Экономика тараўындағы жынаятлар
Download 122.95 Kb.
|
эконом. жынаятлар курс жумысы
II. Тыйкарғы бөлим
Өзгелер мүлкин талан-тараж қылыў менен байланыслы жинаятлар Өзгелер мүлкин талан-тараж қылыў менен байланыслы жинаятлар -- Өзбекстан Республикасы ЖКде талан-тараж қылыўдың : қарақшылық, алдаўшылық, талаўшылық, өзлестириў (растрата), жалатайлық, урлықшылық сыяқлы формалары ажыратылған (164—169 -статиялар). Талан-тараждың материаллық мəниси, пул баҳасына ийе болған ҳәм өзгелер мүлки есапланған пул, қымбат баҳалы қағазлар ҳәм басқалар болып табылады. Өзгениң мал-мүлкин жасырын түрде талан-тараж қылыў аўырластырыўшы жағдайларда исленсе, 8 жылдан 15 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланыўы мүмкин. Талаўшылық, яғный өзгениң мүлкин ашықтан -ашық талан -тараж қылыў аўырластырыўшы жағдайларда исленсе, 10 жылдан 15 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланыўы мүмкин. Қарақшылық, яғный өзгениң буйым-мүлкин талан -тараж қылыў мақсетинде ҳүжим етип, турмыс ямаса саламатлық ушын қәуипли болған зорлық ислетип ямаса сондай зорлық ислетиў менен қорқытып аўырластырыўшы жағдайларда жүз етилсе, 15 жылдан 20 жылға шекем азатлықтан жуда қылыў менен жазаланыўы мүмкин. «Өзгелер мал-мүлкин урлаў, өзлестириў, растрата қылыў, ҳәмел лаўазымын кери мақсетте пайдаланыў ямаса жалатайлық жолы менен аз муғдарда талан-тараж қылыў - ең кем ис ҳақысының 5 есесинен 10 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға ямаса он күнге шекем мүддетке қамаўға себеп болады. Тап сондай ҳуқуқбузарлық басқарыў жаза шарасы қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында тәкирар әмелге асырылған болса - ең кем ис ҳақысының 10 есесинен 15 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға ямаса 15 күнге шекем мүддетке қамаўға себеп болады. Егер физикалық адамлардың талан-тараж етилген мүлки муғдары ең кем ис ҳақысының 1 есесинен, соның менен бирге кәрхана шөлкем, шөлкемлердиң талан-тараж етилген мүлки мүғдары ең кем ис ҳақысының 30 есесинен аспаса, бундай талан-тараж аз муғдардағы талан-тараж қылыў деп есапланады. Физикалық шахсларларға салыстырғанда әмелге асырылған аз муғдардағы талан-тараж қылыў менен байланыслы ҳуқуқбузарлықлар қурамында қәуипли ретсидивист тәрепинен, бир группа шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип, әмел позициясин кери мақсетте пайдаланыў жолы менен, жәмлескен группа тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп, компютер техникасы қуралларынан пайдаланып, оғада қәуипли ретсидивист тәрепинен, жәбирлениўшиниң кийими, сумкаси ямаса басқа қолындағы буйымларға салыстырғанда, турақ-жай ямаса басқа ханаға нызамға тыс түрде кирип ислеў белгилери әмелдеги болмаған жағдайларда қолланилады». Download 122.95 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling