Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


Шымбай қаласындағы ӨМИРБЕК ЛАҚҚЫ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet26/36
Sana17.09.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1679955
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)

Шымбай қаласындағы ӨМИРБЕК ЛАҚҚЫ 
ескерткишиндеги жазыў: 
Бир геллеге қонып мыңлардың бахты,
Пақыр-пуқаралар қорланған ўақты,
Ашшы күлки менен халқын жубатып,
Шымбай жақта өткен Өмирбек лаққы. 
Онда үй болмаған, ылашық болған.
Бирақ қайда барса, жол ашық болған.
Өмирбек келипти десе бир үйге,
Шийдиң жыртығына таласық болған... 
МӘТЕКЕ ақсақал ЖУМАНАЗАРОВтың
естелигиндеги жазыў: 
Таллы жағыс тамғалының жеринде
Бул жақты жәхәнге келдиң ақсақал. 
Ат көтерип Қарақалпақтың елинде,
Бир киси ким болса, болдың ақсақал. 
Туўры сөзден жалтармадың жасқанып,
Халқың менен астың заман асқарын,
Он сегиз жыл парламентти басқарып,
Заң-закун басында турдың ақсақал. 
Жийреншедей жүйрик, шийрин тил болса,
Ата-баба дәстүр тутқан жол болса,
Бул әтирапта қанша улыс ел болса,
Бәри хүрметиңде болды ақсақал. 


68 
Ҳүрметли ШАРАП РАШИДОВтың
естелигине: 
Ҳәм алым, хәм даныш, дийқан едиңиз,
Беглигин бузбаған султан едиңиз.
Кишипейил, гөззал инсан едиңиз,
Алтынға қаплар журт сөзлериңизди. 
Дүньяға даңқ жайған өзбек еллери,
Ғумшалап ашылған ығбал гүллери.
Жаңа дәўран-мустақиллиқ желлери
Мәңги желпип турғай жүзлериңизди. 
БАБАШ ИСМАИЛОВтын
қулпытасындағы жазыў: 
Минезиң бар еди жипектен майда,
Енди бизге сендей жанажан қайда?
Адамшылық деген уллы сарайда
Қалыс хызмет қылып, турдың да кеттиң. 
Академик ЧАРЖАЎ АБДИРОВтың естелигине: 
Алымлардың алғыр тарланы едиң,
Байтеректиң бийик нәрўаны едиң.
Жигиттиң бир туўған султаны едиң,
Ел ядында мәңги қалдың да кеттиң. 
 
ПИРЖАН аға ХАЛМУРАТОВтың
қулпытасындағы жазыў: 
Елге хызмет еттиң ҳарып-талмастан,
Ақыл-зейиниң кескир еди алмастан.
Болмас ислер көп болар бул дүньяда
Азаматлық атың жасар арада. 


69 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling