География ҳӘм тәбийий ресурслар факультети экономикалық ҲӘм социаллық география кафедрасы


Илимий конференциялар, семинарлар, диссертация жумысларының талқылаўларында қатнасыў


Download 0.63 Mb.
bet12/13
Sana19.06.2023
Hajmi0.63 Mb.
#1623123
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13
Bog'liq
есабат 1.

9. Илимий конференциялар, семинарлар, диссертация жумысларының талқылаўларында қатнасыў
Илим изертлеў жумысының усы бөлиминде илимий конференциялар, семинарлар, диссертация жумысларының талқылаўларында қатнасыў режелестирилген еди.

  1. 2020-жылдың 23-декабр күни кафедра көлеминде жетекши мекеме сыпатында Әндижан мәмлекетлик университетиниң еркин излениўшиси Қодиров Раҳимжон Болтабоевичтиң 11.00.02.-Экономикалық ҳәм социаллық география қәнигелиги бойынша география илимлери докторы илимий дәрежесин алыў ушын усынған «Фарғона водийси вилоятилари аҳолиси ва меҳнат ресурсларидан самарали фойдаланиш йўллари» деген тамадағы диссертациясының талқылаў мәжилисинде (Zoom программасы арқалы) қатнастым. Бул жумыстан өзимниң магистрлик диссертация жумысым ушын керекли мағлыўматларды ҳәм көнликпелерди алдым.

  2. 2021-жыл 8-январь күни 11.00.01.-Тәбийий география қәнигелиги бойынша география илимлери философия докторы (PdD) илимий дәрежесин алыў ушын усыныс етилген «Жиззах сув омбори таъсири доирасидаги геотизимларнинг ландшафт-экологик ҳолатини баҳолаш» темасындағы диссертациясын илимий (жетекши кәрхана сыпатында) талқылаўдан өткерген мәжилислеринде (Zoom программасы арқалы) қатнастым.



10. ИИЖ нәтийжелериниң тийкарында илимий мақала ямаса илимий баянат тезисин таярлаў ҳәм оны баспадан шығарыў

Топланған мағлыўматлар ҳәм олардың анализлериниң тийкарында Каракалпакстан Республикасында шаруашылык тарауларын рауажландырыу хам жайластырыудын айрым маселелери атлы тема бойынша мақаламның дәслепки вариантын таярладым ҳәм илимий басшыма көрип бериў ушын тапсырдым. Илимий басшым көрип бергенен кейин көрсетилген кемшиликлерин дурыслап оны жақын арада болатуғын конференция материалларында баспадан шығарыўды режелестирдим.




11. “Илим изертлеў жумысы ҳәм магистрлик диссертациясын таярлаў” бойынша ярым жыллық есап таярлаў

Илим изертлеў жумысы ҳәм магистрлик диссертациясын таярлаў бойынша ҳәр бир ай ушын айлық есаплар таярлап барылды ҳәм 1-семестр бойынша исленген барлық есаплар көзден өткерилди. Магистрантлардың жеке папкасы тәртипке салынды. Жеке режеде келтирилген ўазыйпалардың барлығы жоба тийкарында орынланып келмекте.





Download 0.63 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling