34
Зорламаймыз "жазғаныма исен" деп,
Оқыўшының өз геллеси өзинде.
Сен тарийхтың асаў атын кисенлеп,
Услап алдың дүзде жүрген гезинде.
Ата журты Түркстанды қалмақлар
Шапқанында ессиз батыр қулады.
Гүлдир-гүлдир киснеп сонда жаныўар,
Кеткен еди ылағып...
Жығып кетип жүрмесин сол жайдақ ат,
Жалын қармап, қыс жақсылап тақымды.
Шежиреге "алтын қабақ" байлап ат,
"Билгишлер"ге жиберме өз ҳақыңды.
Жаза берсин олар ғайрат
салып тек,
Қарақалпақты "кеше шыққан халық"деп.
Алыстағы архивлерге кире алмай,
Ивановтан—Толстовқа барып кеп...
Ал, сен бала, шежиреңди
шерте бер,
Жүйрик қыялына журтты ерте бер.
Ата-баба әрўағына сыйынып,
Гөне тарийх жолларынан жорта бер.
Нақыл бар: "жүргенге жормал илинер",
Ықласыңа Қыдыр ата көринер.
Ески тарийх—көмиўли көп ғәзийне,
Сыр сандығын ийелеген перилер...
Елге деген муҳаббатың шоқ болып,
Жағып кеткен жыңғылындай апамның.
Қарақалпақта сендей жийен көп болып,
Қолласын руўҳы уллы Шоқанның.
35
2001-жыл.
АРАСАТЛЫ ГҮЗ
Қара бултлар қаңғыр гүзги аспанда,
Синоптиклер билер қайда жаўарын.
Еле урыс баратыр Аўғанстанда,
Ҳеш ким билмес қашан тамам боларын.
Бир гезде қоңсымның үлкен
баласы
Мазары Шарифте урыста өлди.
Ал хәзирги урыс—урыстың жаңасы:
Хәм аяған болар, ҳәм қырар елди.
Әжел бүркип ракеталар ҳалласлап,
Посқынлар шөл-қумда омбалап атыр
Қашқанларға
самолеттен нан таслап,
Қашпағанын тынбай бомбалап атыр...
Октябрь, 2001-жыл.
Do'stlaringiz bilan baham: