Гер I: ләңгер ағаш ат. Қудықтан суў алыў ушын тик көмилген ағаштың жоқарысына кесесине байланған ағаш


Download 117 Kb.
bet1/3
Sana24.12.2022
Hajmi117 Kb.
#1059191
  1   2   3
Bog'liq
ЛӘНГЕР-ЛИНГВИСТИКАЛЫҚ


ЛӘҢГЕР I: ләңгер ағаш ат. 1. Қудықтан суў алыў ушын тик көмилген ағаштың жоқарысына кесесине байланған ағаш. Ол тас қудыққа келди де, ләқгер ағаш пенен суў алып ишти ҳәм атларын да суўға қандырып алды («ҚҚ. кем. атл.»). 2. Дәрўазшының дәрўаздың жоқарысындағы керип тартылған арқан арқалы теқ салмақлылықты сақлап жүриў ушын қолына алып жүретуғын арнаўлы сырық. Дәрўазшы ләңгер ағашты алып дәрўазға минди («Жеткиншек» г).
ЛӘҢГЕР II кел.Аўыр, үлкен, қолайсыз, жайғаспайтуғын нәрсе. Бул ағаш ләңгер екен,буны орнынан қозғалтыў қыйын болды (Қ. Айымбетов).
ЛӘҢГЕРЛЕЎ кел. Үлкенлеў, аўырлаў, қолайсызлаў, жағдайсызлаў. Ағашлардың ләңгерлеў қыйлыларын бөлеклеп жыйнаўға киристи («Қыз. ҚҚ.» г.)
ЛӘҢГЕРЛИҚ ат. Аўырлық, үлкенлик. Әкелинген ағашлар жайға салыўға ләңгерлик етти («Қыз. муғ», м.).
ЛӘҢКИ ат. I. Балалрдың аяғы менен теўип ойнаў ушын қорғасының орсатына жүн өткерилип ямаса шүберекке қатты нәрселер түйилип исленген зат. Бизлер ҳәммемиз болып бир ғана ләңки ислеп алдық («Қыз. муғ» ж.). 2. Балалардың аяқ пенен теўип ойнайтуғын ойыны. Жайдың алдында ләңки ойнап атырған бир топар балалар көринди (Қ. Айымбетов).
ЛӘНКИДЕЙ кел. Ләңки сыяқлы,леңки тәризли,леңки усаған. Гүлистанның ылақтырған резинкасын Алымбай ләңкидей етип бир теўип қақшып алды («Жеткиншек» г.).
ЛӘП қ. ләб.
ЛӘПӘР ат. Той ҳәм мерекелерге жигитлер менен қыз тәреп-тәреп болып айтысатуғын терме қосық, айтыс. Мектеп оқыўшылары зерикпеў ушын ләпәр айтысыўға киристи, ... («Жеткиишек» г.).
ЛӘПСИ қ. нәпси.
ЛӘРЗЕМ ат. 1. Жайлардың түбин ямаса басқа дазатларды ызғар алыўы, ләмлениўи. Түнек ылай дийўалдың ләрзем алыўына сәл қалды (Т. Қайыпбергенов). 2. Жүй бериўи, шытнаўы, жарылыўы, айырылыўы. Жерлер ләрзем береди, Еки батырдың. сестине («Алпамыс»). Қатқан жер ерип, тоңлап тумлы-тустан ләрзем береди (Ж. Аймурзаев). 3. Taп бериўи, белги бериўи. Гүрсилдеген үйлер гүңиренип ләрзем алды (Сейтов). 4. Тәсирлениў, тәсир етиўи, себеп болыўы. Тумлытустан ләрзем алып, тарап кетти түн қамалы (Ж. Аймурза­ев). 5. Аўыс. Тысқарыдан болған қарсылық, зақым, зыян, зәлел. Жалынланып иштен ҳеўирим, Ләрзем алый езилип тур баўырым (А. Дабылов).
ЛӘРЗЕМЛЕНИУ ф. Зыян көриў, зелеллениў. Жердеги ызғардық көтерилиўинен көп жайлар ләрземленди («Сов.ҚҚ-» г.).
ЛӘТТЕ кел. I. Гөне-кекси шүберек, дасмал. Усы ўақытта есиктен ләтте шапанға оранған орта бойлы, қара жигит кирип келди, ... (К. Султанов). Кийимиң ләтте еди, жүзиң пәрийшан, Дүнья телмиргендей болды тек саған (И. Юсупов). 2. Жаман, сасық, унамсыз, жарамсыз, ҳеш нәрсеге турмайтуғын. Ескиликтиң ләтте тосқынлықларын биротала тамырынан жулып тасламасақ болмайды (Ж. Аймурзаев). Ләтте пикиржаман ой, жарамсыз қыял. Көп қорлапсаң өз анаңды қастың ба? Ләтте пикир уялаған басыңда («Әмиўдәрья» ж.). Ләттепәм — ойсыз, пәмсиз, адамгершиликсиз адам, пәс адам. Сөздиң кәнинен гүл термеген, Бир ләтте пәм надан екен (А. Дабылов).
ЛӘТТЕЛЕНИЎ ф. Патасланыў, гөнериў, кирлеў, жарамсыз болып қалыў. Ол тозыўы жетип ләттеленип қалған кийимлерин шешти, ... (ҚҚ. кем. атл.»).
ЛӘТТЕЛЕЎ кел. Тозыўы жеткен, гөнелеў, кирлеў. Қашқын ләттелеў көйлегин шешип, басқа көйлегин кийди де шығып кетти (К. Султанов).


ЛӘТТЕЛИК кел. Тозыўы жеткенлик, гөнергенлик, кирлегенлик, патаслық. Ҳәзирги күклери халқымыздың. турмысы абаданласты, ләттеликтен айырылды («Сов. ҚҚ.» г.).
ЛӘУЕНТ I ат. Жүрексиз, пәс, нас. Адамлар билерлер жақсы-жаманды, Ләўентлербилерлер басы аманды (Өтеш).
ЛӘУЕНТ II кел. Қорқақ, қоян жүрек. Данамекен деп едим, Ләўент екенсең бәтшағар («Алпамыс»).
ЛӘУЕНТЛИҚ ат. Қорқақлық, қоян жүреклнк. Булардың ислеген қылмысын ашықтан-ашық айтыўға бригадир ләўентлик етип батыра айталмады («Қыз. ҚҚ.» г.).
ЛӘЎЗЕ кел. 1. Үлкен денели адам, узын бойлы ири денели киси. 2. Аўанлаў, есўаслаў, самсамлаў. Ядымда сақланар, ағалар, бул ис, Әйтекедей ләўзелерибар екен (Омар).
ЛӘЎЗЕДЕЙ кел. Ләўзеге усаған, ләўзе тәризли, ләўзе сыяқлы. Қамыслықтың арасында қашқын ләўзедей болып көринди (К. Султанов).

Download 117 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling