Экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў


Ҳәр кимниң мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўлерсиз


Download 189.6 Kb.
bet4/7
Sana31.01.2024
Hajmi189.6 Kb.
#1833067
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
1. Консституция тезис (07.03.2023) КК

10. Ҳәр кимниң мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўлерсиз ҳәмде мийнетке ҳақ төлеўдиң белгиленген ең кем муғдарынан кем болмаған түрде әдалатлы ҳақ алыў ҳуқықы кепилленбекте.
11. Мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары инсанның ылайықлы турмыс дәрежесин тәмийинлеў зәрүрлиги есапқа алынған жағдайда белгилениўи беккемленбекте.
12. Ҳәмледарлығы яки баласы барлығы менен байланыслы себеплерге байланыслы ҳаялларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың ис ҳақысын кемейттириў қадаған етилиўи белгиленбекте.
13. Мәмлекет пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды жумыссызлықтан қорғаў, сондай-ақ кәмбағаллықты қысқартыў шараларын көриўи беккемленбекте.

  1. Мәмлекет пуқаралардың кәсиплик таярлығын ҳәм қайта таярлығын шөлкемлестириўи ҳәмде хошаметлеўи белгиленбекте.

  2. Балалар мийнетиниң баланың саламатлығына, қәўипсизлигине, физикалық, ақылый ҳәм руўхый жақтан толық раўажланыўына қәўип туўдырыўшы, атап айтқанда, оның билим алыўына тосқынлық етиўши ҳәр қандай формалары қадаған етилиўи белгиленбекте.

  3. Ҳәр ким жумыссызлықта социаллық тәмийнат алыў ҳуқықына ийе екенлиги беккемленбекте.

  4. Пенсия, напақа ҳәм басқа социаллық жәрдемлер көлеми ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емеслиги белгилеп қойылмақта. Бул дегени, 2 миллион
    200 мың социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар мәмлекеттен кепилленген материаллық жәрдем алады. Бул жәми – шаңарақлардың 25 пайызына туўры келеди, оларға ҳәр жылы 11 триллион сўм ажыратылады.

  5. Конституция жойбарында 18 миллионнан аслам жаслар мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Конституцияда жаслар мәселелери бойынша өз алдына бап киргизилип атырғаны да бийкарға емес.
Сондай-ақ, мәмлекет:
- жаслар ҳуқықларының қорғалыўы ҳәм оладың жәмийет ҳәмде мәмлекет турмысында белсене қатнасыўын хошаметлеўди кепиллеп атыр;
- жасларда қәдириятларымызға садықлық, ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириўге ғамхорлық етиўи белгиленбекте.
Буннан тысқары, жаслардың билим алыўы, социаллық ҳәм медициналық жақтан қорғалыўы, турақ-жайлы болыўы, бәнтлиги ушын шараятлар жаратыў – мәмлекеттиң конституциялық миннети сыпатында киргизилмекте.


  1. Download 189.6 Kb.

    Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling