52
Билимсиз жасаймыз дегенлер жаҳил.
Егер тилиң менен орақ орсаң да,
Енди дәртке аспас билимсиз ақыл.
Алма алыс түспес өз ағашынан.
Нақыл бар: "не ексең, соны орасаң".
Ықласын билимге жықсаң жасынан,
Өзиңнен билимли шәкирт аласаң.
Сен устазлык етсең шынтлап егерде,
Оқыўшың дүньяны таңлантып, бәлким,
Жер жүзилик көрик таңлаўда, бирден—
Үш алтын медальды алыўы мүмкин...
Билим—қүдирет, таў жоқ ол алмайтуғын,
Келешеги
уллы заманы да бар
Бирақ умытыўға ҳеш болмайтуғын
Мәселениң басқа таманы да бар:
Алтынның жез қурлым қәдири болмас,
Мағрифет билимге нурын салмаса.
Тек
бир билим менен инсан болалмас,
Адамшылық пазыйлети болмаса.
Жас әўлад билимге жумсап бар күшин.
Ақыл-зейини менен әлемди шолсын.
Ўатан ушын, адам ушын, халық ушын
Жанып жасайтуғын азамат болсын.
Дүньяға мийримлик үлгисин берген,
Қызларымыз Оралдай арыўлы болсын.
Ўатан туўын төрт мәртебе көтерген,
Баллар Қутыбаевтай қарыўлы болсын...
Айтып қойың оқыўшыңа ҳәр ўақта:
53
"Ашық болсын адамшылық көзиң" деп.
"Компьютерди бил жақсылап. Бирақта,
Компьютер болып кетпе өзиң" деп...
30-сентябрь, 2002-жыл.
Do'stlaringiz bilan baham: