Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


-БАП. МАКРОЭКОНОМИКЛЫҚ АНАЛИЗДИҢ МЕТОДОЛОГИЯСЫ ҲӘМ УСЫЛЛАРЫ


Download 2.93 Mb.
bet5/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

2-БАП. МАКРОЭКОНОМИКЛЫҚ АНАЛИЗДИҢ МЕТОДОЛОГИЯСЫ ҲӘМ УСЫЛЛАРЫ


ЖОБАСЫ:
2.1. 2022-2026- жылларға арналған Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясыныңи миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсим пәтлерин тәмийинлеў
2.2. Макроэкономикалық анализдиң әҳмийети ҳәм оның басқарыўдағы орны.Макроэкономикалық анализдиң өзине тән өзгешеликлери

2.3. Макроэкономикалық анализди иске асырыўдың методологиясы.Анализдиң методологиясын қәлиплестириўде системалы ҳәрекет


2.1 2022 – 2026-жылларға арналған Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсим пәтлерин тәмийинлеў
Миллий экономиканы реформаластырыўда сыртқы саўда, салық ҳәм финанс сиясатын либералластырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм жеке мүликтиң қол қатысмаслығын герантиялаў, аўыл-хожалық өнимлерин терең қайта ислеўди шөлкемлестириў ҳәмде аймақларды жедел раўажландырыўды тамийинлеў бойынша тәсиршең илажлар қорилди.
Кейинги бес жылдағы реформалардың нәтийжесинде мәмлекетимизде Жаңа Өзбекстанды курыўдың зәрүрли сиясый -ҳуқықый, социал-экономикалық ҳәм илимий-ағартыўшылық тийкарлары жаратылды.
Раўажланыў стратегиясының бағдарлары:

  • инсанның қәдирин жоқарылатыў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетти буннан былайда раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет қурыў;

  • мәмлекетимизде әдалат ҳәм нызам үстемлиги принциплерин, раўажланыўдың ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў;

  • миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсим пәтлерин тәмийинлеў;

  • әдалатлы социаллық сиясат жүргизиў, инсан капиталын раўажландырыў;

  • руўхый раўажланыўды тәмийинлея ҳәм тараўды жаңа басқышқа алып шығыў;

  • миллий қызығыўшылықлардан келип шығып улыўмағалабалық машқалаларды шешиў;

  • мәмлекетимиздиң қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў потенциялын күшейтиў, ашық, прагматик ҳәм актив сыртқы сиясатты жүргизиў.


Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling