Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Көрсеткишлерди есаплаў машқалалары


Download 2.93 Mb.
bet29/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

5.3Көрсеткишлерди есаплаў машқалалары

Инфляцияны баҳалаўдың әпиўайы усыллары шығынлардың жокарылаўыпрогнозлардың тийкары болып есапланады. Бирақ инфляцияны бундай баҳалаў тек ғана шама менен болыўы мүмкин, себеби, ўақты келип баҳалардың жоқарылаўының пүткил экономикаға сезилерли дәрежедеги тиккелей тәсири жүз бериўи мүмкин. Буннан тысқары, белгили дәўир ишиндеги баҳалардың өзгериўи тек ғана усы дәўирдеги шығынлардың жоқарылаўын емес, ал келешектеги дәўирдеги шығынлардың жокарылаўының даўам етиўин билдиреди.


Тутыныў баҳаларыныңиндекси(ТБИ)–бул,резидентлертәрепинен тутынылатуғынимпортҳәммамлекеттиң ишинде жетистирилгентоварлардың белгили себеттеги баҳаиндекси болып есапланады.Буннан өзгеше түрдеУИӨдефляторы–бул,ҳәмишки тутыныў,ҳәмэкспортушын жетисти рилген барлық товарлар баҳасының индекси. Бунда, тутыныў баҳаларының индекси (ТБИ) ҳәм УИӨ дефляторының өзгериўиндеги парықлар бақланады. Егер импорт баҳалары,экспорт баҳаларына қарағанда көбирек дәрежеде жоқарыласа, ТБИ арқалы сәўлеленгенинфляцияның дәрежеси,басқа да жағдайлар теңдей болғанда, УИӨ дефляторы арқалы сәўлеленген инфляцияның дәрежесинен жоқары болады77.
Қағыйда бойынша шығынлардың жокарылаўтенденциясына төмендегилердиң өзгериўи тәсир етеди:

    • Дүнья-жүзилик саўдадағы баҳаның дәрежеси(шет елвалютасында);

    • номиналалмасыўкурслары;

    • ис ҳақының муғдары;

    • жанапай салықлардың муғдары.

УИӨ бойынша мағлыўматлар, өндиристиң көлемин ҳәмрезидентлердиң экономикалық жетискенлигин анықлаў ушын қолланылса да, бундай ҳәрекет төрт кемшилиги менен ажыралып турады:
бириншиден, өнимниң айырым түрлерин анық өлшеўдиң илажы жоқ, себеби олар базарлардағы алды-сатты предмети болып есапланбайды,олардың қатарына мәселен, мәмлекетлик хызметлер,жәмийетшилик жумыслар көринисиндеги ҳәрекетлер, базар, жәрдемши хожалықларды жүргизиў ҳәм турақ-жай баҳалары киреди;
екиншиден, миллий есап бетлери, товарлардың сапасын жоқарылатыўдыадекват емес түрде сәўлелендиреди,мәселен,компьютер сапасының кескин жокарылаўы арқалы оның баҳасы төменлеўи мүмкин;
үшиншиден, экономикалық ҳәрекеттиң айырым түрлери, турмыста жағымсыз ҳәрекет пенен, мәселен, жынатшылық, қоршаған орталықты патаслаў ямасамиллий топылысларға қарсы гүресиўди өз ишине алса да, УИӨ ге үлес қосатуғын ҳәрекетлер болып есапланады, УИӨконцепциясы бундай зыянлы ҳәрекетти сапластырыўды нәзерде тутпайды;
төртиншиден,миллий есап бетлеринде қоршаған орталықтытың патасланыўы ямаса тәбийғыйресурслардың тамамланыўы,яғный раўажланып атырған мәмлекетлер ҳәм өтиў экономикасына ийе болған мәмлекетлер ушын, айрықша әҳмийетке ийе болған машкалалар есапқа алынбайды.
Экономикада өндиристиң көлемин анықлаўдатез-тезушырасып туратуғын қәтешиликлердиң және бир себеби – онда жасырын ямаса сырлы питимлер дүзилетуғын қара базардың бар екенлиги.Хожалық жүргизиўшисубъектлер ҳәр қыйлы себеплер мененсалықлардан қашыў, нызамлар ямаса рәсмий қағыйдаларды бузыў ушын, нәшебентлик затлар менен саўдалардыямасаконтрабандакоринисиндеги жасырын ҳәрекетти иске асырыўоперацияларын жасырыўға урынады.Көпшилик мәмлекетлерде жасырын экономиканың муғдары жүдә кең болғанлығы ушын, бунддай рәсмий емес секторғаболған дыққат кескин жокарыламақта. Қара базардағы операциялар тийкарынаннақ пул жәрдеминде иске асырылғанлығы себепли, қара базардың көлемлери көпшилик жағдайда нақ пулдағы активлердиң муғдары бойынша баҳаланады.
Тийкарғымакроэкономикалық көрсеткишлердиң бири бул– улыўма ишки өним болып есапланады. Улыўма ишки өним - бул белгили бир дәўир ишинде (бир жыл) кимтәрепинен жетистирилгенлигине қарамастан, мәлекет аймағында жетистирилген барлық ақырғы товарҳәмxизметлердиң базар баҳасы болып есапланады.
УИӨ –бул қандайда бир мәмлекетте жайласқан кәрхана ҳәм шөлкемлерде жетистирилген товарҳәмxызметлердиң улыўма жыйындысынан ибарат.
Улыўма ишки оним3 усыл бойынша анықланады;

      1. өндирислик усыл- бунда улыўма ишки өним барлық қосылған қунлардың жыйындысы ретинде анықланады.

Улыўма ишки өним=ΣҚҚ

      1. Шығынлар усылы-бунда ақырғы тутыныўшылардың шығынларыңың жыйындысы ретинде анықланады.

Улыўма ишки өним= С+ И+•Г + Xн
Бул жерде C - жеке тутыныў шығынлары; И- инвестиция шығынлары, яғный жеке ишкиинвестициялар:Г-мәмлекетлик шығынлар яғныйтоварҳәмxызметлерди мәмлекетиң сатып алыўы: Xн -шет елликлердиң шығынлары. Яғный тазаэкспорт:

      1. Дәраматлар усылы–бундаулыўма ишки өним барлық ақырғы тутыныўшылардың дараматларының жыйындысы ретинде анықланады. Соның менен бирге улыўма ишки өнимниң қурамына бизнестеги жанапай салықлар ҳәмамортизация қосылады.

УИӨ = амортизация + бизнестеги жанапай салықлар + ижара ҳақы + процент көринисиндеги дәраматлар + жалланба жумысшылардың ис ҳақы + жеке тәртиптегиқойылмалардың дәраматлары+корпорацияның пайдасына салықлар+дивидентлер+корпорацияның бөлистирилмеген пайдасы.
Көпшилик алымлар УИӨ ди экономиканың ең жақсы көрсеткиши деп есаплайды.АҚШ экономика министрлиги тәрепинен ҳәр үш айда есапланатуғын статистикалық мағлыўматлар экономикалық ҳәрекеттиң нәтийжелерин бирден-бир баҳа көрсеткишинде сәўлелендириўге арналған. УИӨ ди төмендегише түсиниў мүмкин:
•Барлық экономикалықагентлердиң улыўма дәраматы
•Товарҳәмxызметлерди жетистириўдеги шығынлардың улыўма муғдары.
УИӨ экономиканың жағдайын характерлеўи мүмкин, себеби инсанлар дәраматтың азына қарағанда оның көбирек болыўын мақул көреди. Сол себепли товарҳәм хызметлерди жетистириўдиң көлеми қаншелли жоқары болса жеке, өндирислик ҳәм мәмлекетлик мүтәжликлерди қанаатландырыўдың дәрежеси соншелли жокары болады.
УИӨ бир ўақыттың өзинде ҳәм экономикадағы дәраматты, ҳәм өндиристеги шығынларды өлшейди себеби ең кейнинде бул муғдарлар бирдей: пүткил экономика ушын дәраматлардың көлеми шығынлардың көлемине тең болыў тийис. Буған исениў ушын, биз миллий есап санақты, УИӨ ҳәм оның менен байланыслыбирқатаркөрсеткишлерди өлшеўдиңстатистикалық системасын уйрениўимиз тийис.
УИӨ экономикадағы пул ағымларын сәўлелендиреди. Биз оны еки усыл менен есаплаўымыз мүмкин. УИӨ – бул нан нанды жетистириўден алынған улыўма дәрамат болып, ол ис ҳақы ҳәм пайданың жыйындысына тең. Соның менен бир ўақытта, УИӨ – бул нанды сатып алыўға жумсалған шығынлардың улыўма муғдары.
Дәраматлар ҳәм шығынлардың теңлиги, есапқа алыў қағыйдаларынан келип шығады: онимлерди сатып алыўдағы барлық шығынлар әлбетте усы өнимлерди жетистириўшилердиң дәраматы есапланады. Бул қағыйда бойынша шығынлардың муғдары, жүз бериўи мүмкин болған ҳәр қандай питимниң нәтийжесинде дәраматтың өзгериўиде жүз береди ҳәм дәрамттың өзгериўине алып келиўши ҳәр қандай питимниң нәтийжесинде шығынлардың муғдарыда өзгереди. Мәселен, фирма үй xожалықларына 1 дана нанды көбирек жетистиреди ҳәм сатады.Бундай операциядананға болған шығынлардың улыўма муғдары көбейеди, бирақ бунда дәраматлардың улыўма муғдары да өзгереди. Егер фирмаға қосымша нанды жетистириў ушын, қосымша хызметкерлерди жаллаў талап етилсе, онда ис ҳақының улыўма муғдары да жокарылайды. Егер фирмақосымша нанды, қосымша хызметкерлерден пйдаланбастан жетистирсе(өндирис процессиниң нәтийжелирек етип), онда пайда көбейеди. Еки жағдайда да шығынлар да,дәраматларда бирдей муғдарға көбейеди.
Тек нан жетистирилип атырған гипотетик экономикада биз УИӨ ди нанды сатып алыўға жумсалған барлық шығынларды қосып әпиўайы етип есаплаўымыз мүмкин. АҚШ та УИӨ ди есаплаў бираз қыйын ўазыйпа болып есапланады. Бундай ири ҳәм қурамалы экономикада УИӨ ди есаплаўдатовар ҳәм xызметлерге жумсалған шығынларды туўрыдан-туўры қосып қойыпты деп пикир жүргизиўге болмайды. УИӨ түсиниги ҳаққында анық түсинике ийе болыў ушын оны қәлиплестириўдиң тийкарғы принциплерин билиў керек.
Айтайық тек ғана бирт түрдегитоваржетистирип атырған экономикада фирма нан жетистириўди көбейтиў ушын қосымша жумысшыларды жаллайды, оларға ис ҳақы төлейди,кейин болса қосымша жетистирилген нанды фирма сата алмайды. БуЛ УИӨ ниң муғдарына қандай тәсир етеди?
Бул сораўға жуўап, сатылмай қалған нанның не болғанлығына байланыслы. Бир тәрептен, егер нан таслап жиберилген болса, онда фирманың пайдасы қосымша төленген ис ҳақының муғдарына азаяды.Бундайоперацияшығынлардың муғдарына да, дәрамттың муғдарына да тәсир етпегенлиги себепли УИӨ ниң муғдары (оның ис ҳақыға туўры келетуғын бөлеги енди көп, пайданың үлесине туўры келетуғын бөлеги аз болыўына карамастан) өзгерместен қалады.Басқа тәрептен, егер нан оны кейин ала сатыў ушын резервке алып қойылған болса,ондамиллий есап санақ принциплерине муўапық,булоперациябасқаша есапқа алынады.Бундай жағдайда пайда азаймайды, себебибул фирманың ийелери,фирманың резерви ушын нан ―сатып алыўы менен бирдей. Солай етип, УИӨ ниң муғдары жоқарылайды: көбирек ис ҳақы себепли дәрамат жокарылайды, резервтиң топланыўы себепли шығынлардың муғдары да көбейеди.
Улыўмалық қағыйда соннан ибарат,фирматоварлардың резервин көбейткенде, резервтеги инвестициялардың муғдары ҳәм шығынларға, ҳәм дәраматларға қосылады. Солай етип, егер өндиристиң нәтийжесинде резервлердиң қосымша көбейиўи жүз берсе, бунда УИӨ ниң көлеми тиккелей сатыў ушын жетистирилгениндей жоқарылайды.
Биз УИӨ ниң анализин экономикада жетистирилгентоварнанды есаплаў усынысынан басладық.Ҳақыйқатында болса экономикада сезилерли муғдардағы ҳәр қыйлытоварларҳәмxызметлер:нан,гамбургерлер, автомобиллер, шаштарез хызметлери ҳәм тағы басқалар жетистириледи. УИӨ де бундай түрдеги товарлардың қуны қиймати бир көрсеткиш пенен сәўлелендириледи.Экономикада жетистирилип атырғантоварлардың ҳәр қыйлылығы УИӨ ди есаплаўды қыйынластырады, себеби барлықтоварлар ҳәр қыйлы қунға ийе.
Мысал ушын экономикада үш апелсин ҳәм төрт алма жетистириледи. Биз УИӨ ди калайынша есаплаймыз? Биз алма ҳәм апелсинлпрдиң муғдарын әпиўайы түрде қосып УИӨ де мийўелердиң саны жети бирликке ийе деп айтыўымыз мүмкин. Бирақ бул тек ғана алмалар ҳәм апелсинлер бирдей қунға ийе болғанда ғана иске асыўы мүмкин,бул қәте.
Ҳәр қыйлы товарлардң улыўма баҳасын есаплаў ушын биз олардың баҳасы ретинде олардың базар баҳасын қолланамыз.Базар баҳасының қолланыўыныңсебеби ол адамлардың белгили биртовар ямаса хызметлер ушын төлеўге таяр болғанпулмуғдарын өзинде сәўлелендиреди. Егер алмалардң данасы 50 цент болса,апелсинлердиң данасы 1доллар болса,УИӨ төмендегиге тең болады:
УИӨ=(алманың баҳасы*алмалардың саны)+(апелсинниң баҳасы*апелсинлердиң саны)
с=(0,50*4) +(1.00*3)= 5.00
УИӨ 5 долларға тең, ягный барлық алмалардың баҳасы (2 доллар) барлықапелсинлердиң баҳасы (3доллар) жәми 5 доллар.
Көпшилик товарларды жеттстириў бир қанша басқышлардан өтеди: бирфирмада шийки-зат аралық өнимге айланады ҳәм кейнинен басқа фирмағатаяр өним өндириў ушын сатылады.Бундайтоварларды УИӨ ди есаплаўда қалайынша есапқа алыў тийис? Айтайық фермерМак Доналдсқа 0.50 долларға гөш сатады, МакДоналдс болса Сизге гамбургерлерди 1.50 доллардан сатады. УИӨ де гөштиң де, гамбургердиң де баҳасы (2 доллар муғдарында) есапқа алыныўы керек пе ямаса тек гамбургердиң баҳасы ма? (1.5 доллар).
Бул сораўдың жуўабы төмендегише болады: УИӨ ге тек ақырғы өнимлердиң баҳасы киргизиледи. Солай етип,гамбургердиң баҳасы УИӨ ниң бир бөлеги болып есапланады. Гөштиң баҳасы болса жоқ; УИӨ 2 долларға жетеди, тек ғана 1.5 долларға көбейеди. Буның себеби соннан ибарат, аралық өнимниң баҳасы, ақырғы өнимниң баҳасына қосылып турыпты. Аралық өнимниң баҳасын, ақырғы өнимниң баҳасына қосыў еки мәртебе есаплаўға, алып келеди–яғный гөш еки мәртебе есапқа алынған болады. Солай етип, УИӨ– ақырғы өним ҳәмxызметлердиң улыўма баҳасынан ибарат.
Барлық ақырғытовар ҳәм xызметлердиң баҳасын есаплаў усылларыныңбири, өндиристиң ҳәрбирбасқышында, қосылған қунларды қосыўдан ибарат.Фирманың қосылған қуны жетистирилген өнимниң баҳасынанфирманың сатып алған аралық өнимниң баҳасын алып таслағанға тең.Гамбургеркелтирилгенмысалда,фермертәрепинен қосылған қун 50 центке тең (фермер ҳеш қандай аралық өнимди сатып алмаўы нәзерде тутылады). МакДоналдстәрепинен қосылған қун (1.50 доллар - 0.50 доллар) 1.00 долларға тең. Солай етип, улыўма қосылған қун, 0.50доллар+1.00доллар=1.50долларғатең. Пүткил экономика ушын қосылған қунның улыўма муғдары барлық ақырғы товарҳәмxызметлердиң базар баҳасына тең болыўы тийис. Солай етип, УИӨ ди,барлықфирмалардың қосылған қунларының дыйындысы ретинде де сәўлелендириў мүмкин.
Көпшилик товар ҳәм xызметлер УИӨ де олардың базар баҳасы бойынша есапқа алынғанлығы менен, айырым товарларҳәмxызметлербазарда сатылмайды демек баззар баҳасына ийе емес. Бундай хызметлердиң баҳасы УИӨ ге киргизилиўи тийис болғанлығы ушын,бизоны өткериўимиз тийис.Бундайбаҳалаў, шәртли түрде өткерилген баҳалар деп аталады.
Шәртли түрде өткерилген баҳа,мәселен турақ-жай тараўындағы хызметлерди баҳалаўда қолланылады. Турақ-жайды ижараға алып атырған инсан, xызметлер ушын ҳақы төлейди ҳәм үйдиң ийесин дәрамат пенен тәмийинлейди: ижара ҳақы УИӨ ге үй ийесиниң дәрамты ретинде де, турақ-жайды ижараға алыўшының шығынлары ретинде де киргизиледи, соның мененш бирге көпшилик адамлар жеке үйлерде жасайды. Олар ижара ҳақы төлемесе де,бирақолар турақ-жайды ижараға алғанлар сыяқлы усындай хызметлерден пайдаланады. Солай етип, жеке үй ийелериниң пайдаланатуғын хызметлерин есапқа алыў ушын УИӨ ниң қурамына олардың өзлериниң-өзлерине -төлейтуғын ―ижара ҳақысы киргизиледи. Әлбетте олар өзлерине ҳеш кандай ижара ҳақы төлемейди. Саўда министрлиги олардың турақ-жайды ижараға алғанларында төлеўи мүмкин болған ижара ҳақының муғдарын баҳалайды ҳәм бул шәртли өткерилген баҳаның муғдарын УИӨ ге киргизеди. Бундай ижара ҳақы үй ийелериниң ҳәм шығынлары ҳәм дәрамтлары ретинде есапқа алынады.
Мәмлекет тәрепинен көрсетилген хызметлер де усындай етип баҳаланады.Мәселен, халыққаполицияшылар, от өшириўшилер,сенаторларxызметкөрсетеди.Бундай хызметлердиң баҳасын анықлаў қыйын, себеби олар базарда сатылмайды ҳәм базар баҳасына ийе емес. УИӨ қурамында бундай хызметлер, оларды көрсетиўге кететуғын шәртлерге муўапық есапқа алынады.Бул усы мәмлекеттеги хызметлердиң баҳасының көрсеткиши болып олардың ис ҳақысыз хымет етиўин билдиреди.
Көпшилик жағдайда,бундай есапқа алыў ҳақыйқатында да зәрүр болса да,бирақ турмыста иске асырылмайды. УИӨ де өзлериниң үйлери ушын шәртли түрде өткерилген ижара баҳасының есапқа алынғанлығы ушын да логикалық жақтан оның жеке мүлки болған автомобиллер, қымбат баҳалы буйымлар ҳәм узақ мүддет пайдаланатуғын басқа да товарлары ушын шәртли түрде өткерилген ижара баҳасы киргизилиўи тийис, бирақ турмыста бундай исленбейди. Буннантысқары айырым товарлар үйлерде таярланады ҳәм тутынылады ҳәм де ҳеш қашан базарға шықпайды. Мәселен, үйде таярланған аўқат, ресторандатаярланған аўқаттан парық етпейди, бирақ аўқатты үйде таярлаў процессинде қосылған қун УИӨ ге киргизилмейди. Яғный, УИӨ ге нызамсыз таярланған ҳәм сатылған товарлардың баҳасы киргизилмейди.Мәселен, нәшебентлик затлар.Шәртли өткерилген баҳаларды есаплаў методикасы қурамалы болмағанлығы ҳәм көпшилик товарлар ҳәм де xызметлердиң баҳасы УИӨ ге киргизилгенлиги себепли, УИӨ экономикалық ҳәрекет нәтийжелериниң идеалкөрсеткиши болып есапланбайды. Усыған карамастан бундай қәтеликлер УИӨ ниң әҳмийетин төменлетпейди. Егер қателиклердиң муғдары ўақыттың өтиўи менен оншама көп өзгермесе, УИӨ ҳәр қыйлы жыллар ҳәм он жыллықлардағы экономикалық ҳәрекеттиң нәтийжелерин салыстырыў ушын қолланыўы мүмкин.
Өндиристиң көлемин анықлаўда натурал ҳәм қун көрсеткишлери қолланылады. Бирақ миллий экономикада өндиристиң көлемин натурал бирликлерде иске асырыў мүмкин емес, себебибир-бири менен салыстырып болмайтуғын миллионлаған атамадағытоварҳәмxызметлер бар.
Соның ушын да,миллий өндиристиң көлемин ҳәм дүзилисин анықлаўда қун көрсеткишлеринен пайдаланылады.Бул көрсеткиш еки муғдар жәрдеминде анықланады:

  • өндиристиңнатуралкөринистеги көлеми:

  • баҳаның дәрежеси.

Турмыста миллий есап системасында бахалардың еки түри қолланылады:

  • ҳәрекеттеги ямаса ҳақыйқый баҳалар:

  • өзгермес ямаса салыстырмалы баҳалар.

Усы жылдағы ҳәрекеттеги ямаса салыстырмалы баҳалар жыл даўамында өним жетистириў ҳәм оны тутыныў ортасындағы байланысты анықлаўдақолланылады ҳәм де тәкирар өндиристиң финанслық тәреплерин сәўлелендиреди. Бирақ ҳәрекеттеги баҳалардан өндиристи белгили бир ўақыт даўамында анализ ислеў ушын пайдаланыў мақсетке муўапық болмайды. Себеби олардың ҳәр қандай дәрежеде жокарылаўы ямаса төменлеўи улыўма ишки өним ҳәммиллийдәраматтың көлемине тиккелей тәсир етип, экономиканың ҳақыйқый жағдайын бузып көрсетеди. Миллий экономиканың раўажланыўына ҳақыйқый баҳа бериў ушын өзгермес баҳалардан пайдаланылады.Өзгермес ямаса салыстырмалы баҳалар тийкар етип алынған кайсы бир жылдағы өнимниң баҳасы, анализ исленип атырған дәўир ушын өндиристиң көлемин, қун бойынша баҳалаўда пайдаланылады. Бундай баҳалар өнимниңнатурал көлеминиң өзгериўин анықлаўға имкан береди ҳәм өндиристиң белгили бир ўақыт даўамында ҳақыйқый өзгерисин билдиреди.
Мәмлекет экономикасының раўажланыўының ҳәрекеттеги ҳәм салыстырмалы баҳалары бир-биринен түптен парықланады.
Базис жылды ҳәр бир мәмлекет, раўажланыў өзгешелигинен келип шыққан түрде өзи белгилейди. Базис баҳаларынан пайдаланып, өткен жыллардағы ҳәм келеси жыллардың баҳа көрсеткишлери есаплап шығылады.
Ҳәрекеттеги баҳаларда өлшенген өндиристиң көлеминиң номинал,салыстырмалы баҳаларға бөлингенлиги реалдеп аталады.
Баҳалардың жокарылаўы менен улыўма ишки өнимди жетистириў көлеминиң өзгерисин анықлаўшы муғдарды барлық таяр өним ҳәм xызметлердиң улыўма баҳаиндекси ямаса дефлятордеп атайды. Улыўма ишки өнимниң қурамына миллионлаған атамадағы байлықлар киреди ҳәм олардың ҳәр бириниң баҳасының өзгерип турыўын бақлаў мүмкин емес. Соның ушын да дефлятор базар себетшеси жәрдеминде анықланады. Базар себетшеси улыўма ишки өнимниң курамына киретуғын оның тийкарғы бөлегин қураўшы әҳмийетли товар ҳәм xызметлерди өз ишине алады. Статистика органлары тәрепинен базар себетшесине киргизилген товарҳәмxызметлерге болған баҳалардың өзгериси бәрҳама қадағаланып турады ҳәм сол себепли баҳалардың улыўма индекси ямасадефлятор есаплап шығылады.
Ҳәрекеттеги (усы) жылдағы базар себетшесиниң баҳасы, усы жылдағы баҳаларда. Ҳәрекеттегидефлятор =ИНИx100
Ҳәрекеттеги жылдағы базар себетшесиниң баҳасыбазислик жылдағы баҳаларда есапланады.
Егерде өткен дәўир ишинде улыўма ишки өнимниңнатурал көлеми өзгерместен қалған болса, оның номинал баҳасы соншелли жокарылайды. Баҳалардың дәрежеси төменлеген болса, онда баҳаиндекси ямаса дефлятор100 проценттен төменге түсип кетеди. УИӨ баҳалары индексиниң ҳәрекеттеги жылда базис жылына салыстырғанда жоқарылаўы инфляцияны ҳәм керисинше, оның төменлеўидефляцияны билдиреди.Миллийөндирстиң көлеминиң өзгериўине баҳалардың тәсир етиўин сапластырыў мақсетинде дефлятор жәрдеминдереал улыўма ишки өнимниң муғдары есаплап шығылады.
Экономикада дефлятор менен бирқатардаинфляциядәрежесиниң және бир көрсеткиши– тутыныў баҳасының индекси (ТБИ) ямаса үн-көрис баҳасыиндексикең қолланылады. ТБИкөрсеткиши де,дефлятор сыяқлы базар себетшесиниң жәрдеминде анықланады. Бирақ,бул жерде базар себетшестне тек ғана халықтың тутыныўбюджетиниң тийкарын кураўшы тутыныў өнимлери ҳәмxызметлери киргизиледи, себебидефляторды есаплағанда базар себетшесиниң сезилерли бөлегин, өндириске арналған товарлар курайды. Тутыныў баҳасының индекси ҳәрекеттеги жылда, базис жылына салыстырғанда дизимге алынған тутыныў буйымлары ҳәм xызметлердиң баҳасының қандай өзгергенлигин сәўлелендиреди.Басқаша етип айтқанда,булиндекстиң жәрдеминде ҳәр бир инсанның, шаңарақтың ҳәм барлық халықтың күн-көрис баҳасы ямаса турмыс дәрежесиниңқандай өзгерип атырғанлығын анықлаў мүмкин.
Демек,экономикада бәрҳәмаинфляция процессиниң бар екенлиги, макроэкономикалықкөрсеткишлерди салыстырмалы баҳаларда есаплаўға зәрүрлик туўдырады. Себеби,инфляцияэкономиканыңреал жағдайын бузып көрсетеди.Экономиканы анализ ислеў,машкалаларды анықлаў ҳәм басқарыў қарарларын кабыллаўды кыйынластырады.Бундай ўазыйпаны орынлаў ушын ҳәрекеттеги баҳаларда есапланған номинал көрсеткишлерден емес, ал салыстырмалы (базис)баҳаларда есапланғанреалкөрсеткишлерден пайдаланыў зәрүр. Баҳалардың индексин ямаса инфляцияның дәрежесин есаплаў ушын:дефлятор: тутыныў баҳаларыныңиндекси:санаат өндирисиниң баҳаларыиндекслери есаплап шығылыўы тийис.

Download 2.93 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling