Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Фундаментал изертлеўлер, олардың өзине тән өзгешеликлери, нәтийжелигинобъективбаҳалаў усылы ҳәмулыўмалық изертлеўлердеги үлеси


Download 2.93 Mb.
bet75/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   71   72   73   74   75   76   77   78   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Фундаментал изертлеўлер, олардың өзине тән өзгешеликлери, нәтийжелигинобъективбаҳалаў усылы ҳәмулыўмалық изертлеўлердеги үлеси


Фундаментал изертлеўлердиң ңатийжесинде таза нызам ҳәм нызамшылықлар тазакатегориялардың пайда болыўына, олардың әмелиятта қолланыў жоллары ҳәм принциплерин жаратыў имканияты пайда болады.
Излениўшиниң мийнетиниң жемиси,коллективтиң ҳәрекети ҳәм фундаментализлениўшилер, орынлаўшының изертлеўиниң нәтийжесинде жаңалықтың жаратылғаны ҳаққындағы рәсмий ҳүжжетлер, авторлық ҳуқықын тастыйықлаўшыпатентлер,монографиялар,мақалалар, оқыўлық қолланбалар, есабатлар ҳәм қосымшаларда өзиниң көринисин табады. Бул жумыслар илим ҳәм техниканы тиккелей өндирис процессин раўажландырыўда қолланылады, жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаўда, жоқары тәжирийбели қәнийгелерди таярлаўда, әмелий ҳәрекетлер ретинде үйренип шығылып, будай теорияларды келешекте раўажландырып, оларды турмыста қолланыўға ҳәрекет исленеди30.
Илимий–техникалық раўажланыўды, улыўма илимий изертлеўди иске асырыў жүдә қурамалы процесслерден есапланады. Соның ушын объекттипрогнозлаў ушын экспертлик усыллар қолланылады. Соның менен бир ўақытта, усылды таңлаўобъекттиң өзгешеликлеринен келип шығады.
Фундаментал изертлеўлерди прогнозлаўда, өндиристеги ҳәзирги жағдай анализ исленеди, шешилмеген машқалалар анықланады, бундай машқалаларды шешиў жоллары ҳәм жүзеге келген таза машқалалар көрсетиледи, олар илим, техникалардың жәрдеминде өзиниң шешимин табады. Усыларды да есапқа алыў керек болады,фундаментализлениўлердипрогнозлаўда ҳәр 5 жылда нәтийжелерди жаңалаў,прогноз исленген нәтийжелерди тийисли жыллар менен салыстырыў керек. Прогноз исленген нәтийжелерге ҳақыйқый нәтийжелерди жасалма түрде теңлестириў мақсетке муўапық болмайдыс, себебифундаментал изертлеўлерилим техниканың өзеги, тийкарғы таянышы болып есапланады.
    1. Илимий-техникалық раўажланыў процессинпрогнозлаўдың өзгешеликлери ҳәм принциплери


Илимий-техникалық раўажланыўды прогнозлаў жоқары дәрежеде қурамалы болғанлығы ушынколлентивэкспертлерусылларынан көбирек пайдаланылады.Илимийтехникалық дөретпелерди прогнозластырыўдың тийкарғы ўазыйпасы бул барлық дөретпелердиң арасынан ең жақсысын таңлаў, оның мийнет нәтийжелигине тәсири, ҳәр бир өнимге жумсалатуғын шығынлардың азайыўы, жумысшылардың материаллық ҳәм руўхый мүтәжликлериниң қанаатландырылыўы, тәбийғый ресурслардан рационал пайдаланыў, қоршаған орталыққа тәсирин өз ишине алады103.
Сериялы өндиристе, улыўма мийнет қураллары ҳәм үскенелерди жетистириў нәзерде тутылады. Бул басқышта жаратылған жаңалық, алдынғы басқышларды өтип болғаннан кейин, турмыста кең қолланылады.
Соны да атап өтиў керек, өзлестирилген өнимди таярлаў ушын, өндирис процессине тәсир етиўши барлық факторлар турақлы болыўы керек. Таярланатуғын таза өним болса, кәрхананың барлық көрсеткишлерин түптен өзгертиўи мүмкин, яғный ажыратылған ресурслардың бөлистирилиўи, жетистирилген өнимниң муғдарының өзгерерии ҳәм басқалар. Прогнозластырыў процессинде булар тийкарғы факторлардан есапланады.
Илимий техникалық раўажланыўды прогнозлаўда сериялы өндирис төмендеги ўазыйпаларды орынлайды: таза техника, технология, материаллардың турмысқа енгизилиўи, экономиканың барлық тараўларында мийнеттиң нәтийжелигин асырыў,энергиядан, тийкарғы фондлардан пайдаланыў нәтийжелигин асырыў, жетистирилетуғын өнимлердиң сапасының жақсыланыўы сыяқлы ўазыйпаларды қамтыйды.

    1. Download 2.93 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   71   72   73   74   75   76   77   78   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling