25-мақсет: Санлы экономиканы тийкарғы «драйвер» тараўға айландырып, оның муғдарын кеминде 2,5 есеге жоқарылатыўға қаратылған жумысларды иске асырыў.
Санлы инфраструктураны буннан былайда раўажландырыў аркалы барлық халық жасайтуғын орынларды ҳәм социаллық объектлерди ҳәм де магистрал автомобиль жолларын кең полосалы байланыс тармақлары менен қамтып алыў.
Экономиканың реал секторында ҳәм де финанс ҳәм банк тараўларында өңдирислик ҳәм операциялық процесслерди санластрыўдың дәрежесин 2026-жылдың ақырына шекем 70 процентке жеткериў.
Дәстүрий өнимлер индустриясының көлемин 5 есеге, олардың экспортын болса 10 есеге көбейтип, 500 миллион АҚШ долларына жеткериў.
26-мақсет: Мәмлекетте инвестиция орталығын буннан былайда жақсылаў ҳәм оның нәтийжелигин жоқарылатып, келеси бес жылда 120 миллиард АҚШ доллары, сонн ишинде 70 миллиард долларлық шет ел инвестицияларын тартыў илажларын көриў.
Инвестициялардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм де экспорттың муғдарын асырыў бойынша, «төменнен-жокарыға» принципи тийкарында, таза системаны жолға қойыў.
2026-жылға шекем Шет еллик ҳәм жергиликли инвестициялардан пайдаланыў стратегиясын иске асырыў.
Мәмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарында энергетика, транспорт, ден-саўлықты сақлаў, билимлендириў, экология, коммуналлық хызметлер, суў хожалығы ҳәм басқа да тараўларға 14 миллиард АҚШ долларына тең инвестицияны киргизиў.
Республика аймақларында ҳәм шет еллик бизнес ўәкиллери ортасында сыртқы экономикалық байланысты орнатыў, атап айтқанда Сырдарья областының Қытай Халық Республикасы, Сурхандарья областының Россия Федерациясы ҳәм де Жиззах областының Ҳиндистан бизнес шеңберлери менен инвестиция ҳәм сыртқы саўда байланысларын раўажландырыў.
Сурхандарья областында «Инвесторларға жәрдем орайы », Наўайы областында Наўайы кән-металлургия комбинаты тәрепинен «Бизнеске жәрдемлесиў орайы» ҳәм Ташкент каласында «Алдыңғы жойбарлар ҳәм инжиниринг орайы» ҳәм ҳәр бир районда «Инновация ҳәм технология орайларын» шөлкемлестирип, исбилерменлерге әмелий жәрдем көрсетиў.
Ташкент каласында ҳәр жылы «Ташкент халық-аралық инвестиция форумын» өткерип турыў.
Do'stlaringiz bilan baham: |