География ҳӘм тәбийий ресурслар факультети экономикалық ҲӘм социаллық география кафедрасы


Кафедраның илимий семинарлары, диссертациялар ҳәм есаплардың талқылаўларына байланыслы мәжилислерине қатнасыў


Download 0.63 Mb.
bet8/13
Sana19.06.2023
Hajmi0.63 Mb.
#1623123
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13
Bog'liq
есабат 1.

4. Кафедраның илимий семинарлары, диссертациялар ҳәм есаплардың талқылаўларына байланыслы мәжилислерине қатнасыў
2020-жыл ноябрь, декабрь ҳәмя январ айларында кафедраның илимий семинарларына ҳәм магистрантлардың есапларын талқылаў бойынша мәжилислерине қатнастым. 2020-жылдың 20-ноябрь күни ЎзМУ профессоры, г.и.д., Асқар Нигматов тәрепинен илим изертлеў методикасы бойынша өткерилген семинар ҳәм мастер классына тыңладым. Сондай-ақ, 2020-жылдың 23-декабр күни Әндижан мәмлекетлик университетиниң еркин излениўшиси Қодиров Раҳимжон Болтабоевичтиң «Фарғона водийси вилоятилари аҳолиси ва меҳнат ресурсларидан самарали фойдаланиш йўллари» деген тамасы бойынша докторлық диссертациясының ҳәм 2021-жыл 8-январь күни «Жиззах сув омбори таъсири доирасидаги геотизимларнинг ландшафт-экологик ҳолатини баҳолаш» атамасындағы география илимлери бойынша философия докторы (PdD) илимий

дәрежесин алыў ушын усыныс етилген диссертацияларын илимий (жетекши кәрхана сыпатында) талқылаўдан өткерген мәжилислеринде (Zoom программасы арқалы) қатнастым.


5. Магистрлик диссертациясы темасы бойынша илим-изертлеў
жумысларын алып барыў
Қарақалпақстанда мал шарўашылығының раўажланыўы ҳәм географиялық жайласыўы (3-5 бет көлеминде темаға байланыслы улыўма мағлыўмат жазыў керек)
Қарақалпақстанда мал шарўашылығы дийханшылық сыяқлы, аўыл хожалығының әҳмийетли тараўларынан есапланады. Ол бириншиден, халықты азық-аўқатлық өнимлери менен тәмийинлесе, екиншиден жеңил ҳәм азық-аўқат санааты тараўларын шийки зат ресурслары менен тәмийинлейди, сондай-ақ басқа эканомикалық районларға шығарыў ушын тийкарғы товарлық өнимлер таярлап береди. Мал шарўашылығының раўажланған тараўларына қой шарўашылығы, ири қарамал өсириўшилик, түйе ҳәм жылқышылық, қусшылық ҳәм пиллешилик тараўлары киреди. Булардың үлесинде аўыл-хожалығында өндирилген жыллық ишки жалпы өнимниң ½ үлеси дерлик туўра келеди, яки жыл сайын 172,5-225,6 млрд. сўм өним жетистириўге қатнасады. Айрым жыллар ишинде маллардың бас санының өсиўи төмендеги кестеден көриўге болады (кесте-№1).

Download 0.63 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   13




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling