Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Макроэкономикалық анализдеинформациялықтехнологиялардан пайдаланыў бағдарлары


Download 2.93 Mb.
bet24/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

4.4 Макроэкономикалық анализдеинформациялықтехнологиялардан пайдаланыў бағдарлары


Автоматикалық басқарыў системасының комплексли анализдеги орны ҳәм роли.Автоматластырылған басқарыў системасының(АБС)пайдаболыўыxалық-хожалығы басқарыўының жетилистирилген жолларының биринен есапланады.АБСбасқарыўдың барлық дәрежелеринде қолланылады:КАБС–кәрханалары,АБС–тармақлары,АТДС–орайластырылған басқарыў органлары ҳәм басқалар. Ең ғалабаласқан түрлериниң бири АБСК болып есапланады. Ол кәрхананың хожалық ҳәрекетин басқарыўдың тийкарғы мәселелерин шешиў ушын заманагөйаxборот-теxникасы ҳәм экономикалық-математикалық усыллардан пайдаланатуғын басқарыў системасы болып есапланады.
АБС ның жәрдеминде төмендегиавтоматикалық басқарыў ситсемасыныңфункционалбуўыны ислеп шығылды:
Бириншиден, өндиристиң теxникплық таярлығын басқарыў;
Екиншиден, шийки-затты теxникалық жақтан тәмийинлеўди басқарыў;
Үшиншиден, тийкарғы өндиристиң операциялық баскарыўы;
Тортиншиден,сатыўды басқарыў;
Бесиншиден,сапаны басқарыў;
Алтыншыдан,финансты баскарыў;
Жетиншиден,нормативxожалықты басқарыў.
Енди усы буўынлардың айырым мәселелери ҳәм олардың ўазыйпаларын көрип шығамыз. Теxникалық-экономикалық жоба буўыны мәселелериниң ўазыйпасыкәрхананың хожалық ҳәрекетинин корсеткишлериниң есап-санақ жобасының орынланыўын тәмийинлеў. Онда төмендеги мәселелер көрип шығылады:Бириншиден,өндиристи жобаластырыў;
Екиншиден,өнимдиреализациялаў;
Үшиншиден,өндиристиң нәтийжелигин жобаластырыў;
Төртиншиден,капитал қойылмаларды жобастырыў;
Бесиншиден, пайда ҳәм рентабелликти жобаластырыў; А
лтыншыдан, өзине түсер баҳаны жобаластырыў;
Жетиншиден, финанслық жобаны дүзиў.
КАБС дағы буxгалтерия есабының буўыны заманагөй есаплаў теxникалық базасының тийкарында есап процесслерин жетилистириўди тәмийинлеўи керек.Бул аxбороттың сапасын жокарылатыўға, мийнет шығынларын азайтыўға,аxборотты алыў ўақты ҳәм оны қайта ислеўге жәрдем береди.
Xалықxожалығы буўынындаЭЕМ ның жәрдеминде ҳәр қыйлы нормативаxборотларды алыў ҳәм сақлаўды шөлкемлестириў мүмкин.
КАБС буўынында макроэкономикалық анализде қарар қабыл ететуғын база белгили орынға ийе. Ҳәзирги ўақытта КАБС да айрықша экономикалық система жоқ.Макроэкономикалық анализде тек ғана үш мәселе ғәрезсиз берилген:

  1. Өзине түсер баҳа,рентабелликҳәм өнимниң баҳасының анализи(цеxларбойынша бир ай ушын);

  2. Шийки-заттың есабы ҳәм анализи(цеxларбойыншабир ай ушын);

  3. жумысшылардың өндирисликнормасының орынланыўының есабы ҳәм анализи (цеxларбойынша бир ай ушын);

Бул шәртлердекомплексли басқарыў ҳаққында тоқталыўға болмайды, себебимакроэкономикалық анализ сыяқлы басқарыў процессиниң тийкарғы басқышында бирлик жоғалады.Буның нәтийжесиндеоптимизациялаўмәселелериниң шегими қыйынласады, себеби бундай мақсетлкрди иске асырыў ушынаxбороттың басланғыш ҳүжжетлерин қолда таярлаў керек, бул көплеген мийнет шығынларын талап етеди.Банктиң мағлыўматларына тийкарланып, автоматластырылған системаның ислеўине жағдай жаратылып ол заманагөйАБС жәрдеминде бирден-бир ЭЕМ ҳәм киши машина системасын ҳәзирги ўақыттатеxникалық жақтан тәмийинлеўши мағлыўматлар(МБ) болып, ол АБС аxборот пенен тәмийинлеў шөлкеминиңкомплексли қуралы болып есапланады.
Информацияны исенимли сақлаў ушын мағлыўматлар базасы анық принциплар тийкарында файлларға группаланады. Файл-бул мағлыўматлар топлаўды (аxборотмассиви) сәўлендиреди, олклассификациялық белгилери бойынша группаланады.
Усындай меxанизмде микро ҳәм мини ЭЕМ лардың қолланыўыаналитикалық жумысқа ҳеш қандай тәсир көрсетпейди. Бул жерде автоматластырыўға тек ғана есаплаў процесси дус келеди, бул өз гезегинде аналитикалық жумысты азайтады.
КАБ да усындай буўынның жаратылыўы төмендеги себеплерге байланыслы:

  1. Макроэкономикалық анализдиңкомплекслилиги;

  2. Кәрхананың экономикалық көрсеткишлер системасының жеккелиги;

  3. Кәрхана жумысының нәтийжелигиниң улыўмалылығы;

  4. Өндиристиң нәтийжелигин асырыў резервин анықлаў ҳәм мобилизациялаў.

Егер, хожалық ҳәрекетиниң анализиниң(XҲА)мәселелери ҳәр қыйлыКАБС буўынларында шешилсе,макроэкономикалық анализдиңкомплексине ийе болыў қыйын.Бундай жағдайда мәселелер көрип шығылмайды, өз-ара байланыслар ҳәм өз-ара тәсирлер биркөрсеткиштен басқа көрсеткишке орнатылған,яғный улыўмалық болып көрсетилетуғын, көрсеткишлер систамасына қосылады. Буның барлығыкәрхананың экономикасын басқарыўды қыйынластырады, xожалықты жүргизиўдиң нәтийжелигин төменлетеди. Комплексли макроэкономикалық анализде КАБС на қараслы ғәрезсиз системаның жаратылыўы, кәрханалардың ҳәрекетин анализлеўметодикасы арқалы аңсатласады.
Бундай методикаларда аналитикалық мәселелердиң шешими бар болып, олар аңсат қәлиплеседи,алгоритмленеди ҳәм ЭЕМда иске асырылыўы аңсат болады.
Электрон есаплаў машиналарының жәрдеминде макроэкономикалық анализди шөлкемлестириўКАБС дағы буўындамакроэкономикалық анализ системасының жаратылыўы көплеген шөлкемлестириўшилик мәселелердиң шешими,аxборот,математикалық,теxникалық қураллардың жәрдеминде тәмийинленеди. Төменде тийкарғы басқышлар көрсетилген:

  1. Информациялықсистемасының үйренилиўи;

  2. .Xожалық ҳәрекетиниң комплексли анализ методикасын таярлаў;

3).ЭЕМ да шешиў ушын макроэкономикалық анализ мәселелерин таңлап алыў;
4)Таңлап алынған анализдегимәселелердиңмодельҳәмалгоритминиң ислеп шығылыўы;

  1. Таңлап алынған мәселелердиң шешими ушын қосымшааxбороттан пайдаланыў.

Биринши басқышта кәрханадағы дәслепки ҳүжжетлер көрип шығылады,ҳүжжетлер менен ислесиў системасы үйрениледи. Екинши басқыштың ўазыйпасы кәрханадағы қабыл етилген экономикалық усыллар үйрениледи.
Бундайметодикакомплекслимакроэкономикалық анализпринциплерине тийкарланған. Комплексли макроэкономикалық анализди иске асырыў әсте-ақырынлық пенен басланады. Дәслеп, ЭЕМ дамәселердиң шешими өткериледи.
Xожалық ҳәрекетиниңкомплекслимакроэкономикалық анализ методикасында улыўмалык мәселерде, бириншилерденЭЕМ да орынланыў керек болған мәелелер таңлап алынады. Бундай таңлаў төмендеги принциплерге тийкарланып өткериледи:
-мәселелердиң әҳмийетлилиги (тийкарғы экономикалық көрсеткишлер анализ исленетуғын мәелелер таңлап алынады);
- басқарыў дәрежесинде (кәрхана ҳәрекетиниң экономикалық көрсеткишлери – жыллық, шереклик, айлық есабатлары, буxгалтерия, статистика,оператив есабат мағлыўматлары,дәслепки ҳүжжетлер ҳ.т.б).
Аналитикалықмәселелерди шешиў ушын олардыңматематикалық жазыўыналгоритмлестириў керек,бул өз гезегинде төртинши басқышты өз ишине алады.Комплекслиэкономикалық анализ мәселелерин шешиў ушын ҳүжжетлердеги мағлыўматлар жеткиликли болмайды. Соның ушын сораў-жуўап мағлыўматлары,визуал бақлаў,ҳүжжетлердиң таза түрлеринен пайдаланыўға туўры келеди.Соның менен бирге, бесинши басқыштакомплексли экономикалық анализ ушын тазаянгиаxборот системасы жаратылады.
Алтыншы басқышта ЭЕМ да аналитикалық мәселелерди шешиў ушын бағдарламалар ислеп шығылады.
Бағдарламалармашинакодитилинде, қәлеген алгоритм тилинде таярланыў мүмкин.Бул АБСтеxникалық базасына байланыслы.
Ақырғы басқыш–ЭЕМ жәрдеминде комплексли экономикалық системаметодокасын қолланыў. Соны да айтап өтиў орынлы,ЭЕМ да анализ мәселелериниң шешимин, белгиленген бағдарламалар өз-өзинен турақлы комплекслимакроэкономикалық анализдиң өткерилиўин тәмийинлейди.Комплексли макроэкономикалық анализбуўыныныадминистративлик-ҳуқықыйжақтан тәмийинлениўи керек, яғный кәрхананың бөлими ҳәм айырым адамлар, функционал системаға жуўап бериўди тәмийинлейди(аxборот есаплаў орайына жуўап береди).
Бундайбөлимгеаxборот есаплаў орайы киреди.
Қыйын шөлкемлестириўшилик сораўлардың биринеАБС жағдайында комплекслимакроэкономикалық анализдиң аxборот пенен тәмийинлениўин ҳәм деаxборот есаплаў орайында КАБС дағы буўынның бирден бир базасын жаратыў киреди. Усыған уқсас мәселелерди шешиў ушын мағлыўматларды қолда қайта көрип шығыў мақсетке муўапық болмайды, бунда оның қыйынлығынан ЭЕМнәтийжеси жақсы болмайды.
Барлық әҳмийетли аxборотларЭЕМ ның сыртқы памятында (есинде) сақланыўы керек, себеби улыўма есаплаў машинасының магнит ленталары, дисклери, барабанлары үлкен сыртқыядқа ийе.Бундай ўақытта турақлы информация,яғный ҳәр қыйлынормативлер, баҳалар,тарифлер ҳәм жобадағы мағлыўматлар, жыл даўамында өзгермейтуғын ҳәмЭЕМ ның сыртқы ядында сақланыўы керек.Кейин ала турақлы информацияға өзгерис киргизилиўин көрип шығыў керек, экономикалық информацияның кодлаў системасын ислеп шығыў керек. Ҳәр қыйлы формадағы ҳүжжетлерди қатаң түрде унификациялаў ҳәм стандартластырыў керек. ЭЕМ да информацияны автоматластырыў тийкарғы банкмағлыўматларын жаратып бере алмайды.АБС дағыкомплексли экономикалық системаныңинформация пенен тәмийинлениўин, шығыс ҳүжжетлериниң формаларын таярлаўды билдиреди, стандартлардың өлшеми, дүзилиси бойынша аңсат, ЭЕМ даавтоматикалық толтырыўды жолға қойыў керек.АБС дағыкомплекслимакроэкономикалық анализге тийисли системаныңматематиклық жақтан тәмийинлениўи төмендеги сораўлардың шешилиўине жәрдем береди:

  1. Математикалық усылларды таңлаў, усыған уқсас мәселелерге тийисли системаны жаратыў.

  2. Системаға тийисли бағдарламалардаЭЕМдамәселелерди шешиў.

  3. Стандарт кестелер,классик формаға ийе аналитикалық есаплаўларды өткериў.

Барлық дәслепки мағлыўматлар, ақырғы нәтийжелер, есаплаў усыллары кестеге киргизиледи.
Экономикалық хожалық ҳәрекетиниң рәсмийлестириў усылы, қолда ямаса меxанизациялатырыўдың киши дәрежесинен ибарат. АнализдеЭЕМ нан қолланыў усыллары, есаплаў кестеси усылларынан пайдаланыўдан ўаз кешиў керек. Кейнинен формулалар жәрдеминде ЭЕМ дамысалларды иске асырыў ушын оларды шешиўдиң алгоритмин дүзиў керек.ЭЕМтек ғана формулалардыңтилинтүсинеди.Соның ушын дааналитикалық мәселелерди шешиўдиңматематикалық усылындаформулалар жәрдеминде жазылыўы керек. Кейин ала формулалардың жәрдеминде ЭЕМ да мәселелерди шешидиң,алгоритмин дүзиў керек.
Электрон есаплаў машиналарында комплексли макроэкономикалық анализмәселелерин шешиў.
ЭЕМдамәселелерди шешиў ушын төмендегилер белгилеп алыныўы керек:
-мәселелердиң экономикалық әҳмийети, мәселениң аты, оның шешиминиң мақсети,басқарыўорганларының дизими;
-ишкиинформация, өзиниң ишине ҳүжжетлер формасындабелгиленетуғыноперативаxборотты қамтыйтуғын, норматив аxборот;
-шығыс ҳүжжетлери ҳәмде шығыс ҳүжжетлердиң формасын өзине қамтыған, ЭЕМда алынатуғын машиннограммалар;
-басқа мәселелер ушын сақланатуғын мағлыўматлар;
-мәселелердиң кейинги топламы ушын жыйналатуғын информация;
-мәселениң шешиминиң алгоритми, өзиниң ишине керекли қосымшаларды базадан алады(блоксxема дүзилиўи мүмкин).
Мысал ушын төмендеги мәелени көрип шығамыз. Таяр өним жетистириў ҳәм реализация жобасының орынланыўының анализи.Бул анализзаводбойынша өткериледи ҳәмцеxларда топланады.Қун ҳәм өлшемлер жәрдеминде мәселелер шешиледи. Бундай мәселелерди шешиўдиң мақсети– өндиристиң ҳәм таяр өнимниң сатылыўының өз ўақтында ҳәм ритмли оператив анализи. Мәселени шешиў ушын өним жетистириў бойынша дәслепки аxборот, өнимниң накладнойы, жыйнаўшы цеxтың жобалары, жыйналған барлық ҳүжжет заводтыңАXМ га жеткерип бериледи,машиналарға мағлыўматлар өткериледи. Мәселелердиң шешиминиңи нәтийжелери машинаграмма формасында болыўы мүмкин, булар өз гезегинде өнимди сатыўға ҳәм экспортлық бюроғажибериледи.Бундай мәселе ҳәр бирдекада ҳәм ҳәр айда шешиледи.
Мәселениң шешиминиңалгоритми:

  1. дәслепки ҳүжжетлерденаxборотмашинатасыўшыларға өткериледи.Нәтийжедетранспортнакладнойының массивлери пайда болады.

  2. Цеx накладнойлары,буйыртпаның номери ҳәм өнимниңшифры,массивлер бойынша тақланады. Өнимниң номери ҳәм шифры бойынша өним массиви тақланыпдекадаушын накладнойын аламыз.

  3. Формулада, таярланған өнимниң шифры, цеxтың номери ҳәм буйыртпаныңномери қосылып шығады.Комплекслимакроэкономикалық анализдемәселердиң барлық шешимилериниңЭЕМ ға өткерилиўи, оның тезлигин ҳәм сапасын жоқарылатады ҳәм хожалықты басқарыўда нәтийжели қурал болып хызмет етеди.

Демек, кәрханаларда жумыслардың автоматластырылған түрде орынланыўы экономикалық нәтийжеликтиң жоқарылаўына алып келнеди.
Ҳәзиргиинформациятехнологияларының раўажланған жағдайындамакроэкономикалық анализ ҳәм прогнозластырыўда компьютер технологияларынан кең пайдаланылады. Ҳәзирги ўақытта техниканың раўажланыўы нәтийжесинде, көплеген қурамалы ҳәм көплеген жумысшылардың мийнетин орынлаўшы процесслерди бағдарлама арқалы иске асырыў мүмкиншилиги пайда болмақта. Көпшилик жағдайда экономикалық анализ ҳәм прогнозластырыўда математикалық әмелий пакетлерден пайдаланылады, булар төмендегилер: MSExcel,Stata,Eviews,Statistics ҳәм тағы басқалар11.
ӘмелияттаMSExcel,StataҳәмEviews бағдарлама пакетлерден кең пайдаланылады. MSExcel арқалы мағлыўматларды топлаў, оларды қайта ислеў ҳәм статистикалық баҳалаўда пайдаланылады. Мағлыўматларды статистикалық баҳалаў, анализ ислеў ҳәмкөрсеткишлердиң өз-ара байланыслығын баҳалаўдаStata бағдарлама пакетинен пайдаланылады. Бир қанша бақлаў мағлыўматлары тийкарында экономикалық процесслерди эконометрикалық баҳалаў ҳәм прогноз ислеўдеEviews бағдарлама пакетинен пайдаланыў қолайлы болады. Бул процесслерди иске асырыў ушын төмендеги басқышларды орынлаў тийис:

  • MSExcelдеги мағлыўматларды тазаMSExcelге көширип уыфайлды

―сохранит какбуйрығының жәрдеминдеMSExcel5.0/95 формасында сақлаўымыз керек;

  • компьютерде орнатылғанEviews бағдарламасын иске қосып төмендеги процесслерди иске асырыў керек: ―File → ―New → ―Workfile, кейин ала сизде мағлыўматларжыллық,ярым жыллық, шереклик, айлық,ҳәптелик ҳаққындағыбуйрықтытаңлаў керек болады,кейнине мағлыўматлардың басланыў мүддети ҳәм тамам болыў мүддети ҳаққындағы мғлыўматты киргизесиз―eнтeр‖ кнрпкасын басқаннан кейин, таза жумыс бети ашылады;

  • Бар болған мағлыўматлардыEviews бағдарламасына көшириў ушын төмендеги процесслерди иске асырыў керек:―File→―Import→―ReadТext-Lotus-Excel ҳәм Excel 5.0/95 формасында сақланған файл таңланып ―открыть‖ буйрығы бериледи. Кейнинен ҳәр бир көрсеткиштиң аты жазылып ―oк‖ буйрығы бериледи(есиңизге саламыз,Excelдесақланғанмағлыўматлардавергул орнына нуқта қолланылады,көрсеткишлердиң атылатын алипбесинде жазылады).

  • Көрсеткишлердиң өзгериўтенденциялары тийкарында жағдайдыңқайсыфункцияның нызамшылығына тийисли екенлиги анықланып,функцияныңпараметрлери төмендеги буйрықлар арқалы табылады:―Quick→―EquitionEstimation.Алынған нәтийжелер тийкарында процесспрогнозластырылады12.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling