Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet39/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Экспортты анализ ислеў


Ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң экспорт муғдары, сол мәмлекетте жетистирилетуғынтоварлардың шет елге жеткерип бериў уқыплығы,яғныйэкспортты усыныўға, сондай-ақ, шет елликлердиң усытоварды сатып алыўғаболған умтылыўшылығы ямаса,экспортқа болған талабына байланыслы.
Аўыл-хожалығының дәслепки өнимлериндегидей, экспорт ҳаққында сөз болғанда ҳәр қандай мәмлекет, дүнья жүзилик базардаанықланатуғын,бeлгиленетуғын баҳа бойыншатоварларды жеткерип бериў имканиятына ийе болған муғдардағы товарларды сатыўы мүмкин4. Бул, биринши гезекте, тазадан пайда болған киши мәмлекет гипотeзасына туўры келеди.Бундай жағдайдаэкспорттың муғдарын мәмлекеттиң ишинде усындай усынысларды анықлаўшы ҳәрекетлердиң жәрдеминдепрогнозластырыў керек.Улыўма алғанда анализди2 басқышқа бөлиў мүмкин:
Бириншиден, мәмлекет ишиндеги өндиристи анықлаўшы факторлардың анализи.
Екиншиден, өндиристиң улыўма көлеми, экспортты анықлаў басқышында тийкарғыролди баҳастимуллары ойнайды19. Өндириске тәсир етиўши баҳастимули болып, бундай жағдайда ишки өнимлердиң баҳасы ҳәм өндиристеги зыянлардың бир-бирине қатнасы есапланады. Өндиристиң улыўма көлеминиң қандай бөлиминиң экспортқа жиберилиўи, ишки баҳа ҳәм сол товардың шет елде сатылыўы мүмкин болған баҳасы арасындағы қатнас пенен анықланады.
Экспорт усынысының эмпирик формуласы төмендеги әпиўайыластырылған теңлемеге тийкарланған болыўы мүмкин:
X/Px = f[Px/Py, Yp, GAP](+) (+) (-)
бул жерде,
X-экспорттың миллий валютадағы баҳасы;
Px-импорттың миллий валютадағы баҳҳасы;
Py-миллийвалютадағы ишки баҳалар;
Yp-экспорт секторының өндирислик қуўатлығы;
GAP-қанаатландырылған ишки талап.
Салыстырмалы баҳаның өзгериўи алмасыў курслары, экспорт салықлары ямасасубсидиялар ҳәм ишки зыянларға тәсир көрсетиўи мүмкин.Алмасыўкурсының төменлеўиэкспорт баҳасының миллийвалютадағы баҳасының жокарылаўына алып келеди ҳәм буның нәтийжесинде өнимди мәмлекеттиң ишинде сатылған баҳаға карағанда, экспорттың пайдалылығы жоқарылайды. Сондай-ақ,экспортсубсидиялары да усы ўаыта өзиниң тәсирин көрсетеди88.
Экспортсeкторының бундай өндирислик қуўатлығы,экспорт көлеминиң өсиўин шеклеўи мүмкин. Әмелиятта бундай ўазыйпаны эмпирикбаҳалаў орынлайды. Егер экспортлық өним,ишки базарда да сатылса, онда экспорттың көлемине усы мәмлекеттеги талаптыңң артықшалығы тәсир етиўи мүмкин. Өндирислик қуўатлықтың бундай дәрежедеги дәўиринде талаптың артықшалығының төменлеўи өндириўшилер ушын, өндиристиңрeнтабeллигин сақлап турыўда,экспортқа жиберилетуғын өнимниң сатылыўын жокарылатыўға мүмкиншилик жаратады.
Экспорттың айырымкатeгориялары ушын,экспорттың көлемин талап факторлары тийкарындапрогнозластырыў мақсетке муўапық болады.Бундай жағдайда ҳәр қыйлы мәмлекеттиң экспорт өнимге болған талабына, сол мәмлекеттиң ири саўда шериклеринен есапланған мәмлекетлердеги дәраматтың дәрежеси, сондай-ақ, сол мәмлекет экспортының баҳасы ҳәм экспорт базарларына мәмлекет экспортының баҳасы ортасындағы қатнас ҳәм олар ҳаққындағыфакторлардан пайдаланылады.Экспортқа болған талапфункциясын төмендегише анықлаў мүмкин89:
x/Px=f[WD/Pw,Px/Pn]
бул жерде,
X-экспорттыңмиллийвалютадағы баҳасы;
WD - миллий валютада сәўлеленген дүнья-жүзилик талап;Рx-импорттың миллийвалютадағы баҳасы;
Pw-миллийвалютадағы дүнья-жүзилик баҳалар;
Pн-миллийвалютада сәўлеленгенэкспорт бәсекелери ҳәмимпорттың орнын басыўшы талаплардың баҳасы.
Жоқарыда кeлтирилген теңлемеден көринип турыпты, экспортқа болған талап, сол мәмлекеттиң өнимине болған дүнья-жүзилиниң талабы менен анықланады. Сондай-ақ,бул сол мәмлекеттиңэкспорт өниминиң қандай дәрежеде сатылыўы, сол базардағы бәсекелеслердиң, экспорт баҳасының ортасындағы қатнасына да байланыслы.
Талап ҳәм салыстырмалы баҳалардың өзгериўи ҳаққындағы модeлди дүзиў ушын белгили бир усыллар жәрдеминде, саўда бойынша шериклес мәмлекетлердеги дәрамат ҳәм баҳа ҳаққындағы мағлыўматлар керек болады.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling