Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ
Download 0.84 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)
ҚАРА КӨЙЛЕК ИШИНДЕ... Әрманлыда әрман көп, Тамсанғандай түсинде Ол ким екен. Улмамбет, Қара көйлек ишинде? Не бар бала ойында? Отырсаң жол бойында, 58 Үңилип ақ мойынға, Қара көйлек ишинде. Жигитке әдет сығалаў, Көзиң атын жығар-аў. Әйтеўир-ақ шығар аў, Қара көйлек ишинде... МУЗЕЙДЕ Сүйинбай Ералиевтен Бир қараған көзиң қайтып алғысыз. Қарайман картинаны турған бөлек. Жалаңаш сулыў жатар онда жалғыз, Пүтинлей залдың ишин нурға бөлеп. Келгенлер бәри қарар үймелесип, Музейде басқа сүўрет қалмағандай. Қарар ол сезимиңниң бәнтин шешип, Ой менен сен жөнинде әлле қандай. Ол кимди излемекге бунда жатып? Сулыўлар, тәкаббыр көз қарасыныз, Кимлерди жазылмастай дәртке шатып, Дәртлини айықтырып қоясыз сиз. Қумарды қашан, қәйтип козғарды да Бир ғана сизлер жақсы билесизлер Ол түўе, жаны жанлас досларды да Бир-бирине қас қылып, бөлесизлер. 59 ЕРТЕДЕГИ ҚОЙЫН ДӘПТЕРДЕН ИЗИМБЕТ АҒАНЫҢ ШЫЛЫМ МЕНЕН ХОШЛАСЫЎЫ 14 Хош бол енди сен қырқ жыллық жолдасым, Бел байладым сенсиз өмир сүрмеге. Дәртлериңе төзе алмады бул басым, Мәжбүр болдым саған жуўап бермеге. Тамақ ишпей жүрген мезгил көп болды, Ал сени умытқан гезим жоқ болды. Аўызға дәм, қарынға май питирмей, Шайнағаным аўқатемес, шөп болды. Урыс жыллары жеңиў ушын душпанды, Солдат пенен сен де кеттиң урысқа. Самосатка түўе, жоңышқа топанды Шектирдиң-аў сонда, занғар, қурыслап. "Беломор", "Казбек", "Пальмира"лардың Қалыўсыз түр-түрин көргенбиз бәрин. Шыбынлаған аттай, жыйналысларда Зорға отырғанбыз тутып қумарын. Жаман ойнас усап кейниме ерме, Мен сени көрмейин, сен мени көрме. Қой енди сен маған улпет болғанды, Атаңның қарызы болмаса менде. Билгенлерге азап, билмеске күлки, Бир сигарет болды дүньяның мүлки. 14 1978-жылы жазда Ташкенттеги ҳүкимет емлеўханасында Изимбет аға Арзуев, Абдулла Бекманов үшеўимиз жатқанымыз бар. Бул қосық сонда жазылып еди. — И.Ю. 60 Бизлер жутқан никотинди жегенде, Набыт болар еди бир үйир жылқы. Сақ адам деп Ысмамытқа бармадың, Сейтеков пенен де сырлас болмадың. Қайда ақ көкирек болсаң, күниң жоқ, Ыңғырыўлап қыр соңымнан қалмадың. Көк түтин жутқызып бала-шағама, Жөтелдирип, асыласаң жағама. Барғаныңда қандай жарасар едиң, Палўанияз "Ағаш қуйрық" ағаңа. Шекпей-ақ жүр Нөкистеги Жумекең, Нәшеси жоқ десең, бәле сум екен. Бул папирос, сигареттиң түр-түрин Шығарып атырған заңғар ким екен? Абдуллажан, айтарың жоқ сениң де, Бир пачкадан қайтар нормаң күнинде. Түтинине шыдап, бай қылып жүрген, Рахмет дер едим Дәме келинге. Ата-баба насыбай атқан хәрдайым, Жаңа заман таңды бизге бундайын. Ара-тура азлап шарап ишсек те, Шеккенди қояйык, иним Ибрайым. 18-июль, 1974-жыл, Ташкент Download 0.84 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling