Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк
Тармақлар-аралықдинамикалықбалансмодели
Download 2.93 Mb.
|
Макро экономикалык анализ 23
Тармақлар-аралықдинамикалықбалансмодели
Тармақлар-аралық баланс моделлери экономиканы ҳәм оның тармақларын прогнозлаўдың байланысларын тәмийинлеў, олардың муғдарлық байланысларын тәмийинлеў, экономикалық анализ ислеў ҳәм усылардың тийкарында прогнозластырыў ҳәмде жобаластырыў ушын тийкарғы қураллардан есапланады. Тармақлар-аралық баланс, өндиристи ҳәм барлық тармақлар ҳәм де өнимлердиң анық белгиленген түрлерин прогнозлаўда, жобаластырыўдаинвестицияларды, тийкарғы фондлар ҳәм өндирислик қуўатлықларды кеңейтилген тәкирар өндиристи анализ ислеў, мийнетти нормаластырыўда,өндиристи аймақлар бойынша шолкемлестириўде кең қолланылмақта. Тармақлар-аралық баланслар моделиниң турмыста кең қолланыўы, макроэкономикалық анализдиң илимий тийкарда өткерилиўи, прогнозлардың илимийлигин ҳәм реал жобаластырыўды тәмийинлейди. Тармақлар-аралықбаланс, кеңейтилген тәкирар өндиристиң өз-ара байланыс системасы ҳәм пропорцияларын уйрениўде, анализ ислеўде, прогнозлаўда ең қолайлы, турмыста кең қолланыў мүмкин болған қураллардан, механизмлердиң биринен есапланады. Бундай баланстың жәрдеминде макроэкономикалық көрсеткишлерден есапланған улыўма ишки өним, ақырғы өним ҳәм миллий дәраматтың дүзилисин, өнимлерди тәкирар жетистириўши фондлар ортасында бөлистириў структурасын ҳәм жәмийетлик өндирислик шығынлардың дүзилисин ҳәр тәреплеме анализ ислеў ҳәм тийисли жуўмақлар тийкарында нәтийжели басқарыў шешимлерине ийе болыў мүмкин.23 Тармақлар-аралық баланстың әпиўайы көриниси, статистикалық модел тийкарында сәўлеленип, белгили бир дәўирдеги ресурслар ҳәм мүтәжликлердиң муғдарлық жақтан өз-ара муўапықлығын тәмийинлейди, өндирислик ресурслардың шекленгенлик шәртлери, өндирис пенен өнимлерден пайдаланыўдың баланс қатнасықлары, зәрүр техникалық ҳәм технологиялық шәртлер ҳәм баскаларды орынлаған түрдепрогнозлаў ҳәм соның тийкарында жобаның орынланыўы мүмкин болғанвариантларын табыўға имкан жаратады. Тармақлар-аралық баланстың статикалық модели бир жыллық дәўирге дүзиледи, бир жылдан сырттағы өзгерислер есапқа алынбайды. Себеби өндирис бәрҳама раўажланып кеңейип барады. Бундай жағдай статистикалық тармақлар-аралық баланста көринбейди. Бундай кемшиликти сапластырыўдың объектив жолы бәрҳама ҳәрекеттеги өзгерислерди есапқа алыўшы, кеңейтилген тәкирар өндиристи характерлеўши динамикалық тармақлар-аралықбалансты дүзиў болып есапланады. Download 2.93 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling