ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АЎЫЛ ҲƏМ СУЎ ХОЖАЛЫҒЫ МИНИСТРЛИГИ
ТАШКЕНТ МƏМЛЕКЕТЛИК АГРАР УНИВЕРСИТЕТИ НӨКИС
ФИЛИАЛЫ
«ТИЛЛЕР ҲƏМ АНЫҚ ПƏНЛЕР» КАФЕДРАСЫ
«ЖОҚАРЫ МАТЕМАТИКА» ПƏНИННЕН
ЛЕКЦИЯ КУРСЫ
(32 СААТ)
5410700- «ЖЕР ДҮЗЕТИЎ ҲƏМ ЖЕР КАДАСТРЫ»
БАКАЛАВРИАТ ТƏЛИМ БАҒДАРЫНЫН 1-КУРСЛАР УШЫН
ПƏН ОҚЫТЫЎШЫСЫ: ФМИК Р. ЖИЕМУРАТОВ
НӨКИС 2015ж
№
|
Тема атамасы
|
саат
|
1
|
КӨПЛИКЛЕР ТЕОРИЯСЫ ҲƏМ АЛГЕБРА ЭЛЕМЕНТЛЕРИ
|
12
|
2
|
ТЕГИСЛИКТЕГИ АНАЛИТИКАЛЫҚ ГЕОМЕТРИЯ
ЭЛЕМЕНТЛЕРИ
|
14
|
3
|
МАТЕМАТИКАЛЫҚ АНАЛИЗГЕ КИРИСИЎ
|
6
|
КӨПЛИКЛЕР ТЕОРИЯСЫ ҲƏМ АЛГЕБРА ЭЛЕМЕНТЛЕРИ
Көпликлер ҳəм олар устинде əмеллер.
Екинши ҳəм үшинши тəртибли анықлаўышлар.
Матрица түсиниги.
Сызықлы теңлемелер системасы.
ТИЙКАРҒЫ ТҮСИНИКЛЕР
1. Көпликлер ҳəм олар устинде əмеллер.
Математикада ҳəр түрдеги көпликлер ушырасады. Мысал ушын тегисликтеги барлық точкалар көплиги, барлық рационал санлар көплиги, барлық жуп санлар көплиги ҳəм тағы басқа.
Көпликлер латын алфавитиниң бас A, B, C... ҳəрплери менен, ал көпликлердиң элементлери болса, кишкене a, b, c... ҳəрплери менен белгиленеди.Бирде элементи болмаған көплик бос көплик делинеди ҳəм ол Æ белгиси менен белгиленеди.
Егер А көплигиниң ҳəр бир элементи В көплигиниң де элементи болса, онда А көплиги В көплигиниң улес көплиги делинеди ҳəм ол АÌВ көринисте белгиленеди. А ҳəм Æ көпликлер А көплигиниң өзлик емес улес көпликлери делинип, А көплигиниң басқа улес көпликлери оның өзлик улес көпликлери деп аталады.
Мысалы барлық пүтин санлар көплиги барлық рационал санлар көплигиниң өзлик улес көплиги болады. Егер АÌВ ҳəм ВÌ А қатнаслар орынлы болса, онда А ҳəм В көпликлери өз ара тең көпликлер деп аталады.
Do'stlaringiz bilan baham: |