Ибрайым юсупов үмит жағасы
Download 0.84 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)
ЖЫЛҚЫ ЖЫЛЫНА
(1990) Астыңда Ақбозат—тулпар ураны, Тоңлы ушқын шашып гүмис нәлинен. Олсыз да бул ғалаўытлы дүньяны Ҳәўлиртип, дүсирлеп кирип келдиң сен. Ғәлетий сес пенен киснеди атың. Жалларына қыраў қатып, муз турған. Суўық еди жылқы минез айбатың, Жүзиңе арасат ызғары урған. Қайсы жулдызлардың болдың тойында, Қай мәнзилден шықтың сәҳәр ўақтында? Қандай нийетлер бар сениң ойында? Айт жасырмай жәриялылық ҳаққына. Ошақ басы, арша ағаштың жанында Үмийдиўар сени күттик бийқарар. (Аязлы арқаның қай орманында Өскен екен бул көк шырша жаныўар?) Мине жүрис тынды көше-күйлерде, Азап пенен тапқан шампанды ашып. Арша ағашты безеп ҳәмме үйлерде, 4 Отырмыз бийтақат кейпимиз қашып. Жақсы билер ҳәзир ҳәр если адам, Бөлинсе, бөри жеп, дүзде қаларын. Дүнья аман болса бәле-қададан, Өз ошақ басының аман боларын. Тарийх-ана таза заманға жерип, Жаңаша жасаўдың жолын гөзлеген. Көз ашылып тиллер гөяға келип, Қарадық дүньяға жаңа көз бенен. Қарап көрсек қайырылып излерге, Көп бийҳуўда жанға қысым қылыппыз. Гүўлеп қол шаппатлап қысыр сөзлерге, Дәрьяны теңизден шөлге бурыппыз. Енди жаңа жолға бурайық десек, Гөнерген машина бурылмай атыр. Бәрин тезден қайта қурайық десек, Бул сирескен дүнья қурылмай атыр. Бир жақтан, оянған ойлар қозғалып, Жаңаша жасаўды талап етпекте. Ески интизамлар көнбей, шамланып, Минберлерди бүрип, күш көрсетпекте. Бир жақтан, оянған халықлар бел буўып, Жаңа гүреслердиң минген атына. Бир жақтан, биреўлер отқа май қуйып, Жылынбақта миллетшиллик отына. Жаңаша ислетип адамлар мийин, Тубалаўдың мунар күни батқандай. Бир жақтан ҳаўлыққан дүньяның үйин, 5 Жаўыз рэкетирлер тонап атқандай.... Қабағы қатыңқы келген жаңа жыл, Сен не менен белгилейсең орныңды? Ақбоз атын гижиңлеткен бала жыл, Билсек деймиз сениң платформаңды. Жеңил көрдим Қарбабаның қапшығын, (Ол не қылсын, жоқты жерден қаза ма!?). Бәлки бизди дағдарыстан апшығып, Бәлки тартарсаң ба аўыр жазаға? Ушан кемелерди шайқаған даўыл Теңизлерде тегинликте басылмас. Биз баратқан жоллар қыйын ҳәм аўыр, Боз думаны ҳә дегенде ашылмас. Ақбозатқа жайдақ минген жаңа жыл, Беккем отыр, мәккем қармап жалынан. Үлкен үмитлердиң жылы бола бил, Ақыл, инсап периштеси дарыған! Январь, 1990-жыл. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling