Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк


Download 2.93 Mb.
bet74/105
Sana31.01.2024
Hajmi2.93 Mb.
#1830070
1   ...   70   71   72   73   74   75   76   77   ...   105
Bog'liq
Макро экономикалык анализ 23

Илимийизертлеўдиң түрлери


Илимий техникалық раўажланыўдың қәлиплесиўи ҳәм олардың нәтийжелерин иске асырыў5 басқыштан ибарат болады,яғныйфундаментал изертлеўлер, әмелий изертлеўлер, дөретпелер, өндириске таярлаў ҳәмэксплуатация.
Фундаментал изертлеўлер-бул жүргизилип атырған изертлеўдиң анализи,тәбийғый раўажланыўының нызам ҳәм нызамшылықларын анықлаў, жәмийет, инсан, олардың ортасындағы өз-ара байланысларды ашып бериў, ҳәрекеттеги ныза ҳәм нызамшылық ҳаққындағы билимлерди тереңлестириўден ибарат.
Әмелий изертлеўлердиң мәниси байынша еки ўазыйпасы бар: бириншиден, олфундаментал изертлеўлерди анализ ислеў, таза мийнет қуралларын(техника, технология,материалларҳәм тағы басқалар) жаратыў мақсетинде оны раўажландырыў; екиншиден өндирис процессиниң жағдайын анализ ислеў,ҳәмде бар болғантехника тийкарында тазатехникаларды жаратыў ҳәм оларды әмелиятқа кең енгизиўден ибарат. Әмелий изертлеўлер төмендегилерди өз ишине алады: инструкциялар (жол-жобалар), нормалар, методика, нормалар, норма актлериниң дәлилленгенлиги менен иске асырылғанилимий изертлеўдиң нәтийжелери ҳәм оларды тиккелей әмелиятка енгизиўден ибарат болып,объект ретинде экономиканың барлықтармақларын камтып алады.
Әмелий изертлеўлерди прогнозлаўдың тийкарғы белгилери томендегилер:изертлеўге кеткен шығынлардың көлеми,кереклиматериаллардың муғдары,финанслықресурслардың муғдары, илимий хызметкерлердиң маманлығының жоқарылаўы, таза қәнийгелерге болған талап, изертлеўлрдиң материаллық жақтан тәмийинленгенлиги, изертлеўге болған талап ҳәм мүтәжлик.
Илимий дөретпелер дегенде конструкторлық, технологиялық жойбарлар тийкарында тазатехникалар, технологиялар, өнимлер ҳәмде ислеп шығарылған мийнет кураллары ҳәм үскенелеринмодернизациялаў, оларды тәжирийбеден өткериў түсиниледи. Дөретпелер әмелий изертлеўлерге уқсап кетеди, бирақ ол мәмлекетликстандартларға жуўап бериўи керек.оларды иске асырыўда төмендеги талаплар қолланылады: конструкторлық ҳәм технологиялық дөретпелер менен ислесиў тәртиби, тәжирийбе үлгилери, тәжирийбе партиясы, массалық өндирис ушын таярлығын тексериў. Конструкторлық- тәжирийбе дөретпелери, тармақтың илимий изертлеў шөлкемлери, конструкторлық жойбар шөлкемлери ҳәм де конструкторлық ҳәм технологиялық өндирислик бюролар, бирлеспелер тәрепинен санаат шөлкемлериниң қурамында иске асырылады.
Эксплуатация басқышында таза техниканы, өндириўшилердиң тутыныўы мүмкин болады. Жетистирилген өним ҳәм техника, мораллық ҳәм физикалық жақтан тозғаннан кейин, олсериялы өндирис ҳәм эксплуатациядан шығарылады. Соның менен ойлап табыўдың турмыслық цикли тамам болады. Заманагөй илимий раўажланыў шәртлериниң бири тек ғана изертлеў дәўириниң қысқа болыў емес, ал оның тутыныў дәўиринде қысқартыўдан ибарат. Раўажланған мәмлекетлерде техника ҳәм технологиялардың мораллық тозыў дәўири3-5 жылды қурайды.

    1. Download 2.93 Mb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   70   71   72   73   74   75   76   77   ...   105




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling