Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


КОМПЬЮТЕР ЗАМАНЫНЫҢ МУҒАЛЛИМЛЕРИНЕ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet19/36
Sana24.04.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1394028
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)

КОМПЬЮТЕР ЗАМАНЫНЫҢ МУҒАЛЛИМЛЕРИНЕ 
Устазлар ҳәм муғаллимлер күнинде оқылған қосық 
Халықта сөз бар: "Устаз—атаңнан уллы".
Камил инсан ушын пидакерлерсиз.
Жаслар көп, билимли, табыслы, пуллы.
Оларды да адам қылған сизлерсиз. 
Хызметиңиз келешектен қайтқандай.
Жаңа бостанлардың бағманларысыз.
Сиз устазлар, Президент айтқандай,
Азат елдиң әзийз адамларысыз. 
Мәни берип, сер салсаң бул заманға,
Тәбизи өзге бир заман киятыр.
Компьютерди түсинбеген адамға
Оның тест сынағы жаман киятыр. 
Дәрья тасар муз қозғалар қарсаңда,


52 
Билимсиз жасаймыз дегенлер жаҳил.
Егер тилиң менен орақ орсаң да,
Енди дәртке аспас билимсиз ақыл. 
Алма алыс түспес өз ағашынан.
Нақыл бар: "не ексең, соны орасаң". 
Ықласын билимге жықсаң жасынан,
Өзиңнен билимли шәкирт аласаң. 
Сен устазлык етсең шынтлап егерде,
Оқыўшың дүньяны таңлантып, бәлким,
Жер жүзилик көрик таңлаўда, бирден—
Үш алтын медальды алыўы мүмкин... 
Билим—қүдирет, таў жоқ ол алмайтуғын,
Келешеги уллы заманы да бар
Бирақ умытыўға ҳеш болмайтуғын
Мәселениң басқа таманы да бар: 
Алтынның жез қурлым қәдири болмас,
Мағрифет билимге нурын салмаса.
Тек бир билим менен инсан болалмас,
Адамшылық пазыйлети болмаса. 
Жас әўлад билимге жумсап бар күшин.
Ақыл-зейини менен әлемди шолсын.
Ўатан ушын, адам ушын, халық ушын
Жанып жасайтуғын азамат болсын. 
Дүньяға мийримлик үлгисин берген,
Қызларымыз Оралдай арыўлы болсын.
Ўатан туўын төрт мәртебе көтерген,
Баллар Қутыбаевтай қарыўлы болсын... 
Айтып қойың оқыўшыңа ҳәр ўақта:


53 
"Ашық болсын адамшылық көзиң" деп.
"Компьютерди бил жақсылап. Бирақта,
Компьютер болып кетпе өзиң" деп... 
30-сентябрь, 2002-жыл.

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling