Экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў
Download 189.6 Kb.
|
1. Консституция тезис (07.03.2023) КК
- Bu sahifa navigatsiya:
- Нызамшылықта белгиленбеген миннет ҳеш кимниң мойнына оның разылығысыз жүклениўи мүмкин емеслиги көрсетилмекте.
- “үнсизлик”
Майыплығы болған шахслар ҳәмде халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж басқа қатламларының ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында болыўы белгиленбекте.
Мәмлекет халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж қатламларының турмыс дәрежесин арттырыўға, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында толық қатнасыўы ушын оларға шараятлар жаратыўға ҳәмде олардың тийкарғы турмыслық мүтәжликлерин ғәрезсиз рәўиште тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған илажларды көриў белгиленбекте. Өзбекстан – ҳуқықый мәмлекет деп белгиленбекте. Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң ең жоқары мақсети етип белгиленбекте. Инсан ҳуқықларына тийисли нормалар 3 еседен артыққа аспақта. Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамларымыздың, ҳәр бир министрлик ҳәм мәкеме жумысының мазмунына айланыўы қатаң талап етип белгиленбекте. Нызамлардағы анықсызлықлар инсан пайдасына шешилиўи шәрт ҳәм зәрүр. Өзбекстан Республикасында инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына муўапық ҳәмде усы Конституцияға муўапық болыўы кепиллениўи белгиленбекте. Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен инсанға қарата қолланылатуғын ҳуқықый тәсир шаралары сәйкеслик принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы кереклиги беккемленбекте. Нызамшылықта белгиленбеген миннет ҳеш кимниң мойнына оның разылығысыз жүклениўи мүмкин емеслиги көрсетилмекте. Сондай-ақ Конституциямызда: - өлим жазасы қадаған етилмекте; - шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық мүддетте услап турыў мүмкин емеслиги белгиленбекте; - адамлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў менен байланыслы барлық ҳәрекетлерге, тек ғана ҳәм тек суд қарары тийкарында жол қойылыўы беккемленбекте. Яғный, әдил судлаўды әмелге асырыўда “Хабеас корпус” институти жәнеде кеңейтирилди; - биринши мәрте айыпланыўшы ҳәм судланыўшыларға өзине қарсы көрсетпе бермеў, яғный “үнсизлик” ҳуқықы берилмекте; - Ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық қураллар менен қорғаўға ҳақлы екенлиги белгиленбекте; - Ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шартнамаларына муўапық инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халықаралық органларга, егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға тийисли барлық бар болған ишки қуралларынан пайдаланған болса, мүрәжат етиў ҳуқықы беккемленбекте; - Ҳәр ким мәмлекет органларының ямаса олар лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли келтирилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыўы ҳуқықына ийе екенлиги белгиленбекте; - Шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде өз ҳуқықлары ҳәм услап турыў тийкарлары түсиндирилиўи керек екенлиги белгиленбекте; - Айыплылығына байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў мүмкиншиликлери таўсылған болса, гүман қылыныўшының, айыпланыўшының, судланыўшының ямаса еркинен айырыў жазасын өтеп атырған пайдасына шешилиўи керек екенлиги белгиленбекте; - Гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеп бериўи шәрт емеслиги беккемленбекте; - Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гуўалық етиўге мәжбүр емес екенлиги белгиленбекте; - Егер шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыпкер деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес екенлиги кепилленбекте; Download 189.6 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling