Ибрайым юсупов үмит жағасы


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet9/36
Sana13.05.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1456689
TuriПоэма
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)

МӘҢГИЛИК 
(гөне сөз) 
Бир топар жигитлер атланып тойға,
Иңирде жол алды қоңсы аўылға. 
Жол бойында қалды әўлийешилик.
Жеңил минез осамаслаў бир жигит,— 
Марҳум жатқан достын тойға шақырды,
"Жүрсең-ә, жора!" деп ойнап бақырды. 
Бир ўақлары зәңги қағысып оған,
Бир атлы қосылды келип қапталдан... 
Бирақ оны ҳеш ким елестирмеди,
Өлгенин де бәри умытқан еди. 
Аўылдан тап жаңа шыққандай бирге,
Жетти ғаўқылдасып той болар жерге. 
Той қызды, ҳемме мәс. Тек те бир жигит,
Үнсиз бир нашарға көзлерин тигип, 
Ықтыяры кеткендей-ақ өзинен,
Отырды ол қаны қашып жүзинен. 
Шағал мәслик болды, жыраў айтылды,
Аўыр жатар ўақта үйге қайтылды. 


25 
Келген ўақта қойымшылық тусына,
Марҳум жигит былай деди досына: 
"Тойға мирәт еттиң, рахмет жора,
Сағынып жүр едим, ҳәз еттим бала. 
Енди мирәтим бар мениң де саған,
Бир ақшам бизге де боласаң мийман". 
Сөйтип жигитлерден бөлинип олар,
Бир әжайып отырыспаға бардылар. 
Ҳасыл гилем төсеп тилла сарайға,
Гүллер қойған, дийўаллары шарайна. 
Ҳәўижинде саз ҳәм сәўбет дегенлер,
Жилўа таслап ойнар арыў сәнемлер. 
Бир дилбар наз бенен қәдемин басып,
Ғайбана мийманға болғандай ашық, 
Иззет-ийба менен қыйылып қарап,
Жигитке ишкизди бир кәса шарап... 
Жигит бир шийрин түс көргендей болды,
Тирилей бейишке киргендей болды. 
Тек есинде таң алдында қайтқаны,
Достының "саў бол" деп оған айтқаны... 
Аўылына келсе, бәри өзгерген,
Жоқ, баяғы дос, туўысқан, көз көрген. 
Бул —ҳеш қимди, буны—ҳеш ким танымас,
Сөйлескенде түсинисип жарымас. 


26 
Ҳаялының атын айтып бақырды,
Балаларын бирим-бирим шақырды. 
Еситкенлер аң-таң болып қарасар,
"Байғус аўырған ғой" десип аясар. 
Билди ме ол, қанша заманлар өткен?
Дүнья қайта-қайта өзгерип кеткен. 
Мәзи таныс дәрья ағар қасынан.
Бултлар көшер еле таўдың басынан. 
Бул шексиз әлемди нур менен шулғап,
Бул қүдиретли Қуяш шығар шашырап... 
Ноябрь, 1989-жыл 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling