Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet73/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Қадағалаў ушын сораўлар:

  1. Экономикалык өсимниң факторлы теориясын түсиндирип бериң.

  2. Экономикалық өсимниң түрлери ҳәммоделлери.

  3. Өндирисфункциясы ҳәм оннан экономикалық өсимдипрогнозлаўда пайдаланыў.

  4. Экономикалық өсимниңмакроэкономикалықмодели.

  5. Экономикалық өсим факторларынпрогнозлаў қалайынша иске асырылады?

14-БАП.ИЛИМИЙ-ТЕХНИКАЛЫҚРАЎАЖЛАНЫЎДЫ ПРОГНОЗЛАЎ
Жобасы:
14.1.Илимий изертлеўдиң нәтийжелерипрогнозлаўобъекти ретинде.

    1. Илимийизертлеўдиң түрлери.

    2. Фундаментал изертлеўлер, олардың өзине тән өзгешеликлери, нәтийжелигин объектив баҳалаў усылы ҳәм улыўма изертлеўлердеги үлеси.

    3. Илимий-техникалық раўажланыў процессин прогнозлаўдың өзгешеликлери ҳәм принциплери.

    4. Инновациялық изертлеў жойбарлары ҳәм олардың нәтийжелерин прогноз ислеў.



14.1.Илимийизертлеўдиң нәтийжелерипрогнозлаўобъектиретинде


Илим – техниканың раўажланыўы өз-ара бирин-бири толықтырып,раўажланыўтийкарында өндиристиң шөлкемлестириўшилик дәрежесиниң, технологиясының, мийнет қуралларының турақлы түрдев жаңаланып ҳәм жетилистирилип турыўын тәмийинлеўден ибарат. Илимий-техникалық раўажланыў, өндиристи шөлкемлестириўге, өндирислик күшлердиң элементлерине терең өзгерис киргизеди, нәтийжеде өндирислик катнасықлар да өзгереди. Өтиў дәўиринде илимий-техникалық раўажланыўды жеделлестириў экономиканы раўажландырыўдың әҳмийетли ўазыйпаларының биринен есапланады. Бирден-бир техникалық сиясат,илимий-техникалық револьюцияның жетискенликлери, социаллық-экономикалық машқалардың шешиминулыўмаластырады.
Илим-техниканың нәтийжесинде пәнниң өндирислик күшлерге айланыў процесси иске асырылады, илимий нәтийжелер техникалық шешимлерге айланады, техника,технология ҳәм материаллардың таза түрлери жаратылады ҳәм өзлестириледи. "Илим-техникаөндирис- пайдаланыў" бирден-бир комплекси жаратылады. Илимниң өндирислик күшлерге айланыўы, илим,техникаҳәм өндирислик байланыслар кескин жеделлестириледи.
Илим өзиниң раўажланыўында әмелияттан озып кетип, техникалық револьюцияға жағдай жаратады. Өз гезегинде техника ҳәм өндиристиң раўажланыўы илимий – изертлеўлерди өткериў ҳәм оның нәтийжелерин өндириске енгизиўди жеделлестиреди ҳәм хошаметлейди. Илимниң өндирислик күшлерге айланыўы,бул пәнниң өндирислик күшлериниң үшинши элементи екенлигин аңлатпайды, ал мийнет процессинде жумысшы күшинен өнимли пайдаланыўды билдиреди. Илим өндирислик күшлердиң барлық элементлерин байытады, жәмийеттиң материаллық техникалық базасының раўажланыўына тәсирин күшейтеди.
Илим техниканың раўажланыўының жетискенликлеринен пайдаланыў, қол мийнетин жеңиллестириў факторы болып есапланады, оның бәрҳәма жетилистирилип барыўы жумысшылардың материаллық жақтан тәмийинлениў дәрежесин жақсылап, руўхый дем алыўға мүмкиншилик жаратады29.
Илимий техникалық раўажланыў, экономиканың материаллық техникалық базасының қәлиплесиўине ҳәм оның илимий техникалық жақтан раўажланыўына тийкар жаратады.Илимий техникалық раўажланыў, товар өнимлериниң кеңейиўи ҳәм номенклатурасының жаңаланыўы ҳәм жетистирилетуғын өнимлердиң ассортиментине унамлы тәсирин тийгизеди.Санаат өнимлериниң жаңаланыў көрсеткиши, мәмлекеттиң өндирислик потенциялының раўажланыўынан дерек береди. Илимий техникалық раўажланыўдың тәсиринде турмыслық хожалық өнимлери бәрҳәма жаңаланып турады, сол с ебепли халықтың турмыслық хожалық өнимлерине болған талабы қанаатландырылады.

    1. Download 2.93 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   69   70   71   72   73   74   75   76   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling