Дүнья-жүзилик экономикаға интeгрaциялaсыў Xaлық-aралық Вaлютa фoнды, дүнья-жүзиликбaнк
Экономикалық өсимниң түрлери, олардың прогнозластырыўда қолланыўы
Download 2.93 Mb.
|
Макро экономикалык анализ 23
Экономикалық өсимниң түрлери, олардың прогнозластырыўда қолланыўыЭкономикалық өсимниң болыўы ушын, базар талабына муўапық товар ҳәм хызмтлерди иске асырыў керек болады..Экономикалық өсим УИӨ ниң көбейиўин билдиреди. УИӨ болса товар ҳәм хызметлердиң базардағы баҳасы болып, егерде олар сатылмаса базардың баҳасы жүзеге келмейди. Сол себепли базарға сай товар ҳәм хызметлерди иске асырыў экономикалық өсимди тәмийинлейди. Ресурслар аз болғанда, олардан нәтийжели пайдаланыў, экономикалық өсимниң тийкарғы шәртинеайланады. Экономикалық өсимниң еки түри бар: интенсив ҳәм экстенсив.Экстенсив өсимниң мәниси соннан ибарат, бунда өним жетистириўдиң көлеминиң көбейиўи, өндирислик ресурслардан пайдаланыўды көбейтиў арқалы иске асырылады. Мәселен аўыл-хожалығында пахтаның муғдарын көбейтиў, егислик майданларды көбейтиў, санаатта өним жетистириўди көбейтиў шийки-заттың муғдарын көбейтиў ямаса қосымша жумысшы күшинен пай даланыў аркалы иске асырылады. Интенсив өсимде болса өним жетистириўдиң муғдарын көбейтиў, өндириске заманагөй техника ҳәм прогрессив технологияларды яғный, илим-техниканың жетискенликлерин өндириске енгизиў арқалы иске асырылады. Илим- техника жетискенликлерин өндириске енгизиў, материаллық сыйымлылықты азайтыўға, мийнет өнимдарлығын жоқарылатыўға, өнимниң өзине түсер баҳасын арзанлатыўға унамлы тәсирин тийгизеди. Прогнозлаўда экономикалық өсимниң интенсив түрине үлкен дыққат қаратыў тийис. Экономикалық өсимниң интенсив дәрежесин төмендеги формула менен есаплаў мүмкин: Ки=1–1+Кр 1+Kaиm Бул жердеКи–интенсивэкономикалық өсимниң коэффициенти; Кр – пайдаланылған өндирислик ресурслардың көбейиўиниң коэффициенти;Кяим-Реал улыўма ишки өнимниң өсиўкоэффициенти; Егер де Ки>0 болса, экономикалық өсимге тийкарынан интенсив жол менен ерисилген, егерде Ки<0, бундай жағдайдаболса экстенсив. Экономикалық өсимниң, өсиў пәтине (динамикасына) қарап миллий экономиканың дәрежеси ҳәм де ресурслардың шегераланғанлық машкалалары анализ исленеди. Экономикалық әдебиятларда бул түсиникке айрықша әҳмийет каратылмаған. Айырым экономистлер (Макконнелл, Брю) экономикалық өсимди 2 түрли усыл менен есаплаў мүмкин, деп есаплайды, яғный26: Улыўма миллий өнимниң улыўмалық дәрежесин есаплаў арқалы (ямаса таза миллий өнимди); Жокарыда есапланған көрсеткишлерди халықтың жн басына бөлистириў арқалы анықлайды. Экономикалық өсимниң3 түрли көриниси бир-биринен ажыралады:экстенсив,интенсивҳәм аралас (хақыйқый). Макродәрежеде УИӨ ниң өсиў пәти, халықтың жан басына УИӨ ди жетистириўдиң жыллық өсиў дәрежеси, УИӨ ниң жыллық өсиўин билдиреди. УИӨ ниң жыллық өсим пәти төмендегиформуламененанықланады: Бул жерде: Ўс- реал улыўма ишки өнимниң өсиў пәти; ЯИМ0 –базис жылындағы реал улыўма ишки өним; ЯИМ 1 –прогноз жылындағы реал улыўма ишки өним; Халықтың жан басына туўры келетуғын УИӨниң дәрежеси төмендеги формула менен анықланады; ACo Бул жерде: Ауиө- халықтың жан басына туўры келетуғын улыўма ишки өнимниң дәрежеси АСо-прогноз жылындағы халыктың саны УИӨ ниң жыллық өсими төмендегиформуламенен анықланады; Жоқарыдағылардан қайсы көрсеткиштиң зәрүр екенлиги ҳаққында пикирлер бар. Мүмкин болғанвариантлар: Жокары өсим пәтлери; нолжағдайындағы өсим; унамсыз өсиў пәти; оптималөсим пәти. Download 2.93 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling