MEXANIKA
[P1.3.5.4]
VideoCom ның жәрдеминде регистрациялаў ҳәм баҳалаў
Экспериментте денениң еркин түсиўи бир қатарлы VideoCom камерасының
жәрдеминде регистрацияланады. Камера еркин түсиўши денеге жабыстырылған
шағылыстырыўшы фольганы LED нуры менен жақтыландырады. Ал шағылысқан
нурлар камераға келип түседи. Еркин түсиўши денениң турған
орны компьютерге
интерферейс арқалы ҳәр секундта 80 ретке шекем бериледи.
VideoCom камерасы
менен байланысқан компьютерлик программа түсиўши денениң толық
қозғалысының ўақытқа ғәрезлигин көрсетеди ҳәм өлшеўлердиң нәтийжелерине
баҳа береди. Мысалы, тезлик
𝑣(𝑡) =
𝑠(𝑡 + ∆𝑡) − 𝑠(𝑡 − 𝛥𝑡)
2𝛥𝑡
(1)
ҳәм тезлениў
𝑎(𝑡) =
𝑣(𝑡 + ∆𝑡) − 𝑣(𝑡 − 𝛥𝑡)
2𝛥𝑡
()
шамалары берилген ∆𝑡 интерваллары ушын компьютер тәрепинен дәрҳәл
есапланылады ҳәм мониторға шығарылады.
Әсбап-үскенелер:
VideoCom
230 V/12 V ~/20 V кернеўлерин бериўши блок.
Камералық тренога (камераны орналастыратуғын үш аяқлы дүзилис).
VideoCom камерасы ушын еркин түсиўши дене.
Услап турыўшы электромагнит (еркин түсиўши денени услап турыўшы
электромагнит).
V-тәризли штатив, 28 см лик.
Стержень, 25 см.
Стержень. 150 см.
Leybold мультиқысқышлар.
200 см лик тутастырыўшы сымлар.
Еркин түсиўди изертлеўши дүзилисти жумысқа таярлаў
1-сүўретте көрсетилгендей тәртипте услап турыўшы электромагнитти стендтиң
материалына бекитиңиз. Оны төменге қарай жайластырыңыз ҳәм тутастырыўшы
сымлардың жәрдеминде VideoCom камерасы менен тутастырыңыз.