ЛЕПЛИ кел. Күшли, епкинли. Ыссы ҳаўаның, лепли ҳәўири есип тур (А. Бекимбетов).
ЛЕПСЕ ат. Жас балаларда ҳәм үлкен адамларда болатуғын жуқпалы кесел, аўырыў, көк жөтел, өкпе аўырыўы. Доктор болмағанда лепсе аўырыўына шатылып өлер едим (К. Султанов).
ЛЕПСЕЛИК кел. Лепсеге тән, лепсеге қатнаслы, лепсеге байланыслы. Айзада кемпир лепселиктен жумысқа жарамсыз болып қалдыӨ. Айжанов).
ЛЕПСИ қ. непси.
ЛЕПСИҚАЎ қ. нәпсиқаў.
ЛЕТАРГИЯ ат. мед. Адамлардьң, жанлы-жаныўарлардьң узақ уйқыда болыў жағдайы.
ЛЕТЧИК ат. Самолетты айдаўшы, ушыўшы, басқарыўшы адам. Жайғасып болдыңыз ба? — деди летчик артына бурылып қарап (Н. Дәўқараев).
ЛИБА қ. липа.
ЛИБЕРАЛ ат. сияс. Либерализмди жақлаўшы ҳәм соның жолын қуўыўшы, либерал партиясыньң ағзасы.
ЛИБЕРАЛЛЫҚ кел.Либералға тән қәсийет, келисимпазлық. Кеўил жықпайтуғын либераллы қислеп мақлайдан сыйпап келдик («КПСС тар»).
ЛИБЕРАЛИЗМ ат. сияс. Буржуазиялық еркинликти күсейтуғын идеологиялық ҳәм жәмийетлик сиясий ағым.
ЛИБЕРАЛШЫЛ кел. Либерализмди жақлаўшы, либерализм жолын қуўыўшы. Либералшыл группа пайда болып, олар менен кескин түрде гүресиў керек болды («КПСС тар.»).
ЛИБРЕТТО ат. муз. Музыкалы-драмалық шығармалардың (пьеса, опера, балет) әдебий сөз тексти.
ЛИБРЕТТОШЫ ат. Музықалы-драмалық шығарманық созин жазыўшы, либретто авторы.
ЛИВР ат. 1. Французлардың бурынғы гүмис ақшасы. 2. Францияда шама менен ярым килограммға туўры келген бурынгы өлшеў бирлиги.
ЛИГА ат. Орай, шөлкем, бирлеслик.
ЛИДЕР ат. 1. Сиясий партияның ямаса жәмийетлик шөлкемниң басшысы. 2.Спорт жарыста биринши орында киятырған спортшы ямаса команда.
ЛИДЕРЛИК кел. 1. Лидерге тийис, лидерге тән, лидерге байланыслы 2. Басшылық, жолбасшылық. Мектептиң спорт командасы жарыста лидерликке еристи («Жас Ленинши» г.).
ЛИЙКИН ат. Мәни, мәнис, мазмун, әҳмийет. Демек, оның усындай лийкини бар екен ғой. (А. Бекимбетов). Бул сораўдың лийкинине түсинген Сәўле ойланып апасының жүзине күлимсиреп қарады (С. Хожаниязов).
ЛИЙҚИНЛИ кел. Астарлы, мәнили, түйинли, ойландыратуғын. Алламбергенниң лийкинли сөзи Оразгүлге де, моллаға да түсиникли болды (Ж. Аймурзаев).
ЛИКЕР ат. Спиртли ишимликтиң түри.
ЛИКИЛДЕЎ ф. 1. Жүреги айныў, жүреги алыў, қусқысы келиў, жүреги көтерилиў. Жүреги ликилдеп қусқысы келеди, бирақ келетуғын ҳеш нәрсе жоқ («Қыз. муғ» ж.). 2.қ.лықылдаў.
ЛИЛИПУТ қ. иргежейли.
ЛИЛИЯ ат. бот. Суў ишинде өсетуғын ақ гүлли, ири ҳәм жалпақ жапырақлы өсимлик.
ЛИМИТ ат. Бир нәрсениң мөлшери, өлшеми.
ЛИМОН ат. 1. Қабығы қалың, хощ ийисли, дәми ашқылтым мийўе, жемис. Чайға салып ишетуғын еки лимон, ярым килограмм мандарин алды (Ө. Айжанов). 2. Ҳәмме ўақыт жасыл болып өсетуғын мийўе ағаш. Лимонлары алтын сары, Ырғалысқан буўдайлары (И.Юсупов).
ЛИМОНАД ат. Лимоннан ҳәм басқа да жемислерден исренетуғын салқын ишимлик. Олар менен бирге бизлер де лимонад иштик («Жеткиншек» г.).
ЛИМФА ат. Адамлардыц ҳәм жанлы-жаныўарлардың организминде болатуғын реңсиз суйықлық.
ЛИНГАФОН ат. Тилдеги сеслерди жазатуғын аппарат.
ЛИНГВИСТ ат. Тилши, тил илими бойынша қәнийге. Бурын кәнигели лингвист болмады (Қ. Айымбетов).
ЛИНГВИСТИКА ат. Тил илиминиң изертленетуғын тараўы, тил билими. Соңғы жыллары л и н г в и с т и к а тараўы әдеўир өсти («Сов. ҚҚ.» г.).
ЛИНГВИСТИКАЛЫҚ кел. Тил илимине тән, лингвистикаға қатнасы бар, лингвистикаға тийисли. Бир қанша фольклорлық тарийхый этнографиялық ҳәм
лингвистикалық экспедициялар шөлкемлестире баслады (Б. Исмайлов).
Do'stlaringiz bilan baham: |