Бюджет–салық сиясатының әҳмийети ҳәм усыллары.
Мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпаларыныңбириэкономиканы турақластырыў болып есапланады.Бундай турақластырыўға монетарсиясат қураллары менен бир қатардафискалсиясат арқалы да ерисиледи.Фискалсиясат, бюджет-салық сиясаты деп те аталады.
Бюджет-салық сиясаты дегенде,инфляцияға ушырамаған УИӨ жетистириў жағдайында экономикада толық бәнтликти,төлем балансының теңсалмақлылығын ҳәм экономикалық өсимди тәмийинлеўге қаратылған мәмлекетлик шығынлар ҳәм салықларды өзгертиўди өз ишине алған илажлар түсиниледи.
Экономика турғынлық ямаса пәсейиў дәўиринде болғанда, мәмлекет тәрепинен хошаметлеўши фискал сиясат-фискал экспансия иске асырылады.Яғный, мәмлекет кысқа мүддетте экономиканың пәсейиў машқаласын мәмлекеттиң шығынларын көбейтиў ямаса салықларды азайтыў, ямаса екиўинде бир ўақытта иске асырыў аралы шешеди.Узақмүддетте мәмлекет шығынларының жокары дәрежеде болыўы ҳәм салықларды айтыў, өндирислик факторлардын жоқарылаўына нәтийжеде, экономикалық потенциялдың көтерилиўине тәсир етиўи мүмкин. Бирақ, буған Орайлық Банк тәрепинен жүргизилетуғынпул-кредитсиясатынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик шығынлардың дәрежесин мақул болған көлемге алып келиў менен ерисиў мүмкин. Экономикада толық бәнтлик ҳәм артықша талаптың нәтийжесиндеинфляцияның келип шығыўы мүмкин болғанда, шеклеўшифискалсиясат, рестрикция жүргизиледи. Шеклеўши фискал сиясат мәмлекеттиң шығынларын (G) азайтыў ямаса салықларды (Т) көбейтиў ямаса екеўинде бир ўақытта иске асырыў арқалы, экономиканың дәўирлик өсиўин шегералаўдан ибарат. Қысқа мүддет ишинде, бундай илажлар талапинфляциясын азайтады.Узақмүддетлидәўирлерде болса жоқары дәрежедеги салықлар экономикадастагнацияға алып келиўи мүмкин.Бул болса, мәмлекеттиң экономикалық потенциялын изден шығарады.Буған мәмлекеттиң ғәрежетлеринен нәтийжесиз пайдаланыў қосымша түртки болады.
Мәмлекеттиң шығынлары, салық ҳәм балансласқан бюджет мультипликаторлары.
Қысқамүддеттебюджет-салық сиясаты мәмлекеттиң шығынлары,салық ҳәмбалансласқанбюджетмультипликаторларының нәтийжели тәсиринде болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |