Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet10/36
Sana17.09.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1679955
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)

ПАТША ҲӘМ ШАЙЫР 
Даңқлы Шираз – шайырлардың ўатаны, 
Амир Темир жаўлап алды да аны. 
Шағал мәслик қурды тилла сарайда 
Бир әндийше ойға келди қалдайда: 
"Бар, тақсыр. Шақырып берейик" деди. 
"Жақ, өзимиз барып көрейик" деди. 
Ийт алған түлкиде не сын тбар деген
Шаыр қапа еди. Ели бүлинген. 
Шәҳәр шетиндеги қәбирстанда 
Гөне махбараның ық саясында. 
Астқа төсеп ески гилем жуллығын,
Ғаззел жазып отыр еди ол бүгин. 
Алдында ақ қағаз, қолында қәлем.
Патша келип оған берипти сәлем. 
"Ҳафиз деген шайыр сиз бе?"
"Аўа, биз. Сиз, бирадар, ким боласыз өзиңиз?". 


32 
"Биз Амир Темирмиз". "Хош тақсыр, хызмет?"
Деп шайыр түргелип, көрсетти хүрмет. 
"Жоқ, отырың. Хәлек болмаң түргелип.
Сизге мәлел бердик тосаттан келип. 
Мәзи бир саўалым бар еди сизге,
Бир қосығыңыз бәрҳа ой салар бизге: 
"Мәгар кеўлимди алса сол Шираз жананы,
Жүзде қалына беререм Самарқанд, Бухараны". 
Деген еки сәтир қосығыңыз бар.
Бул ғәззелди ҳәмме бақсылар айтар. 
Мейли, ел аўзына салынбас тыйым,
Бирақа бир әнтек жери бар буның. 
Усы еки қала гүрлеп турсын деп,
Дүньяда теңи жоқ шәхәр болсын деп, 
Мен жүрмен өзимди ҳәзликтен тыйып,
Хиндстаннан берман усталар жыйып. 
Сиз болсаңыз, сөйткен еки шәҳәрди
Меншик мүлкиңиздей, көз жумып енди,— 
Бере жақсыз, қарамай өз ҳалыңа,
Бир нашардың жүзиндеги қалына. 
Сақыйлықтың да бар өзинше шеги,
Бул не деген қолы ашықлық" деди... 
Шайыр айтты: "Тақсыр, таңланбаң буған.


33 
Қолымыздың сондай ашықлығынан, 
Усындай аўҳалға түсип турғанбыз,
Дүньядан қол жуўып, қуры қалғанбыз..." 
Патша мыйық тартып, күлди муртынан.
"Қәнәәтлендик биз жуўабыңыздан. 
Мәлел берген болсақ, кешириң бизди.
Жаза бериң енди ғәззелиңизди"... 
Деп патша бас шайқап, күлди муртынан.
Хәм ол кетер ўақта Шираз журтынан, 
Қала ҳәкимине тапсырды нықлап:
"Шайырға ғамхорлық ислең жақсылап. 
Жайы тозған болса, жай салып бериң,
Мал сақлайман десе, мал алып бериң 
Патшалық ғәзийне мүлк есабынан,
Ай сайын напақа берилсин оған. 
Йош-илҳам бериңлер шайырға бәрҳа.
Бундай шайыр келе бермес дүньяға"... 
Ноябрь, 2002-жыл 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling