Конституциялық реформалардыӊ мазмуны ҳәм әҳмийетин
түсиндириўге арналған
ТЕЗИС
(Қарақалпақстан Республикасы)
КОНСТИТУЦИЯНЫ ЖАӉАЛАЎҒА ЗӘРҮРЛИК
1. Соңғы алты жылда ерискен табысларымызды (Атап айтқанда экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў, сөз ҳәм диний еркинлик, социаллық қорғаў тараўларындағы жүзлеген шеклеўлердиӊ алып тасланғаны, нақ пул, валюта, кредит, дебитор-кредитор мәселелериндеги машқалалардыӊ шешилгени, қоңсыларымыз бенен арамыздағы 25 жыллық “музлар еригени” ҳәм т.б.) артқа қайтпаўға исенимли конституциялық қорғаўды тәмийинлеў, бул ерисилген табыслар, ҳуқық ҳәм еркинликлерден тек ғана ҳәзирги емес, ал, келешек әўладларымыз емин-еркин пайдаланыўы ушын, оларды әлбетте Конституцияда белгилеп қойыўымыз зәрүрлиги.
2. Дүньяда күннен-күнге жаңадан-жаңа сынаўлар, қәўип-қәтерлер пайда болып атырғаны; бүгинги қарама-қарсылықлы процесслер, экономикалық қарама-қарсылықлар қашан ҳәм не менен жуўмақланыўын болжап болмаслығы; айырым мәмлекетлердиң дүнья картасында қалыў-қалмаўы сораў астында қалып атырғанлығы; жәҳәнде 100 миллион халық өз өмирин сақлаў ушын, басқа еллерде баспана излеп жүргени; азық-аўқат жетиспеўшилиги, энергия ресурсларыныӊ жетиспеўшилиги, пандемия сыяқлы глобал мәселелер раўажланған мәмлекетлер халқын да терең ойландырып қойып атырғанлығы ҳәм булардың барлығы бизге тәсир көрсетиўи;
3. Регионымыздағы жағдай да бизди тәшўишке салып атырғанлығы, жанымызда дерлик 50 жыллық тынышсызлық даўам етип атырғанлығы;
4. Мәмлекетимиз үлкен мәмлекетке айланып атырғанлығы, халқымыздыӊ саны 2040-жылға барып
50 миллионға жетиўи, олардың ярымынан көби жаслар болыўы, оларға мүнәсип шараят жаратып бериў ушын, турақлы экономика, қәўипсиз мәмлекет, нәтийжели басқарыў, социаллық кепилликлер болыўы кереклиги.
Булардың барлығы ушын беккем ҳуқықый тийкар зәрүр болыўы, Жаңа Өзбекстанға жаңаланып атырған Конституция кереклигин көрсетип атырғанлығы.
Do'stlaringiz bilan baham: |