Ҳәзирги заман пулының қәдир-қымбаты не менен өлшенеди?
ондағы алтынның муғдары;
баҳалардың дәрежеси;
абсольют ликвидлилиги;
айланыстағы пул муғдары;
мәмлекеттиң алтын запасы.
Пул агрегатларыи, бул...
ликвидлилик дәрежеси ҳәр қыйлы болған барлық пуллардың белгиленген қатнасларындағы улыўма массасы;
нақ пуллар ҳәм электрон пуллардың белгили бир қатнастағы пул массасы;
шеклер, қымбат баҳалы кағазлар топламы;
нақ болмаған пуллардың белгили бир қатнастағы массасы;
нақ пуллар ҳәм қымбат баҳалы қағазлардың белгили бир қатнастағы массасы.
Демонитизация дегенде нени түсинесиз.
қағазға пуллардың қәдирсизлениўи;
пулдың жарамсыз жағдайға келиўи;
қағаз пулды еркин түрде алтынға алмастырыў;
пулдың баҳа масштабын алмастырыў;
алтынның пул функциясын орынлаўының тоқталыўы.
Классикалық экономиканың ўәкиллери товардың қуны, қандай мийнеттиң жумсалыўын сәўлелендиреди деп есаплаған?
индивидуал;
зәрүрли;
қосымша;
жәмийетлик-зәрүрли;
артықша.
Мийнеттиң интенсивлиги деген не?
мийнеттиң анық бир түриниң онимдарлығы;
мийнеттиң жумсалыў тезлиги ҳәм жеделлиги;
қолланылатуғын мийнет муғдарының көбейиўи;
қолланылатуғын мийнет муғдарының қысқарыўы;
мийнет өнимдарлығы.
Реал ис ҳақының өзгериў дәрежесин, номинал ис ҳақының дәрежеси ҳ.т.б...:
товар ҳәм хымет баҳаларының дәрежеси;
пайданың нормасы;
салыққа тартыў ставкасы;
жумыс ўақтының узақлығы;
мийнет өнимдарлығы менен салыстырыў арқалы анықлаў мүмкин
Do'stlaringiz bilan baham: |