Ибрайым юсупов үмит жағасы


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet21/36
Sana13.05.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1456689
TuriПоэма
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)

(Әскербасы Птоломей келеди) 
Патша
(кеўилленип) 
Даңқлы әскер басы—сәрдарым мениң,
Батыр Птоломей, бармысаң өзиң?
Ҳүрметли устазым алым Әрасту
Сабақ берип скиф шатырында да,
Мәңги суў ҳаққында ертек айтпақта...
Қәне Птоломей, не жаңалық бар? 
Птоломей 
Туҳ, уллы патшайым, несин сорайсаң,
Сонша урысып жүрип бул Азияда,
Буныңдай көк өжет халықты көрмедим,
"Хорезмийли" дей ме, "массагет" дей ме.
Басында ғаўқыйып қара қалпағы,
Атып жығылады, жатып атады... 
Патша 
"Атып жығылады, жатып атады?...
Әстапурла, бул саҳрайы халықтың
Өйтип қорғағандай не байлығы бар? 
Птоломей 


66
Байлығы жоқ асып-тасып баратқан,
Дәрьядан сәл өтсеқ, аржағы шөллик. 
Әрасту 
Қулан шөлин сүйер, Қызғыш—уясын.
Адам елин сүймес байлығы ушын.
Сүйер оны Ўатан болғаны ушын,
Азатлық ҳәм ўатан—ең баслы байлық... 
 
(Птоломей күлип жибереди) 
Патша 
Бизлер ҳәм күлейик, хош, Птоломей? 
Птоломей 
(қысынғаннан қызыл орамал менен терин сыпырып) 
Кешир, тақсыр, еситпеген елде көп...
Бул елдиң Аяз деген ханы бар екен.
Патша сайлап, дәўлет қусын ушырса,
Кус қоныпты бир шопанның басына…
Енди сол шопаннан болған патшасы,
Қатты әдалатлы болса керекти.
"Уллы Искендер патшаға урыссыз
Бағынамыз, хыраж төлеймиз оған.
Жәбирлеп, төкпесин халқымның қанын".
Деп нан-дуз көтерип шықты алдымнан.
Барып кирип көрдим оның сарайын.
Алтын-гүмис пенен безелген зат жоқ.
Тилла емес басқа кийген тажы да,
Қараман ағаштан соғылған тахты,
Әдиллиги сонша шопан патшаның
Жесир қатын жүз қой айдайды дейди...
Тап қарсы алдына ағаш тахтының


67
Шопан ўақта кийген шерим етигин
Әширепилеп қыстырып бир қазыққа,
Дәл астына үлкен ҳәриплер менен
"Аяз, шарығыңа бақ!" деп жазыпты... 
(қатты күледи) 
Патша 
Ҳәй-ҳәй, Птоломей, күлкили емес бул!...
Әрасту 
Я тоба! Не деген даналық бар бунда!... 
Птоломей 
Даналық дейсиз-аў, неси даналық?...
Сол дана патшаның Асқар деген бир,
Тас жоныўшы күйеў баласы бар екен,
Ўай, жүўернемек, күйдирди-аў мени.
Есиңизде ме, Мараканданы аларда
Согдийлардың Спитамен дегени?
Халықты баслап, "сизге бағынбаймыз" деп,
Қанша жанға тийди. Булдағы сондай...
Үш күнлик урыста ол сүўретшини,
Бир сатқын достының көмеги менен,
Жарадар күйинде қолға түсирдим.
Жаўырнына таңба салып қыйнадым,
Ҳәм де тәңирибийзар Птометейдей,
Қап таўының бир шыңына байладым,
Сизге қарсы шапқан өзмәмбетлердиң
Тәғдири усындай азаплы, тақсыр.,. 
Патша 
Афарин, Птоломей, садық сәрдарым! 


68
Әрасту 
Соның бәрин өзиң ислеген болсаң,
Әжеп ис қылыпсаң, Птоломей батыр.
Териңди сүрт қызыл орамал менен... 
Птоломей 
(орамалына көза түсип, албырап) 
Ҳаў, қалай бул, ақ орамал еди ғой...,, 
Әрасту 
Вабилоннан Согдианаға дейин
Қан төгип киятырған әскер басының
Ҳәжеп емес ақ орамалы қызарса... 
Патша
(қатты күлип)
 
Әскербасы жигитлик қылған шамасы...
Пт о л о м е й
(Әрастуге ашыўланып) 
Бәрҳа ашшы тиллеп шағып сөйлейсиз,
Сизге бир жақпадым, устаз Әрасту. 
Патша 
Устазға сен түўе, биз жақпай жүрмиз,
Даўам ет, Птоломей, ашыўыңды бас. 
Птоломей 
(қайта жанланып) 


69
Тақсыр, бул жерден тез кетпесек болмас.
Адам қызыққандай байлығы да жоқ.
Кеше мен еситтим, оның үстине,—
Бул елдиң мына Окс деген дәрьясы
Өр беттеги үлкен бөгетти жығып,
Оксиана теңизин ол тәрк етип.
Гиркан теңизине бурылып кетипти.
Сизиң жаўлап алып атырғаныңыз,
Бул апат жанында ойыншық деседи.
Енди бунда қурғақшылық басланып,
Жаў шаўмай-ақ ел серпилип көшеди... 
Патша 
Әстапырла я, қапылттың ғой, сәрдарым. 
Әрасту 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling