Төлем балансы — белгили бир дәўирде мәмлекеттиң резидентлери ҳәм сыртқы дүнья ортасындағы питимлердиңстатистикалық дизимге алынған ҳүжжети болып есапланады. Ол мәмлекеттиң экономикалық байланысларын анық-түсиникли түрде сәўлелендирип,пул-кредит, валюта, бюджет-салық, xалық-аралық саўда сиясатын ҳәм де мәмлекеттиң қарызын басқарыў бағдарларын таңлаўдаиндикатор ўазыйпасын орынлайды.
Мәмлекеттиң белгили бир ўақыттағы барлық халық-аралық экономикалық ҳәрекети, соның ишинде, сыртқы саўда,капиталҳәм жумысшы күшиниңмиграциясы ҳәм төлембалансында өз көринисин табады.Ҳәрқандай сыртқы экономикалық питимвалютаалмаслаў ҳәм валюта операциялары аркалы иске асырылады.
Демек,мәмлекеттиң дүнья базарындағы ҳәрекетиниң нәтийжелери ең ақырында шет ел вальюта түсимлери ҳәм шығынларында сәўлеленеди. Соның ушын да төлем балансын, бир тәрептен, шеттен келетуғын барлық түсимлер, екинши тәрептен болса, шетке шығарылатуғынбарлық төлемлер көрсетилген ҳүжжет деп тусиниў мүмкин.Түсим тек ғанаэкспорттың жәрдеминде тәмийинлениўи мүмкин. Керисинше, шет елтоварларын ҳәмxызметлерин сатып алыў(импорт)ушын төлемлер, шет елвалюта шығынлары менен байланыслы болады. Бунда, Товар дегенде алмасатуғын барлық нәрсетусиниледи, яғный, ол материаллық байлық, xызмет, жумысшы күши,капиталҳәм валюта болыўы мүмкин15.
Төлем балансында барлық экономикалық питимлер үлкен еки группағабөлинеди: күнделикли операцияларҳәмкапиталдың ҳәрекети менен байланыслыоперациялар. Сол себепли төлембалансыныңструктарасы да еки бөлимнен ибарат:
Күнделиклиоперациялардың есабы;
Капиталҳәрекетиниң есабы.
Күнделиклиоперациялардың есабына өним ҳәм xызметлердиңэкспорты «плюс», импорт болса «минус» элементлери менен белгиленеди. Яғный, күнделиклиоперациялардың есабында ишки өнимлердиң экспорты кредит ретинде, керисинше,мәмлекетке өнимлерди алып келиў-импорт болса дебет ретинде көрсетиледи. Себеби, өнимлердиң экспорты шет ел валютасына ийе болып,мәмлекеттиңвалюта фондын байтса,импортмамлекеттенвалютаның шығып кетиўине алып келеди. Бул өз гезегинде мәмлекеттиң валюта резервин азайтады.
Do'stlaringiz bilan baham: |