Еркин түсиў тезлениўдиң ўақытқа


Video Com ныӊ жәрдеминде алынған эксперименталлық


Download 0.66 Mb.
Pdf ko'rish
bet4/4
Sana11.05.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1452335
1   2   3   4
Bog'liq
2 5246716539666696362

Video Com ныӊ жәрдеминде алынған эксперименталлық 
нәтийжелерди есаплаў
Еркин түсиўши денени услап турыўшы электромагнит денени койып 
жибергенинен кейин дене вертикал төмен қарай g тезлениў менен қозғалады. Бул 
ўақытта оныӊ қозғалысын Video Com регистрациялап барады ҳәм алған 
мағлыўматларын компьютерге жеткерип береди. Нәтийжеде төмендегидей 
графиклерди аламыз. 
а) α=-0,2
0
болған жағдайда алынған нәтийже: 
3-сүўрет. 
Еркин түсиўши 
денениң өткен 
жолының 
ўақыттан 
ғәрезлиги. 


4-сүўрет. 
Еркин түсиўши 
денениң 
тезлигиниң 
ўақыттан 
ғәрезлиги. 
5-сүўрет. 
Еркин түсиўши 
денениң 
тезлениўиниң 
графиги. 
Нәтийжени баҳалаў 
3-сүўретте еркин түсиўши денениң басып өткен жолы s көрсетилген. s жолы 
ўақыт пенен сызықлы түрде байланыслы емес. Ўақыттан ғәрезлиликке парабола 
сәйкес келеди. 
Алынған параболаның теңлемесиниң 𝐴𝑥
2
+ 𝐵𝑥 + 𝐶 түринде болатуғынлығы 
есапқа алып, биз 𝑔 = 2𝐴 = 9.80 м/с
2
шамасын аламыз. 
Еркин түсиўши денениң тезлиги менен ўақыт арасында сызықлы байланыс 
орын алады (4-сүўрет). Алынған сызықтың қыялығы бойынша 𝐷𝑥 + 𝐹 
функциясынан 𝑔 = 𝐷 = 9.80 м/с
2
шамасын аламыз. 
Еркин түсиў тезлениўи ушын илимий әдебиятларда 
𝑔 = 9.81 м/с

шамасы берилген. 


Қосымша мағлыўмат: 3-сүўреттеги сыяқлы 𝐵 = −0.07 м/с шамасын алыў 
мүмкин. Бул денениң дәслепки тезлигиниң мәнисиниң терис екенлигин билдиреди 
(физикалық жақтан ҳеш қандай мәниске ийе емес). Бул өлшеўлерди дене 
қозғалмастын бурын баслаўдың ақыбети болып табылады (денени услап турыўшы 
электромагнит денени есаплаў басланғаннан кейин кешигип жаздырып жибереди). 

Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling