Ибрайым юсупов ҳӘр кимниң ӨЗ


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet35/36
Sana24.04.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1394028
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Har kimnin oz zamani bar (2004)

 
БӘНТБАСАР 
эпилог 
Айланды тарийхтың шарқыпәлеги,
Қүдиретли бир империя жүреги
Соғыўдан тоқтады. Тапты қозғалаң,
Миллетлердиң "басқа шығыў" тилеги. 
Уйтқып еркинликтиң самалы ести,
Ҳәр ел бийғәрезлик тусаўын кести
Ҳәмме журт базарлап дүнья базарын,
Жатырқаўық дәўир арадан кешти. 
Жатсырағыш болса инсан, сиясат,
Изинде өзине келтирер апат.
Сол айтқандай, Орай деген "әкемиз"
Қатты қоллы, менмен болды бийинсап. 
Азаплап аз санлы халықларды талай,
Ата мәканынан қуўды аямай
Әсиресе түрки тиллес ел болсаң,
Жақтырмады жаўдан болған баладай. 
Түркиядан ушып келсе қус болып,
КГБ-ның дузағына дус болып...
Қатнастырмай қойды. Несин айтасаң... 
Қалды бәри көрген жаман түс болып. 
Түркстанды жайлап ғәрезсиз еллер,
Өз намасы менен сайрады тиллер.
Қанына тартпаған халықты көрмедим,
Табысты жатласып кеткен кеўиллер. 


109 
Жатырқасқан жанлар жақын бул күнде
Еки түрк жигити отыр төримде.
Қызықлы ушырасыў өткизди олар,
Бүгин Нөкистеги түрк лицейинде. 
Алыс Түркияның бул жигитлери,
"Язекс текстайл" инженерлери.
Италиядан тоқыў станокларын
Тасып жүрди бунда бираздан бери. 
Жаңа заман жабық жолды ашқанда.
Олар келип Қарақалпақстанға,
"Катекс", "Элтекс" фабрикаларын,
Қурыўға қатнасқан Нөкис, Бостанда. 
Қурылыста жүрип Тоўфик хәм Кемаль,
Қарақалпақ тилин үйренген олар.
Тоўфик айтар:—түбимиз бир туўысқан,
Сөз бар "ат айланып, қазығын табар". 
Ат деген ақыллы ҳайуан, жаныўар
Деп муртынан күлип, достына карар.
—Мына Кемаль бейдиң қан тамырында
Қарақалпақ, түрк, француз қаны бар... 
Ҳәмме қол шаппатлап, ҳайран қалысты.
"Айтып берсин" десип, сораў салысты. 
Кемаль әкесинен еситкенлерин,
Айтып берди барлап жақын-алысты. 
—"Арқа бетте Қусхананың таўы бар,
Бәҳәр болса сона, шыбын жаўы бар.
Адам билмес ақбаслықта жатырмыз.
Керек болса, өзиң излеп таўып ал". 


110 
Бул қосықты айтқан бала ўағында,
Сақлаўлы жүр әкемиздиң ядында.
Базда сазға салып намасы менен,
Айтып берер үйде ақлықларына. 
"Өзим излеп таўып алып" жақында,
Болғаным бар сол Қусхана таўында.
Ертеде суў болмай, ел көшип кеткен,
Салыкешлер жасар жаңа аўылда. 
Бир ғарры табылды мениң бахтыма,
Атамыз Абсамед ахун ҳаққында,
Айтып берди кексе жағы кемсеңлеп,
Бирге ойнап өскен бала ўақтында. 
Қайтар жолым түсти және Шымбайға,
Яр-дослар көбейер екен бундайда.
Сүйегине атын жазып әкемниң,
Дуўтар сыйлық етти жигитлер сонда. 
Нурулла бей әфандиге арнаған
Ҳасыл сур териден папах, зер шапан.
Жигит ҳәм қызлары Елликқаланың
Сәлем-саўға десип тапсырды маған... 
2003-жыл. 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling