Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet109/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

АНА ЖҮРЕГИ 
(Рəўаят сөз) 
Жигит айтты: «не десең де көнемен,
Бас алып кетемен, сүймесең егер.
Босағаңа бас қойып-ақ өлемен,
Маған ҳаял болып тиймесең егер». 


239 
Мəккəр сулыў масайрады жол таслап,
Айтты: «онда бир шəртим бар - тилегим: 
Анық мени сүйген болсаң ыраслап,
Əкелип бер өз анаңның жүрегин» ... 
Жарымес жигит үйине тез барды да,
Бел байлады бежериўге тилекти:
Кемпириниң басына бир қойды да,
Геўдесинен жулып алды жүректи. 
Жығылды сүрнигип ол босағаға,
Жүрек түсти уўысынан улының.
Жерде жатқан жүрек айтты: «Абайла,
Аўырмады ма ҳеш жериң, қулыным!» 
Ноябрь, 1989-жыл. 
ЖƏНЕ БҮГИН АҚШАМ ТҮСИМЕ ЕНДИҢ ... 
Жəне бүгин ақшам түсиме ендиң,
Тағы барсақ керек Лицей бағына.
Гүлдей ажарланып кетипсең сен дым,
Ж
ОҚЛЫҒЫҢ 
есиме түспес тағы да. 
Ҳəр келгенде жүрер едик бул жерде
Тек ғана жас Пушкин музасы менен.
«Усы жерде жасағанда егерде,
Мен де шайыр болар едим», дедиң сен. 
Естен шыққан еди руўхый ашлығым,
Сениң дийдарыңа жутынған шағда.
Мениң үлкенлигим, сениң жаслығың
Билинбес еди бул тилсимли бағда. 
Əрманлар анталап, от болып күйдим,
Көп аңсаған едим ақ дийдарыңды.
Үп-үлкен қол менен аймалап-сүйдим,
Сениң кип-кишкене аякларыңды. 
А
ЙТТЫҢ
:
«Келемен», деп хатлар жазғансаң,
«Назлы шардəре
27
» де қанша күттим мен. 
Шашларың ағарып, жəне азғансаң»
Деп сыйпадың муздай қолларың менен. 
«Алтын сарайы» тур патша ҳаялдың,
Қулпырған ақ қайың, жасыл емени.
Сен сонда қолымнан жетелеп алдың,
«Күн жаўды, тез жүр», деп қыстадың мени. 
Ҳəм əйдик еменди бир айландың да,
27
«Назлы шардəре», «Гүзеси сынған кыз» - Патша аўылы, Пушкин 
лицейиндеги естелик орынлар (И.Ю.). 


240 
Көзден ғайып болдың. Узақ изледим.
Үнсиз тас сүўретлер турар алдымда.
Анадан адасқан баладай едим. 
Мен атыңды айтып, бақырдым жылап,
Бағда тек те жамғыр ҳүким сүреди,
«Гүзеси сынған қыз» көз жасын булап,
Ол да байғус жылап отырар еди ... 
* * * 
Тəғдир дəрьясы дер ағар мəўиж урып,
Бир де өрлеп, бир де сал болып ықтым.
Қызық-қызық пенен жағалап жүрип,
Айралық жағысына тағы да шықтым. 
Бул бир қарғыс атқан жағыс соныңдай,
Бунда дарға да жоқ, көпир сирə жоқ,
Яр-досы көп, бай болсаң да қаныңдай,
Бул суўдан өтиўге ҳасла шара жоқ. 
Ҳəўлиртер «ларс» еткен дегиш даўысы,
Бийнесип аўшыдай турман жағада.
«Жақты гезде жолыңды тап, жолаўшы»,
Дегендей қышқырар жалғыз шағала. 
1989-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling