Ибрайым юсупов үмит жағасы
Download 0.84 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)
- Bu sahifa navigatsiya:
- ҲАЎАЗЫҢ СЕНИҢ
АЛЫС ӘЎЛАДЛАРҒА
Жазғы таңда жасыл жапырақ жамылып, Бүлбил қуслар менен сайрағым келер. Батар күнниң шапағына шомылып, Атар таңға сәлем жоллағым келер. Даңқ ҳәўес етиўден нийетим аўлақ, Қайсы шайыр алар кеўлиңди жаўлап? Алыс қашырымдағы ҳәй гөззал әўлад, Сениң кимлигиңди болжағым келер! Кең дүньяның сағалаяқ елинде, Шайыр болып атым шыққан мениң де. Қайсы қәўимлердиң қандай тилинде, Сөйлер сөзиңизди аңлағым келер. Сизге дейин небир заманлар өтер, Қанша әўлад келип қаншасы кетер. Билмедим, даўысым қай жерге жетер, Сонда да бир қосық арнағым келер. Дәрья терис ағар, теңизлер кебир, (Бундай иске бизлер соныңдай шебер). Қырқ шилтер тесилип, Жер кейин тебер, Соннан бурын оны қорғағым келер. Оқып көрерсизлер тарийхнамадан, Бизлер жәрияладық бир жаңа заман. Нийетимиз дүзиў, пейлимиз жаман, Шынды жалған менен алдағың келер. Сондай машақатлы жолымыз бизиң, Қәўип-қәтерли оңлы-солымыз бизиң. Шетимизден билгир бәримиз бизиң, 31 Қайсы биримизди тыңлағың келер. "Әўели өзиңди қайта қур, қәне!" Деп тәп берип турмыз бир-биримизге. Өзин қайта қурыў жағады кимге, Өзиңди емес, журтты оңлағың келер... Жықтық тәбияттың жасыл таўларын, Зәҳәрлеп питирдик ағын суўларын. Заманның буныңдай түс алыўларын Түрли жақка жорып, болжағың келер. Дүньяны жаңадан дүзеймиз десип, Қызыл кегирдек боп, қаралай өшип, Биреў жалғағанды биреўмиз кесип, Тилди сөзге жонып қайрағың келер. Тарийх-ана азап шеккен жолдағы — Жаңаланыўдың бул ашшы толғағы Сиз туўралы дәўирлерге алдағы Нәсил таярлар деп ойлағым келер. Бийхабармыз сизиң кимлигиңизден, Мириўбетиңизден, сумлығыңыздан, Жулдызлар үңилсе түңлигимизден, "Ким екенин айт" деп ымлағым келер. Бир-биреўди жатырқамай еле сиз, Интимақлы жасаў жолын билесиз. Бизиң көп ислерге күлип жүресиз, "Байғус бабамлар" деп аяғың келер. Жасап инсап, ҳүждан, ар-уят пенен, Сыйласарсыз қызғын мухаббат пенен, Адам тил табысса тәбият пенен, Нағыз инсан сол деп сыйлағың келер. 32 Тәбият ол тиришиликтиң ийеси, Қорлағанға тийер қарғыс-кийеси. Олдур адамзаттың Ҳаўа енеси, Қәйтип өз анаңды қорлағың келер? Жасыл тоғайлардың саясы сизге, Теңизде толқынлар намасы сизге. Дәрья суўларының тазасы сизге, Бәрин-бәрин сизге арнағым келер. Ҳәй сиз алыс әўлад—бийтаныс урпақ! Дүньяға келесиз сиз қай ўақ-бир ўақ. Узақ өтмишлерден сизди улуғлап, Сизге таң сәлемин жоллағым келер! Май, 1990-жыл. ҲАЎАЗЫҢ СЕНИҢ Тамара Дошумоваға "Дембермеске" деми жеткен қарындас, Йошлансаң ямана кетесең енди. Суңқар қуслар жеталмаған таўларға, Пәтли пәрўаз бенен жетесең енди. Қарақалпақтың болған жери "Дембермес", "Дембермеске" ҳеш бир нама тең келмес. Ҳаўазыңды бүлбил қустан кем көрмес, Жанды жүйсиз жерден сөтесең енди. Ушырған қусыңның таппай турағын, Дуўалап таслайсаң журттың қулағын. Ҳәмме Ләйли-Мәжнун болып ылағып, Залдан шығып кетсе нетесең енди? Сахнада сулыўлық ҳәм назың менен, 33 Талпынасаң талант—пәрўазың менен. Қалай ғана усы ҳаўазын менен, Бир нашар орнына кетесең енди! Февраль, 1990-жыл. Download 0.84 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling