Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet3/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Пәнди оқытыўдың мақсети – талабаларға заманагөй базар экономикасы жағдайында мәмлекет экономикасының анализи ҳәм де прогнозы ушын талап етилетуғын теориялық ҳәм әмелий мәселелер ҳаққындағы билимлерди бериў болып есапланады.
Пәнниң ўазыйпасы – талабаларды экономикадағы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлердиң анализин иске асырыў; экономиканың турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ушын зәрүр болған заманагөй билимлер менен қуралландырыў; оларға миллий есаплар системасы (МЕС) бойынша тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлерди есаплаў усылларын үйретиў; мәмлекеттиң экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын прогнозластырвў; экономикалық нызамлардың бюджетсалық, пулкредит тараўында қолланыў өзгешеликлерин көрсетиў; талабаларда макроэкономикалық процесслерди, экономикалық операцияларды анализ ислеў тийкарында оларды нәтийжели басқарыў бойынша еркин қарарларды қабыллаў қонликпелерин қәлиплестириў; прогнозлаўдың барлық усылларынан кең пайдаланған түрде, экономиканың анық бир тараўындағы раўажланыўды прогнозлаў ҳәм оларды раўажландырыў жоллары ҳаққында теориялық ҳәм әмелий билимлерге ийе болыўын тәмийинлеўден ибарат.


1.2. Макроэкономикалық анализ ҳәм миллий есаплар системасының экономикадағыроли
Макроэкономикалық анализҳәр қыйлы экономикалық өзгерислер арасындағы функционал өз-ара байланыслардың параметрлерин баҳалаўдан ибарат. Макроэкономикалық анализ өткерилгенде, социал-экономикалық процесслерди моделлестириў кең қолланылады.
Макроэкономикалық анализдиң қураллары төмендеги моделлер болып есапланады: эконометрикалық, дәўирлик қатарлар, имитациялық, улыўмалық теңсалмақлылық. Жоқарыдағы айтылған моделлер миллий есаплар системасында ҳәрекеттеги, өзгермес баҳалардағы өсим ҳәм қосымша өсим пәтлеринде дүзиледи.
Миллий Есаплар Системасы макроэкономикалық есаплаўлардың, актив ҳәм пассив балансларының ҳәм де кестелердиң логикалық избе-из, толық топламынан ибарат.

Өзбекстан, халықтын жан басына 1046-4125 долл дәрамат (УИӨ) дәрежесине ийе мәмлекетлер қатарында жайласқан (low-middle income). 2030-жылға шекемги ўазыйпа – халықтың жан басына 4126-12745 долл дәраматқа ийе мәмлекетлер (upper-middle income) менен салыстырыў мүмкиншилигин бериўши раўажланыў дәрежесине ерисиў болып есапланады. Буған тек ғана кескин экономикалық раўажланыўға жәрдем бериўши, бәсекени түптен жақсылаў арқалы ерисиледи, себеби булардың қатарына “жетип алыў” ушын бир ўақыттың өзинде жетип алыўды ҳәм озып кетиўди нәзерде тутыўшы раўажланыў мәселелерин шешип алыў зәрүр.
Олар халық-аралық дәрежеде келисилген бир қатар терминлер, категориялар ҳәм есаплаўлардың қағыйдасынан ибарат. Есаплаўлардың комплекс системасы экономикалық анализ, қарар қабыллаў ҳәм сиясат, өндиристиң мақсетлери туўры келетуғын дәрежедемағлыўматларды дүзиў ҳәм узатыў мүмкиншилигин береди.
МЕС макроэкономикалық мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм оларды макроэкономикалық анализ ушын керекли дәрежеге системаға түсириўге жәрдем бериўши бухгалтериялық есаптың системасы ретинде ислепи шығылған. Ол миллий экономиканың көрсеткишлериниң анализинде, баҳалаўда ҳәм мониторинг ислеўде әҳмийетли роль ойнаўшы информациятың үзликсизлигин тәмийинлеў ушын халық-аралық бирге ислесиў тәрепиинен тән алынған тийкарлардан ибарат.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling