Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet66/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   62   63   64   65   66   67   68   69   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Макроэкономикалықмоделлер.


Тармақлар-аралықмоделлер комплекси иридинамикалық ҳәм кеңейтилген тәбийғый-қунлы моделлерди өз ишине алады. Системаның жетискенлигимиллийдәрамат, оны бөлистириўдиң схемасы ҳәм дематериаллық өндирис тармақларының капитал қойылмаларға болған мүтәжликлерин характерлеўши көрсеткишлер ҳәм де басқа да иридинамикалық моделдиң тийкарғы көрсеткишлериниң тәбийғый-қунлы тармақлар-аралық балансын дүзиўдеқолланыўы менен әҳмийетли.
Заманагөйдинамикалықтармақлар-аралықмоделлер, экономикалық раўажланыўдың пәтлери ҳәм қатнасларын анықлаўшы тийкарғы үш факторлардың группасы бойынша, экономиканың раўажланыў келешегин болжаўға имкан береди. Атап айтқанда, олар төмендегилер: жобаластырылған дәўирдиң басындағы тийкарғы өндирислик фондлардың дәрежеси ҳәм қурамы менен характерленетуғынэкономикалық потенциялдың басланғыш дәрежеси;мийнет ресурсларынан өнимли пайдаланыў көрсеткишлериниң өзгериўиниң келешектегитенденциялары;жәмийеттиң ақырғы мүтәжликлерин келешектеги қурамы.

    1. Экономиканы раўажландырыўмоделлери.

Экономикалық-математикалықмоделин төмендегише тәриплеў мүмкин. Бундаймодел,мысал ретинде ҳәр қыйлы өнимлерди таярлаўда талап етилетуғын,материаллардыңпрогнозталапларын анықлаўда қолланылыўы мүмкин. Бундай жағдайда X– онимлердиң саны, a– бир өним ушынматериалдың жумсалыў нормасы, Z–материалларғаболған улыўмалық талап.
Экономикалық-математикалық модел, егер бир неше түрдеги өнимлерди таярлаў ушын,материалларға болған талапты анықлаў керек болса, курамалы көриниске ийе болады: ямаса
i,бул жердеn=1,2,3,...n. булмодел,материалларғаболған
i=1 i
мүтәжликтиң еки группа факторларға байланыслы екенлигин көрсетип турыпты:таярланатуғын өнимлердиң саны ҳәм өним ушын керекли материаллардың жумсалыў нормасы..Бундаймодельдескриптив (латинша ―desckribo‖) деп аталады.22
Бир өнимли модел тек ғана бир өнимди жетистириўге қәнийгелескен тараўларда емес, ал бирқатар жағдайларда, егерде жетистирилетуғын өнимлерди тутыныўда,бир-бириниң орнын басатуғын болса оларда абсольют көрсеткишлер қолланыўы мүмкин. Көп өнимлимоделлерде пүткил тармақтың жетистирип атырған өнимине ҳәм шийки зат ямаса басқа да ресурсларды тутыныўға болған талабы бойынша еки ямаса оннанда көп шегералар көрип шығылады. Бундаймоделлерде ҳәр қыйлы өнимлерди тутыныўда, орнын басыў өзгешелигине ийе екенлигин есақа алып, уқсас өнимлерди жетистириў имканиятынан оңимли пайдаланыў мүмкин.


    1. Download 2.93 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   62   63   64   65   66   67   68   69   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling