Экономика тараўындағы жынаятлар
Экономика тийкарларына қарсы
Download 122.95 Kb.
|
эконом. жынаятлар курс жумысы
Экономика тийкарларына қарсы
жынаятлар Ҳожалық искерлиги тараўындағы жынаятлар сапасыз өним шығарыў ямаса сатыў, етил спиртли, алкоголлы өним ҳәм темеки өнимлерин нызамға қайшы түрде ямаса мәмилеге киргизиў, саўда ямаса дәлдалшылық искерлиги менен нызамға қайшы түрде шуғылланыў, саўда ямаса ҳизмет көрсетиў қағыйдаларын бузыў искерлиги менен лицензиясыз шуғылланыў, нызамға қайшы түрде информация топлаў, оны жарыялаў ямаса одан пайдаланыў, бәсекичиликти абыройсызлантырыў сыяқлылардан ибарат. Мағлыўмат орнында соны айтиў керек Жынаят кодекси 2 бөлим (улыўма ҳәм арнаўлы ) нен ибарат: 1-улыўма бөлеги 7 бөлим 17 бап (1-96 -статья ) ларды өз ишине алады 2-арнаўлы бөлим 8 бөлим 24 бап (97-302-статья) ларды өз ишине алады. Жынаят кодексиниң III-бөлим ХII-бабы Економика тийкарларына қарсы жынаятлар деп аталады және оның дәслепки 175-статясында Өзбекстан Республикасы мәплерине қайшы түрде келисимлар дүзиў деп аталып ол жағдайда Мәмлекет органының, мүлкшилик формасына қарамастан кәрхана, шөлкем, жәмийетлик бирлеспесиниң лаўазымлы шахсы тәрепинен пайда келтирмеслиги аян болған питимди дүзиў республика мәплерине көп муғдарда зыян жеткезилиўине себеп болса,- ең кем айлық ис ҳақысының жигирма 5 есесинен 50 есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем арнаўлы бир ҳуқықтан жуда қылыў ямаса үш жылға шекем етика оңлаў жумыслары ямаса алты айға шекем тутқынға алыў менен жазаланыўы көрсетилген усы статяның екинши бөлеги «б» бәндинде болса бул ҳәрекет бир группа шахслар тәрепинен исленсе бес жылға шекем азатлықтан айырыў жазасы көрсетилген. Өз өзинен сораў пайда болады нызам нормасының биринши бөлеги диспозитциясында субект арнаўлы болып, екинши бөлегинде әпиўайы болып қалады, яғный 1-бөлегинде лаўазымлы шахс ислесе жазаланыўы, екинши бөлегинде болса бир группа лаўазымлы болмаған шахслар лаўазымлы шахс менен биргеликте усы жынаятты ислесе жазаны ауырластырып атыр. Сораў егер бир группа лаўазымлы шахслар бул жынаятты ислесе олардың ҳәрекети жынаят кодексиниң қайсы банди менен квалификаттсия етилиўи керек? Нызамда усы статяның бөлим ҳәм бәнтлеринде бул көрсетилмеген. Лекин соны атап өтиў керек айырым түрдеги жынаятларда бир группа лаўазымлы шахслар тәрепинен жынаят жүз етиў жынаяттың зәрүрли белгиси ретинде белгиленген. Мысалы пара алыў жынаятын алайлық бул жынаят жынаят кодексиниң 210 -статясында белгиленген болып Пара алыў, яғный мәмлекет органы, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем ямаса пуқаралардың өзин өзи басқарыў органы лаўазымлы шахсының өз хызмет позициясинен пайдаланған ҳалда жүз етиўи керек ямаса мүмкин болған арнаўлы бир ҳәрекетти пара берип атырған шахстың мәплерин гөзлеп орынлаўы ямаса атқармаслығы орнына жеке өзи ямаса дәлдалшы арқалы нызамға қайшы екенлигин биле турып, материаллық затлар алыўы ямаса мүлкшилик мәпдар болыўы, — базалық есаплаў муғдарының 50 есесинен 100есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса арнаўлы бир ҳуқықтан айырған ҳалда 2 жылдан 5 жылға шекем азатлықты шеклеў ямаса 5 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланыўы белгиленген. Усы елементтың екинши бөлеги Г бәнтинде пара алыў жынаятын бир группа лаўазымлы шахслар тәрепинен ислеўи жуўапкерликти аўырластырыўшы жағдай ретинде тән алыў киритилип атыр. Тағы соны атап өтиў керек жынаят кодексиниң 56 -статясында жуўапкерликти аўырластырыўшы жағдайларда да тек ғана бир группа шахслар тәрепинен ислениўи аўырластырыўшы жағдай ретинде көрсетилген. Бир группа лаўазымлы шахслар тәрепинен жынаят ислеў жынаят кодексиниң 56-статясында жуўапкерликти аўырластырыўшы жағдай ретинде көрсетилмеген. Буннан тысқары жынаят нызамында аналогия институты жоқ. Download 122.95 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling