде сәўлелендириледи(-87). Капитал ҳәрекетиниң балансының қалдығы – бул оны алып келиў ҳәм алып шығыў ортасындағы парықтан ибарат(+63).
Капитал шығынлардың есабында активлер бойынша барлықxалық-аралықоперацияларкөрсетиледи.
Капитал ҳәрекетиниң балансы = Активлерди сатыўдан алынатуғын барлық түсимлер— Щет елактивлерин сатып алыўға жумсалған шығынлар.
Шетке активлерди сатыў валюта резервин көбейтсе, сатып алыў болса оны азайтады. Соның ушын капиталҳәрекетиниңбалансы барлық операцияларданкелип түсетуғын таза валютатүсимлерин өз ишине алады.Капиталҳәрекети есабының унамл қалдығы мәмлекетте капиталдыңкөбейиўин билдирсе, оның унамсыз қалдығы мәмлекетттекапиталдың азайыўын билдиреди.
Бурын айтып өтилгениндей, күнделиклиоперацияларбойыншабалансҳәмкапитал ҳәрекетиниң балансы өз-ара тығыз байланыслы. Бизиң мысалымызда биринши депициттиң(-87) үлкен бөлеги (+63)капиталдың тазадан кирип келиўи арқалы финансластырылады. Керисинше, егер төлем балансы күнделиклиоперациялар бойынша унамлы қалдыққа ийе болса, капитал ҳәрекетиниң есабындабалансбойынша унамсыз қалдыққа жол қойылған болады.
Солай етип, баланстың бундай еки бөлими бир-бири менен теңлесип турады.
Төлем балансыныңқалдығы= Күнделикли операциялар+Капиталҳәрекетиниңабалансы
Бирақ, әмелиятта төлем балансының бул бөлиминде де көпшилик жағдайда депицит ямаса артықмашлық жүзеге келеди.Барлық мәмлекетлердиң Орайлықбанклери рәсмий ресурслар деп аталатуғын шет ел валюта резервлерине ийе болып, бул резервлер күнделикли операцияларбойынша балансҳәмкапиталдың ҳәрекети бойыншабаланстың сәйкессизлигин сапластырыўда қоланылады. Бизиң мысалымызда бул сәйкес келмеўшилик, калдықты(-24) пайда етеди ҳәм рәсмий резервлер арқалы тәртипке салынады.
Рәсмий резервлердиң қысқарыўы (+) депициттиң муғдарын билдиреди,рәсмий резервлердиң жоқарылаўы(-) болса төлем балансының унамлы қалдығының муғдарын көрсетеди.
Нәтийжеде оның барлық үш бөлиминиң суммаси «0» ди қураўы тийис.Бул болса шет ел валюта усынысы менен мәмлекетте оған болған талаптың теңлигинбилдиреди.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling