Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
МАРАТ НУРМУХАМЕДОВТЫ ЕСКЕ ТҮСИРИЎ
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- ӨМИР, САҒАН АШЫҚПАН
МАРАТ НУРМУХАМЕДОВТЫ ЕСКЕ ТҮСИРИЎ
Жулдыз ағып кетсе ақшамғы ўақта, Бирден сен түсерсең ядыма мениң. Жасын түсти десе жасыл дараққа, Дəрҳəл сен түсерсең ядыма мениң. Измир шөллеринде ескен самаллар, Түрки тилде жоллап қайғылы хабар, Ийесин жоғалтқан бир ат жаныўар, Тынбай сигбир тартар ядымда мениң. Еки суңқар изли - изинен ҳаўада, Қанатлары сынып түсти қыяға 26 . 26 Академик М.Нурмухамедов 1989-жылы Измирде (Туркияда) автокатастрофада өлди. Ал, əкеси Көптилеў Нурмухамедов, 232 Тəғдир қастын тиккендей бир уяға, Hе қыяллар келмес ядыма мениң. Ҳийлекерлик жолын тутқанды көрсем, Алымсып тапсыған наданды көрсем, Жүйрик сағындырар шабанды көрсең, Сондайда түсерсең ядыма мениң. Дурыслықты бурмалап, паңсып назланып. Ақбайталлық етип жағымпазланып Сөйлеп турғанларды көрсем, қыйналып, Мудам сен түсерсең ядыма мениң. Мураплар билдигин ислеп сағада, Теңиз тасып кеткен ески жағада Ҳзир керек болып турсаң оғада, Дəрман айтардай - ақ дадыма мениң. Биреўлер аңбаса, биреўлер аңлар, Дүньяға көп келмес гөззал инсанлар, Əжел наймыт ол ҳəм жақсыны таңлар, Дийдарың мөр басқан ядыма мениң. Измир шөллеринде ескен самаллар, Түрки тилде жоллап қайғылы хабар, Ийесин жоғалтқан бир ат жəныўар, Тынбай сегбир тартар ядымда мениң... ӨМИР, САҒАН АШЫҚПАН Мириўбетли заўқы-сапалы өмир, Ай қасынан жулдыз үзгиздиң бизге, Базда шадлы, базда қапалы өмир, Муқыйтыңнан маржан сүзгиздиң бизге. Исим оңлап сен түсирдиң сəтине, Жел болып тиймедиң базда бетиме – Мың аўпарин сеииң мириўбетиңе, Дəўран жорғаларын сүргиздиң бизге. Сен қайда «шап!» десең, мен солай шаптым, Сазларыңнан қуршы қанды кулақтың, «Шайырлық» деген бир сырлы булақтың Шербет суўларынан ишкиздиң бизге. «Ҳəсед ҳəремине кирмеген бол» деп, «Ҳəргиз қыйсық жолдан жүрмеген бол» деп, «Қайда жүрсең, мудам ел менен бол» деп, Қулақларга бəрҳа қуйғыздың бизге. Қарақалпақстан ҳүкиметиниң басшысы, жаслай сталинлик репрессия қурбано болған еди. (И.Ю.). 233 Балалық болмады ойынга тойған, Залым урыс оның ноқатын қойған. Бийнесип қалғандай шəўкетли тойдан, Қатал ҳəмириңди жүргиздиң бизге. Бир күни тоқ болсақ, үш күн аш болдық, Бөз көйлек ишинде жалаңаш болдық. Урыстан соң еси енген жас болдық, «Есейсин» деп билим бергиздиң бизге. Мақтымқулы, Пушкин, Байрон қалды ма? Түнлерде оқысақ көзлер талды ма? Аппақ қағаз жайып мениң алдыма, Қосық қатарларын тергиздиң бизге. Аббаз, Садық нəзерине илгенде, Нəжим, Əмет, Жолмурзаға ергенде, Ғафур Ғулам, Сəбит Мухан келгенде, Жети журттан мийман киргиздиң бизге. Шыңғыс пенен Расулға ергизип, Қайсын, Мустай менен бирге жүргизип, Даналардың мəжилисине киргизип, Уллы нəсиятлар бергиздиң бизге. Дос-яранлар менен сынасып болдым, Шайырлық мүлкине мүнəсип қылдың. Саған өмиримше шын ашық болдым, Журттан арыў сайлап сүйгиздиң бизге. Базда ойшыл еттиң ойларға талған, Базда яр-дос болдың лебизи жалған. Ойнадың жездеңдей апаңды алған, Не əжеп ҳəдийслер көргиздиң бизге. «Арғымақтан ябы озып кеткенше, Түйениң қуйрығы жерге жеткенше, Барлық шайыр прозаға өткенше, С ОҢҒЫ демим - қосық», дегиздиң бизге. Қайтып өтер болсаң, тап солай, өмир, Жанымдай сүйемен сени бəри-бир. «Қайтадан жасайсаң» деселер ҳəзир, Алар едим толық негизиң бизге. Апрель, 1989-жыл Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling