Ибрайым юсупов үмит жағасы


Download 0.84 Mb.
Pdf ko'rish
bet13/36
Sana13.05.2023
Hajmi0.84 Mb.
#1456689
TuriПоэма
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   36
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Umit jagasi (1990)

БИР КӘСА ШАЙ ҚОЛҒА АЛЫП... 
Бир кәса шай қолға алып,
Мейил еттим нәзер салып,
Кәсамда назлы шайқалып
Келер бир қонақ, бир қонақ. 
Шайды ишпей шайқап көрдим,
Жүрислерин байқап көрдим.
Ким екен деп болжап көрдим,
Бизге киятқан бул қонақ? 
Шыққан жери узақпекен,
Кегейли я Мойнақпекен.
Бир қудайы қонақпекен,
Болғай-дә бир қутлы қонақ. 
Тик журсе шай шөбиреси,
Конақ келер көбинесе.
Келер еди-аў бизди десе,
Бунша бүйтип шайқалмай-ақ. 
Тоқсан бесте шәмбе ақдур,
Ақ жүзиңе тоймақ жоқдур.
Кеўил кеўилге қонақдур,
Соны билер ме бул қонақ? 
Жүзинен нур шашыўлары,
Нәзер таслап қашыўлары,
Серлеп аяқ басыўлары
Саған усайды бул қонақ. 


34 
Ақшам сырласып ай менен,
Күним өтер "пай-пай" менен.
Ишип қоярман шай менен,
Тезден келмесең сен қонақ... 
ЖАНАН КӨРИНБЕС 
Мениң ығбалыма жаралған дилбар,
Бир өзиңнен баска жанан көринбес.
Мийирбан деседи сени адамлар,
Мийрим-шәпәәтиң маған көринбес. 
Бизди қойып бунша ҳижран дағына,
Бүгинги күн жеттиң шадлық шағына.
Жулдыз үймелесе ай қабағына,
Арада сол арыў Шолпан көринбес. 
Ел ишинде сырым журттан жасырып,
Жалбарарман аяғыңа бас урып.
Сен күлгенде кеўлим күндей ашылып,
Таўлардың басында думан көринбес. 
Гөззал бардур гөззаллардан зыяда,
Гезермен олыңда пайыў пияда,
Сулыўларға толған бул кең дүньяда,
Бир өзиңнен басқа жанан көринбес. 
1990-жыл. 
 
ТАЛ БОЛЫПТЫ ТАЛЛАРЫ 
Саялайман десең, жапырағын жайып,
Сорасаң, шақасында шийрин паллары.
Суў бойында нарт шыбықлар улғайып,
Тал болыпты Кегейлиниң таллары. 


35 
Жаслық дәўран кеўил қумары менен,
Ҳәрким жарасықлы заманы менен,
Ырғалысып бәҳәр самалы менен,
Тал болыпты Кегейлиниң таллары. 
Тал шыбық па десем, беллери талма,
Жүзи уўылжыған бағдағы алма.
Сулыўлық деген де сонша болар ма?
Тал болыпты Кегейлиниң таллары. 
Балдызлар байрамы қызық оғада,
Бири усар гүлге, бири—Задаға.
Қәдди бойларынан жаным садаға,
Тал болыпты Кегейлиниң таллары. 
Шағлаң қызлар жаслық дәўран барында,
Самал ойнап шашларыңның талында.
Екеўимиз ушырасқан суў бойларында
Тал болыпты Кегейлиниң таллары.., 
1989-жыл. 

Download 0.84 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling