Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet18/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Себеп ҳәм ақыбет категориясы да тиккелей экономикалық анализдиңметодологиялық тийкары ретинде жүзеге келеди. Экономикалық анализде нәтийже ҳәм факторлар түсиниги бар. Экономикалық ҳәрекеттиң нәтийжесинде алынған ҳәр қандай көрсеткиш нәтийже көрсеткиши болып есапланады. Буны философиялық көз-қарастан үйренетуғын болсақ бул ақыбет болып есапланады. Бирақ бундай ақыбет өз-өзинен пайда болмайды. Оның тийкарында бир қанша себеплер бар. Бул себеплер экономикалық анализде факторлар деп аталады. Мәселен, жетистирилген өнимниң көлеми(ақыбет)бир неше факторларға,яғный хызметкерлердиң саны, олардың маманлығы,мийнет өнимдарлығы, қолланылып атырған техналогиялық процесс, шийки-заттың өз ўақтында сапалы тәмийинлениўи сыяқлы факторларға(себеплерге)байланыслы.
Экономикалық анализденәтийжениң өзгериўине факторлардың тәсири анық мағлыўматлар тийкарында анықланады.Демексебептиң ақыбетке тәсири үйрениледи.Булардың ортасындағы байланысты төмендегише сәўлелендириў мүмкин:
3.3-кесте

СЕБЕП

АҚЫБЕТ

ФАКТОРЛАР

НӘТИЙЖЕ

Хызметкерлердиң саны,мийнет өнимдарлығы, тийкарғы қураллар ҳәм олардың нәтийжелиги ҳ.т.б.

Өнимниң көлеми

Себеп ақыбетке алып келгениндей, факторлардың тәсириде қандайда бир нәтийжеге алыа келеди. Унамлы себеп жақсы ақыбет, унамлы фактор жоқары нәтийжеге алып келгениндей, унамсыз себеп жаман ақыбетке, факторлардың унамсыз тәсири нәтийжениң төменлеўине алып келеди.


Форма хәм мазмун категориясы да тиккелей экономикаға, атап айтқанда,экономикалық анализге байланыслы. Форманың өзгериўи мазмунның өзгериўине,мазмунның өзгериўи форманың өзгериўине алып келеди.Экономикада бундай байланыс жүдә айқын түрде болады. Мәселен, ҳаяллар сумкасының формасы шырайлы ҳәм беккем болыўы ушын, оған қымбат баҳалы материаллар, ҳәр қыйлы безеклер пайдаланылады.Нәтийжеде оныңмазмуны, шыдамлылығы, баҳасының қымбатлығы менен өзгереди. Ямаса әпиўайы материалдың орнына сапалыматериал пайдаланылып оның мазмунын байытыў керек болса, оның формасыда өзгереди.
Сонлықтан да себепли экономикалық анализде форма ҳәммазмунбир-бири менен тығыз диалектикалық байланыста болғанлығы себепли методологиялық тийкар ретинде қолланылады. Мәселен, қандайда бир бирлеспениң қурамындағы кәрханалардың саны оның формасын пайда етсе, олардың не менен шуғылланыўы,қандайтехнологиядан пайдаланыўы,қандайкадрлар менен тәмийинленгенлиги сыяқлы тәреплери оның мазмунын қурайды. Булардың ортасындағы байланысты төмендегише сәўлелендириў мүмкин:
3.4-кесте


Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling